Басым ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў тараўындағы нызамшылық

Бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, нызамшылық тараўындағы жүз берип атырған өзгерислер, дүньяның ең уллы қәдирияты болған инсан, оның жәмийетте мүнәсип өмир сүриўи, ҳуқық ҳәм мәплериниң тәмийнлениўи, олардың ҳеш қандай тосқынлықларсыз әмелге асырылыўын, ҳәр қандай реформа инсан ҳәм оның мәпи ушын хызмет етиўин нәзерде тутқан ҳалда ислеп шығылады.

Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында» ғы Нызамы 2019 жыл 2 сентябрь күни қабыл етилген болып, нызамның баслы мақсети – ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыў болып табылады. Ҳаял-қызларға  қарата жүз беретуғын басым ҳәм зорлық бул – физикалық, жынысый, экономикалық, социаллық ҳәм руўхый  басым өткериў, зорлық көрсетиў менен байланыслы болған ҳәрекет яки ҳәрекетсизликте өз көринисин табады. Ҳәр қандай түрдеги басым яки зорлыққә ушыраған жәбирлениўши  бундай өз еркине қарсы ҳәр қандай қол қатыўлардан тийисли ўәкилликли уйымларға, шөлкемлерге ямаса тиккелей судқа шағым етиўи, бийпул телефон линиясы арқалы бийпул ҳуқықый мәсләҳәт, социал-экономикалық, психологиялық ҳәм медициналық жәрдем алыўы, өзине  жеткизилген материаллық ҳәм руўхый зыян ушын компенсация  талап етиў ҳуқықына ийе.

Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў тараўында гендер сыясаты, мәмлекет дәстүр ҳәм стратегияларын ислеп шығыў, жәмийетте ҳаял-қызларға қарата жүз бериўи мүмкин болған бундай унамсыз  ҳалатларға  келисимсиз қатнаста болыў,  ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты еле де жетилистириў,  зорлық жағдайының жүзеге келиўи  себеплерин ҳәм  шәрт-шәраятларын анықлаў, алдын алыў иләжларын көриў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтларының бирге ислесиўин тәмийнлеў мәмлекет сыясатының тийкарғы бағдарлары етип алынған.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, ишки ислер органлары, мийнет ҳәм бәнтликке көмеклесиў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў мекемелери мине усындай ўәкилликлерге ийе болып, өз нәўбетинде искерлигинде ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаўда бирге ислесиўди жолға қояды.  Басым ҳәм зорлықтан жәбирленгенлер, соның менен бирге бундай басым ҳәм зорлық  көрсетиўге бейим болған шахслар  ҳаққында тийисли ўәкилликли уйымлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик статистика комитетиниң бирден-бир электрон мағлыўматлар базасына мағлыўматлар киритип барылады.

Ҳаял-қызларға қарата басым ҳәм зорлық көрсетиўдиң алдын алыў бойынша жеке тәртиптеги иләжлар  көриў – басым өткерилген, зорлыққа ушыраған жәбирлениўшиниң мүрәжаты,  физикалық ҳәм юридикалық шахслар мүрәжатлары, сондай-ақ, нызамда нәзерде тутылған жағдайларда  профилактика сәўбетин өткизиў, қорғаў ордерин бериў, жәбирлениўшиге жәрдем көрсетиў бойынша арнаўлы орайларға орналастырыў, зорлық минез-ҳулқын өзгертиў бойынша дүзетиў дәстүрлерин өтиўде сәўлеленеди. Профилактика сәўбети ғайры социаллық минез-ҳулқтың жәмийетлик ҳәм ҳуқықый ақыбетлерин түсиндириў, жуўапкершилик ҳаққында ескертиў мақсетинде өткериледи. Қорғаў ордери жәбирлениўшиге зорлық  факти яки ол жүз бериў қәўипи анықланғанда, ал зорлық ислеген шахсларға қорғаў ордери нусқасы ишки ислер органы лаўазымлы шахсы қорғаў ордери шәртлери ҳәмде оны орынламаў ақыбетлеринен хабардар етип бериледи.  Қорғаў ордери  ишки ислер уйымлары тәрепинен 24 сааттан 30 күнге шекем бериледи ҳәм ордер рәсмийлестирилген күннен баслап күшке киреди. Он сегиз жасқа толмаған, басым ҳәм зорлықтан жәбирленгенлер қорғаў ордерин алыў ҳаққында арза менен мүрәжат етиўге ҳақылы. Қорғаў ордеринде шеклеўлерде нәзерде тутылады, яғный, басым өткизиўди, зорлық көрсетиўди қадаған етиў,  жәбирлениўши менен мүнәсибетин шеклеў, зорлыққа ушыраған жәбирлениўшини даўалаў, мәсләҳәт бериў, жәрдем көрсетиў бойынша арнаўлы орайға жайғастырыў ушын қарежетлер, материаллық ҳәм руўхый зыян ушын компенсация  төлеў миннетин зорлық көрсеткен шахсқа жүклеў мүмкин.

Соның менен бирге, басым өткизиў, зорлық көрсетиў жағдайларының алдын алыў ҳәм жәбирлениўшиниң қәўипсизлиги тәмийнлеў мақсетинде, зорлыққа бейим шахстың минез-ҳулқын өзгертиўде оған руўхый ҳәм социаллық жәрдем көрсетиўге қаратылған иләжлар әмелге асырылады.

Жуўмақлап айтқанда,  ҳаял-қызлардың жәмийеттеги, шаңарақтағы орны ҳәм ролин асырыў, оларды ҳәр қандай басым ҳәм зорлық мүнәсибетлерден қорғаў,  саламат турмыс тәрзин қәлиплестириў ушын әмелге асырылып атырылған ислер буның айқын көриниси бола алады.

 

 

Каипназарова Саодат Алимбетовна,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы