Үй-жай даўлары менен байланыслы пуқаралық ислердиң судларда көрилиў тәртиби

Судларда турақ-жай даўлары менен байланыслы пуқаралық ислер  Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодекси ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Үй-жай даўлары бойынша суд әмелияты ҳаққында»ғы  2001 жыл 14 сентябрдеги 22-санлы қарарында белгиленген нормаларға тийкар көрип шығылады.

Атап өтетуғын әҳмийетли жағдайлардың бири, бул Пленум қарары жоқарыда атап өтилген Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодекси нормаларын суд әмелиятында қолланыў, турақ-жай менен байланыслы тартысларды дурыс ҳәм әдил шешиў ҳәмде келип шығып атырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде түсиниклер бериў зәрүрлиги пайда болғанлығы итибарға алынып қабыл етилген болып, турақ-жай нызамшылығы нормаларына әмел қылыў пуқаралар, сондай-ақ турақ-жай фондын есапқа алыў, сақлаў, пайдаланыў ҳәм оңлаўды тәмийинлеў ўәкиллиги жүклетилген мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң  турақ-жайға болған ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўдың әҳмийетли шәртлеринен бири есапланатуғынлығы, соның ушын судлар бундай категориядағы ислерди шешиўде жуўапкершиликти және де асырыўы, даўлардың нызамлы көрилиўин толық тәмийинлеўи лазымлығы белгиленген.

Судлар турақ-жай қатнасықларынан келип шыққан тартыслар бойынша даўа арзаларды қабыл етиў мәселесин шешиўде, ең алды менен усы даўа талабының судқа тийислилиги ҳәмде даўа ўәкилликли шахс тәрепинен қозғатылғанлығын тексериўи ҳәмде турақ-жайлардың жеке яки мәмлекетлик турақ-жай фондына тийисли екенлиги ҳаққында ҳуқықый статусын анықлаўлары лазым. Атап айтқанда, судлар төмендеги турақ-жай даўларын шешиў ўәкиллигине ийе:

– жеке ҳәм мәмлекетлик турақ-жай фондларына қараслы турақ жайларды ижәраға бериўши ҳәм де ижәраға алыўшылар, олардың шаңарақ ағзалары ортасындағы турақ-жай қатнасықлары бойынша жүзеге келген даўалар;

– турақ-жай қурыў яки үй-жай кооперативи менен пуқаралар ортасындағы  турақ-жай қатнасықларынан келип шығатуғын даўалар;

– мәмлекетлик турақ-жай фондының турақ жайға берилген ҳүжжетти (ордерди) ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы даўалар;

– ижәра шәртнамасын өзгертиў ҳәм бийкар қылыў ҳакқындағы даўалар;

– Үй-жай кодексиниң 71-74, 79, 85-статьяларында көрсетилген тийкарлар бойынша турақ жайдан шығарыў менен байланыслы даўалар;

– пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелери тийкарында жүзеге келетуғын турақ-жай менен байланыслы даўалар;

– жер участкалары мәмлекетлик яки жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойылыўы мүнәсебети менен жүзеге келетуғын даўалар.

Жеке мүлкинде жайы, квартирасы болған пуқаралар ер жеткен шаңарақ ағзаларының келисими менен басқа пуқараларды турақ жайға көширип киргизиўге, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға белгиленген тәртипте ижәраға бериўге ҳақлы.

Мүлкдар, оның шаңарақ ағзалары, ижәрашы ҳәм оның шаңарақ ағзалары ортасында турақ-жай мәселесинде келип шыққан тартыслар (жайға киргизиў, турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў, жайдан көширип шығарыў) суд тәртибинде шешиледи ҳәм бул категориядағы ислерди көриўде даўлы жайда жасаўшы ер жеткен барлық шахслар тийислилигинше иске қатнастырлыўы лазым.

Жайға жасаў ушын киргизиў ҳәмде турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў ҳаққындағы тартысларды шешиўде суд турақ жайға даўа қылыўшы шахс Үй-жай кодексиниң 32-статьясы 2 ҳәм 3-бөлимлеринде көрсетилген шахслар, яғный мүлкдардың шаңарақ ағзалары, сондай-ақ ол менен турақлы жасап атырған шахслар қатарына кириўи яки басқа тийкар бойынша жайда жасаўға болған ҳуқықый ҳалатларды, кандай себеплерге көре жасамай атырғанлығы ҳәм даўаны дурыс шешиў ушын әҳмийетке ийе болған басқа жағдайларды анықлаўы лазым. Мүлкдарға қарата турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыўға жол қойылмайды.

Суд әмелиятынан алып қарайтуғын болсақ, бүгинги күнде көп ушырасатуғын даўлардың бири бул – жайға киргизиў, турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў ҳаққындағы категориядағы ислер болып, онда бурынғы қайыната ҳәм қайыненелер тәрепинен үйинен шығып кеткен бурынғы келинлерине қарата турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў ҳәм келинлердиң ата-енелерине қарата жайға киргизиў ҳәм турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын белгилеў ҳаққындағы даўалар болып табылады.

Атап өтиў лазым, Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодексиниң     52-статьясына көре, муниципал, ведомстволық үй-жай фонды ҳәм анық мақсетли коммунал үй-жай фондының үйлериндеги турақ-жайды ижәраға  алыўшы, оның шаңарақ ағзалары яки ижәраға алыўшы менен турақлы жасап атырған пуқаралар ўақтынша болмағанында, турақ-жай алты ай мүддет даўамында олардың есабында сақланып турады.

