Оқыў семинарда баслы итибар исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў мәселелерине қаратылды

Президентимиздиң 2023-жыл 23-январь күни қабыл етилген “Саўда-санаат палатасы жумысларын жәнеде жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарарында исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленип, Саўда-санаат палатасы қайта шөлкемлестирилди.

Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен  усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде оқыў семинары шөлкемлестирилди. Оған Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов, Республикадағы коммерциялық банклердиң баслықлары, судьялар ҳәм  банк юристлери қатнасты. Оқыў семинарда баслы итибар исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў мәселелерине қаратылды. Атап айтқанда, Сааўда-санаат палатасы тәрепинен палата ағзалары болған коммерциялық банклер мәпинде киритилип атырған даўа арзалардың судлар тәрепинен көрип шығылыўы басқышында Өзбекстан Республикасының “Медиация ҳаққында”ғы нызамы талапларынан келип шыққан ҳалда медиация ҳуқықый технологиясының қолланылыўы ҳәм бул институтты раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

 

Сондай-ақ, пуқаралық ислери бойынша судларда суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзалар тийкарында ислерди көрип шығыўдың әҳмийети сөз етилди. Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Керимбаев баянат жасады.

Ол өз баянатында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судларында соңғы жылларда кредит шәртнамасы менен байланыслы ислердиң саны жылдан-жылға артып баратырғанлығына итибар қаратты. Атап айтқанда, 2020-жылда мәмлекетимизде карантин жәрияланыўына қарамастан усы категориядағы 1,751 ис көрип тамамланған болса, бул көрсеткиш 2021-жылда 9,812 исти, 2022-жылда 9,720 ис ҳәм 558 суд буйрығын, жәми 10,278 арзаны қураған, яғный 2021-жылда 2020-жылға салыстырғанда 5,6 есеге көбейген болса, 2022-жылда 2021-жылға салыстырғанда 4,7 пайызға көбейген. 2023-жылдың биринши шерегинде босла 1,247 ис ҳәм 1,742 суд буйрығы, жәми 2.989 (2022-жылдың биринши шерегинде 3,254 ис) арза көрип шығылған болып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 8,8 пайызға кемейген. Бул жәми судларда көрилген ислердиң 24,5 пайызын, ал суд буйрығының 29,0 пайызын қурайды. Судларда көрилген кредит шәртнамасы бойынша даўлардың көбейиў ҳалаты анализ етилгенде оның бир неше себеплери бар екенлиги анықланды. Ең тийкарғы себеплерден бири – бул мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың нәтийжеси болып, буны унамлы көз қараста баҳалаўымыз керек. Себеби, ҳәзирги ўақытта банклер тәрепинен алдыңғы жылларға қарағанда көп муғдарда ҳәмде ҳәр түрли жеңилликлерди берген ҳалда кредит қаржылары ажыратылмақта. Сондай-ақ, кредит шәртнамасының рәсмийлестирилиўи ҳәм кредит қаржыларының қарыз алыўшыларға жетип барыў процесси де алдынғы жылларға қарағанда узақ ўақытты талап қылмайды. Әлбетте, қанша көп кредит ажыратылғаннан кейин оның қайтарылыўы мәселесинде де сонша мәселе келип шығады. Себеби, ҳәмме кредит алыўшылардың кредитти қайтарыў имканиятлары туўры келмейди яки кредит шәртнамасы дүзилген ўақыттың өзинде оның барлық шәртлери ҳаққында қарыздарда, соның менен бирге кредит бериўши банк ўәкиллеринде толық мағлыўмат болмайды.

Коммерциялық банклер ҳәм микроқаржы шөлкемлери тәрепинен кредит (күнделикли үй, хожалық-техникаға байланыслы питимлер ҳәм сол сыяқлы басқа) қарыздарлығын өндириў бойынша арзаларды суд буйрығы тәртибинде емес, даўа тәртибинде киритиў ҳалатлары көп ушыраспақта. Бундай талаплар бойынша пуқаралық ислериниң көрип шығылыўы судья ҳәм суд хызметкерлериниң ўақтын алыўы, қалаберсе истиң көрилиўиниң созылыўына ҳәм инсан ресурсы мийнетиниң надурыс жумсалыўына алып келеди.

 

Сонлықтан барлық банк ўәкиллеринен мүддети өткен кредит қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы талаплар бойынша даўа тәртибинде емес, суд буйрығын шығарыў ҳақкындағы арза менен судларға мүрәжат етиўи орынлы.

 

Буннан тысқары, бүгинги күнде судқа даўа берилгеннен кейин даўагерлер тәрепинен арзаны көрместен қалдырыў ҳақкындағы арза менен мүрәжат етиўи ҳалаты көплеп ушыраспақта.

Бул жағдайда өз гезегинде, мәмлекет бюджетине өндирилиўи лазым болған қаржылары өндирилместен қалмақта.

 

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексиниң 138-статьясы, 3-бөлимине муўапық, даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат еткенинен соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылғанда суд қәрежетлери жуўапкерге жүклетиледи.

Сондай-ақ, усы Кодекстиң 142-статьясына муўапық, суд қәрежетлери менен байланыслы мәселелер бойынша сууд уйғарыўы үстинен жеке шағым (протест) берилиўи мүмкин.

Буннан былай, кредит қарыздарлығын өндириў менен байланыслы ислер көрместен қалдырылғанда мәмлекетлик бажы мәселеси додаланады. Көрместен қалдырыў ықтыярый төлегенлиги себепли болса мәмлектелик бажы жуўапкерден өндириледи. Егерде арзада көрместен қалдырыўдың себеби көрсетилмеген болса даўагерден яғный кредит бериўшиден өндирилиўи керек.

Оқыў семинар барысында Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақтан Республикасы басқармасы жанындағы Төрешилик судлары тәрепинен төрешилик ислериниң көрип шығылыўы, исбилерменлик субъектлери ушын оның абзаллық тәреплери ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Илаж қатнасыўшылардың баянатлар тийкарында сораў-жуўаплары менен қызғын даўам етти.