КОНСТИТУЦИЯДА ПУҚАРА ӨЗИНЕ ТИЙИСЛИ МАҒЛЫЎМАТЛАРДЫ ҚОРҒАЎЫ БОЙЫНША КИРГИЗИЛГЕН НОРМАЛАР  

Пуқара өзине тийсли мағлыўматларды қорғаўы оның жеке ҳуқықларынан бири есапланады ҳәм бул ҳуқық мәмлекет тәрепинен тәмийнлениўы керек.

 

Усы мүнәсебет пенен жаңа редакциядағы Конституциямыздың 31-статьясында “Ҳәр ким өз шахсына тийисли мағлыўматлардың қорғалыўы ҳуқықына, соның менен бирге натуўры мағлыўматлардың дүзетилиўин, өзи ҳаққында нызамға қайшы келиўши жол менен топланған яки ҳуқықый тийкарларға ийе болмай қалған мағлыўматлардың жоқ қылыныўын талап етиў ҳуқуқына ийе”, деген қатаң норма белгиленген.

 

Шахсқа тийсли болған мағлыўматлар сыпатында инсанның туўрыдан-туўры өзине тийисли болған электрон яки қағазда келтирип өтилген мағмыўмат түсиниледи. Мысалы, шахстың фамилясы, аты, әкесиниң аты, туўылған жылы ҳәм жери, кәсиби, пуқаралығы, мағлыўматы, шаңарақ жағдайы, жумыс орны, жасаў мәнзили, шаңарақ ағзалары, саламатлығы, жәмийетлик орны, партыялылығы, әскери хызметке байланыслығы сияқлы мағлыўматлар солар қатарына киреди.

 

Инсан туўылғанынан баслап ол ҳаққындағы мағлыўматлар оның өмири даўамында қандайда бир жерде “из” қалдырады. Атап айтқанда, мәмлекет хызметлеринен пайдаланғанда, емлеўханада, ПХАЖ бөлимлеринде, бағшада, мектепте, банклерде ҳәм басқа шөлкемлерде, күнделикли пайдаланатуғын социаллық тармақлардың бетлеринде яки мағлыўматлар базасында шахстың фото, видео, аудио, жазба яки электрон түрдеги шахсқа тийисли мағлыўматлар бар.

 

Әсиресе, санластырыў шәраятында шахсқа тийисли мағлыўматларды қорғаўға болған зәрүрлик барған сайын артып бармақта. Себеби айрымлар өзгелерге тийисли жеке мағлыўматлардан ғәрезли мақсетлерде пайдаланыў ҳалатлары да әмелиятда көп ушрамақта.

 

Мәмлекет шахсқа тийисли мағлыўматлардың қорғалыўына кепиллик береди. Тийкарынан, мәмлекет шахстың өзиниң жеке өмирине араласыўдан қорғалыўын, шахсқа тийисли мағлыўматлардың  пүтинлигин ҳәм пүтин сақланыўын, сырлылығына әмел қылыныўын, нызамға қайшы түрде өзгертилиўиниң алды алыныўын тәмийнлеўи лазым.

 

Инсан қәдири даңқы көтерилип атырған Жаңа Өзбекстанда шахс пенен байланыслы болған мағлыўматларды қорғаў бойынша ҳақықый жаңа дәўир басланды. Атап айтқанда, 2019-жылда қабыл етилген «Шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққында»ғы Нызам буның тастыйығы. Оған көре, шахсқа тийисли мағлыўматлардан пайдаланыўға рухсат алған шахслар усы мағлыўмат ийесиның разылығысыз шахсқа тийисли мағлыўматларды үшинши шахсларға әшкара етпеўи ҳәм тарқатпаўы шәрт.

 

Соның менен бирге, Конституцияға пуқараның өзи ҳаққында нызамға қайшы жол менен топланған яки ҳуқуқый тийкарларға ийе болмаған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиў ҳуқуқын кепиллеўши жаңа қағыйда киргизилген.

 

Шахсқа тийисли мағлыўматларға ислеў бериўди әмелге асырыўшы мәмлекетлик орган, физикалық яки юридикалық шахстан шахс өзи ҳаққындағы мағлыўматлардағы түрли қәтеликлерди сапластырыў, сондай-ақ оның разылығысыз, нызамға қайшы түрде жыйналған ҳәмде ҳуқуқый тийкары бийкар болған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиўге ҳақылы. Егерде шөлкем бул талапты тәмийинлемесе, шахс бузылған ҳуқықларын тиклеў мақсетинде судқа мүрәжат етиўге ҳақылы.

 

Мысалы, өзине байланыслы болмаған мақалада сүўрети сәўлеленген шахс усы мақаланы тарқатқан физикалық ҳәм юридикалық шахс, сондай-ақ мәмлекет органынан өз сүўретин мақаланың қурамынан шығарып таслаўды (жоқ етиўди) талап етиўи мүмкин.

 

Сырт ел мәмлекетлеринде (Сингапур, Япония) “умытылыўға болған ҳуқық” (right to be forgotten) деген ат пенен қолланылыўшы усы ҳуқық шахстың өзи ҳаққындағы нызамға қайшы жол менен топланған яки ҳуқықый тийкарларға ийе болмаған мағлыўматларды хабар ресурсларынан, атап айтқанда Интернеттен жоқ етилиўин талап етиў ҳуқықын аңлатады.

 

Бул норма Гермения, Испания, Словения, Азербайжан, Армения, Қазақстан конституцияларында өз көринисин тапқан, сондай-ақ Европа аўқамының Мағлыўматларды қорғаў регламентинде (General Data Protection Regulation) де белгилеп қойылған.

 

Бундай норманың киргизилиўи инсанның жеке қолқатылмаслығын тәмийинлеўди Конституция дәрежесинде беккемлейди, және де ҳәр бир инсанға оның өзине ғана тийисли болған мағлыўматлардың сыр сақланыўы, оның разылығысыз берилиўи, алыныўы яки тарқатылыўының кепили болып хызмет етеди.

 

 

Агзам УСПАНОВ,

жынаят ислери бойына Шымбай районы суды баслығы