Ал, усы Кодекстиң 54-статьясына көре, пуқаралардың белгиленген мүддеттен артық болмағанлары ақыбетинде муниципал, ведомстволық үй-жай фонды ҳәм анық мақсетли коммунал үй-жай фондының үйлериндеги турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў ижәраға бериўшиниң яки усы турақ-жайда жасап қалған басқа турақлы пайдаланыўшыларлың даўа арзасына көре суд тәртибинде әмелге асырылады.

Судлар тәрепинен бундай тартыслар бойынша дурыс ҳәм әдил шешим қабыл етиў мақсетинде жоқарыда атап өткенимдей даўа қылып атырған шахс Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодексиниң 32-статьясы 2 ҳәм 3-бөлимлеринде көрсетилген шахслар қатарына киретуғынлығы яки басқа тийкар бойынша жайда жасаўға болған ҳуқықый ҳәм кандай себеплерге көре жасамай атырғанлығы ҳалатлары анықланады.

Буннан басқада суд әмелиятында ерли-зайыплылардың биргеликте жасаған дәўиринде алынған турақ-жайларды бөлиў, мийрас мүлк болған турақ-жайларды бөлиў ҳаққындағы ислер көп ушырасады.

Бундай категориядағы ислерде жоқарыда атап өтилген нызам талапларына тийкар көриледи.

Нотариал тәртипте дүзилген турақ-жайдың алды-сатты шәртнамасында сатыўшы ҳәм оның шаңарақ ағзаларының турақ жай дизиминен шығып кетиў мүддети көрсетилген болса, усы мүддет тамамланған күннен, мүддет көрсетилмеген болса шәртнама дүзилген күннен баслап олар турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп есапланады.

Үлесли яки улыўмалық мүлкте болған турақ-жайларды бөлиўде даўлы жайда болған ханалар ҳәм пайдаланыўда болған улыўма майданды есапқа алып, үлес бойынша тең яки үлестен онша көп, онша кем болмаған ҳалда бөлиўди, ямаса айрым ханаларды кайта қурыў есабынан үй-жайды бөлиў имканияты барлығы ҳаққында ис бойынша тайынланған экспертиза жуўмағы инабатқа алыныўы зәрур. Суд ис бойынша қабыл етилген бийликте бундай мүлктеги уй-жайларды бөлиўде тәреплерге ажыратылған барлық хана ҳәмде қосымша ҳәм жәрдемши имаратларды анық көрсетиўи лазым.

Үлесли мулк сыпатында болған турақ-жайлар мүлкдарларға олардың үлесин натура ҳалда ажыратып бериў орнына басқа мүлкдар тәрепинен компенсация төлениўине мүлкдарлардың разылығы менен жол қойылады. Мүлкдарлардың үлеси усы турақ-жайға қарата басқа мүлкдардың үлесинен анағурлым кем болса, үлести тең бөлиўдиң имканияты болмаса, мүлкдар даўлы жайда жасамай атырған болса, ол басқа үй-жай менен тәмийинленген болса, мүлктен пайдаланыўдан айтарлықтай мәпке ийе болмаған жағдайларда суд усы мүлкдар разылық бермеген тәғдирде ҳәм үлесли мүлктиң қалған қатнасыўшылары мойнына сол мүлкдарға компенсация төлеў миннетлемесин жүклеўи мүмкин.

Турақ-жайды улыўмалық ийелик қатнасыўшылары ортасында олардың үлеси бойынша бөлиўде бөлек жасаў ханасынан тысқары жәрдемши  ханаларды, бөлек кирип-шығыў жоллары барлығын яки оларды қайта ислеў жолы менен бөлиўге имканият болған тәғдирде ғана даўа қанаатландырылыўы лазым. Бундай имканият болмаған тәғдирде, суд талапкердиң илтимасына көре, тәреплерге турақ жайдан пайдаланыў тәртибин белгилеп бериўи яки усы турақ жайды тәреплер тийисли тәртипте алмастырыў ямаса екинши тәрепке үлесине тең басқа турақ жай алып бериў ҳуқықына ийе екенлигин түсиндириўи мүмкин.

Үй-жай кодесиниң 107-статьясы талабына муўапык турақ-жайдың мүлкдары ҳәм оның ер жеткен шаңарақ ағзалары, ижәраға алыўшы ҳәм оның ер жеткен шаңарақ ағзалары, ҳәмде ол менен турақлы жасап атырған пуқаралар, үй-жай қурыў яки үй-жай кооперативи ағзасы ҳәм пай корының бѳлегине ҳуқықы болған оның шаңарақ ағзалары ортасында турақ жайды алмастырыў ҳаққында келисимге ерисилмеген болса, олардан ҳәр бири ийелеп турған жайын түрли үйлер, квартиралардағы турак жайларға алмастырыўды суд тәртибинде талап қылыўға ҳақылы. Турақ жайларды алмастырыў ҳақыйқый емес деп табылғанда, тәреплерге илгери ийелеп келген турақ жайларына көшип өтиў миннетлемесин жүклеўи зәрур. Турақ жайларды алмастырыўды ҳакыйқый емес деп табыў ҳаққындағы талап алмастырыў әмелге асырылған күннен баслап алты ай ишинде қойылыўы мүмкин.

Мәмлекетлик үй-жай фондына тийисли турақ жай ушын коммунал хызмет ҳақыларын өндириў ҳаққындағы даўалар бойынша иске тек ижәраға алыўшы жуўапкер сыпатында қатнастырылады.  Жеке үй-жай фондына тийисли турақ жайларға көрсетилген хызмет қарежетлери жүзесинен келип шыққан тартыслар бойынша болса, усы турақ жайдың барлық ер жеткен мүлкдарлары иске жуўапкер сыпатында қатнастырылыўы, бул түрдеги даўалар қанаатландырылған тәғдирде, төлем олардан солидар тәртипте өндирилиўи мүмкин.

 

Зульфия Бабаджанова,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы