Миллий нызамшылығымыздағы жаңа өзгерислерге бағышланды
Пайтахтымыздағы Жаслар орайында “Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллилигин тексериў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы менен Жынаят-процессуал кодексине киргизилип атырған жаңа өзгерис ҳәм қосымшалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған семинар өткерилди.
Оған Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары ҳам суд хызметкерлери, прокуратура, ишки ислер министрлиги, бажыхана басқармасы, тегреўши ҳәм адвокатлар қатнасты. Семинарды Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов кирис сөзи менен ашып, өткерилип атырған илаждың әҳмийетине тоқтап өтти.
Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының орынбасары И.Муслимов шығып сөйлеп, усы жылдың 27-сентябрь күни Президентимиз тәрепинен имзаланған Өзбекстан Республикасының 869-санлы нызамы менен Жынаят-процессуал кодексине жаңа өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенлигин айтып, тийкарғы өзгерислерге айрықша тоқтап өтти. Олардың бири бул апелляция шағым арзасын бериў мүддети 20 суткадан, 10 суткаға қысқартылмақта. Және бир әҳмийетли өзгерислердиң бири, жынаят ислери бойынша район (қала) судлары, Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларында биринши инстанцияда көрилген ҳәм апелляция инстанциясында көрилмеген ислер бойынша берилген шағым (протест)лер Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары тәрепинен кассация инстанциясында көрип шығылады.
Жынаят-процессуал кодексине апелляция ҳәм кассация инстанциясынан кейинги жоқары инстанция сыпатында тексериў тәртибинде ис жүритиў түсиниги киритилмекте. Әмелде болған нызамшылықта бундай түсиник жоқ еди. Ендигиден былай, апелляция ҳәм кассация инстанциясында шығарылған суд ҳүкими ямаса уйғарыўынан нарийза болған шахслар тексериў тәртибинде шағым (протест) бериўге ҳақылы болады.
Бул нызам 2024-жылдың 1-январынан баслап күшке киретуғынлығын есапқа алатуғын болсақ, Республикамызда бул нызамның мазмуны ҳәм әҳмийетин текғана суд-ҳуқық тарааўы хызметкерлери арасында емес, ал кең жәмийетшилик, соның ишинде жынаят иси бойынша айыпланыўшы ҳәм судланыўшылар арасында да кең түрде түсиндириў лазымлығы семинарда айрықша атап өтилди.
Семинарда усы ҳәм басқада нызамшылықтағы жаңалықлар бойынша жыйналғанларға кең түрде мағлыўмат берди, қызықтырған сораўлары бойынша өз-ара пикир алысты.