Қарақалпақстан Республикасы судында тараў хызметкерлери ушын нәўбеттеги руўхыйлық сааты өткерилди
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы судында судья ҳәм суд хызметкерлери, сондай-ақ, Өзбекстан Судьялары Ассоциациясының филиал баслықлары, суд нуранийлериниң қатнасыўында нәўбеттеги руўхыйлық сааты өткерилди. Өзбекстан Судьялар Ассоциациясының баслығы У.Минбоев усы жылдың 14-июль сәнесинде Мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёев Президентлик лаўазымына кирисиў салтанатлы мәресимине бағышланған Олий Мажлис палаталарының қоспа мәжилисинде баянат жасап, «Халқымыздың жоқары исенимин ақлаў, ерискен жетискенликлеримизди жаңа, еледе үлкен нәтийжелер менен беккемлеў-баслы мақсетимиз» деп билдирген пикирлеринен тәсирленип және руўхланып, суд органлары системасынад әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың бүгинги көриниси қандай қәлиплескени ҳәм өзгерислер қашаннан басланғаны ҳаққында «Реформалардың руўхы ҳәм даңқы жамийетимиздиң жаңа келбети ушын тийкар болмақта» деген мақала жазып, ол Жаңа Өзбекстан газетасының 2023-жыл 18-июль күнги №141-санында жәрияланған еди. Руўхыйлық саатының да тийкарғы баслы темасы мине усы мақаланың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине бағышланды.
Бул мақаланың мазмуны ҳәм әҳмийети бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясының судьясы Н.Абдакимов баянат жасады. Баянатшы тәрепинен атап өтилгениндей, мақалада елимизде мәжбүрий мийнетке шек қойылып, усы мәжбүрий мийнет ақыбетинде пахта териминде бир қанша майып балалардың туўылғанлығы, бул ҳалат ғәрезсизликтен кейин ҳәм жақынға шекем даўам етип келгенлиги ҳаққында да айтып ѳтилип, турмыста болып атырған реформалардың мазмун-мәнисин терең аңлап, қәдирине жетиўимиз кереклиги ҳаққында айтылған.
Бул мақаланың және бир әҳмийетли тәрепи, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң судьялар менен ушырасыўынан соң кѳплеген ѳзгерислердиң жүз бергенлиги, атап айтқанда судьялардың материаллық тәмийнатынан баслап, шаңарағындағы тынышлығы, жеке қәўипсизлигине де итибар қаратылғанлығы, судья ҳәм суд хызметкерлериниң материаллық тәмийнатының жақсыланғанлығы, Судьялар жоқарғы кеңесиниң шѳлкемлестирилгенлиги, 6,5 жыл даўамында 4.874 шахсқа ақлаў ҳүкими шығарылып, 22.923 шахс суд залынан азат етилгенлиги, ҳәкимшилик судларының шѳлкемлестирилгенлиги нәтийжесинде пуқаралар мәплерине зыян жеткериўши нызамсыз ҳүжжетлердиң бийкар етилгенлиги, 20202 жылда Ѳзбекстан БМШниң инсан ҳуқықлары кеңесине ағза болғанлығы ҳәм елимиздиң диний еркинлик бойынша «Айрықша гүзетиўдеги мәмлекетлер дизими»нен шығарылғанлығы, 2017-2021 жылларда тиккелей Президентимиз пәрманы менен 5,5 мыңға жақын судланғанларға кешириў актиниң қолланғанлығы ҳаққында айтып ѳтилген.
Соны да айтып ѳтиўимиз лазым, мақалада усы жылдың 30 апрель күни улыўма халықлық референдум тийкарында қабыл етилген жаңа редакциядағы Конституция бир қанша нормалар менен толтырылып, инсан-ҳуқық еркинликлери қорғалғанлығы, мәселен, 28-статьясында егер шахстың өзиниң айыбын мойынлағанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыпкер деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емеслиги, гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеўи шәрт емес ҳәм қәлеген ўақытта үнсизлик сақлаў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкинлигиниң белгиленгенлиги, сондай-ақ, ҳәмледар ямаса баласы барлығы себепли ҳаялларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың ис ҳақысын кемейтиў қадаған етилгенлиги ҳаққында атап ѳтилген.
Жуўмақластырып айтқанда Ѳзбекстан Республикасына мийнет сиңген юрист Убайдулла Қурбонович Мингбоевтың бул мақаласы елимиздеги барлық судья ҳәм суд хызметкерлеринде, қала берсе халқымыздың кеўилинде терең ҳәм тәсирли ой қалдырады десек асыра айтқан болмаймыз.