Жаңа Өзбекстанда-жаңаша суд ситемасы  

Суд ҳәм нызам үстинлиги, әдилликтиң орнаўы. Соңғы жыллары әсиресе, кейинги 5 жылдың ишинде мәмлекетимиз суд системасында мисли көрилмеген өзгерислер жүз берди. Жаңа реформалар әмелге асырылып, тараўдың структуралық дүзилиси өзгерип, бир қатар жаңалықлар енгизилди.

Соны айрықша атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы тәрепинен тастыйықланған «Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын еледе жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан аўлақ аймаққа айландырыў» бойынша арнаўлы Жол картасы ҳақыйқатында да тараўда жаңа раўажланыў басқышын баслап берди.

Итибарлысы, бул тек бизиң Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласында тәжирийбе сыпатында енгизилген болса да, мине өткен бир жылға шамалас ўақыт ишинде Жол карта тийкарында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар жыл басынан берли нәтийжели орынланып келинбекте.

Әҳмийетли тәрепи сонда, Жол картада тек судлардың емес, ал республикадағы барлық суд-ҳуқық тараўына байланыслы тараўлар, ишки ислер, прокуратура уйымларының да бул бағдардағы анық мақсет ҳәм ўазыйпалары белгиленген болып, бул системада ҳәр бир органның өз-ара тығыз байланыста бирге ислесиўин тәмийинлеўди гөзлейди.

Жол карта тийкарынан 12 бөлим 70 бәнттен ибарат. Оның ҳәр бир бөлим ҳәм бәнтинде Қарақалпақстанда әдил судлаўды тәмийинлеў, коррупциясыз жәмийет курыў жолындағы ислерди жеделлестириў ҳәм ең баслысы бул процессте суд-ҳуқық системасын коррупциясыз тараўға айландырыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, судларды жазалаўшы уйымнан-әдиллик қорғанына айландырыўға қаратылған анық ўазыйпа ҳәм бағдарлар белгиленген. Мине усы ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша арнаўлы комиссия қурамы тастыйықланды.

Сондай-ақ, суд ҳәм тергеў органларын коррупциядан аўлақ системаға айландырыў, олардың искерлигиниң ашық-айдынлығын асырыў, судьялар арасында гендер теңликти тәмийинлеў, судлар искерлигине заманагөй мәлимлеме коммуникация технологияларын енгизиў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, әдил судлаўды әмелге асырыўда тергеўдиң сапасын еледе жақсылаўдың әҳмийетли жөнелислерин әмелге асырыў, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жәнеде жетилистириў, судлар ҳәм тергеў органлары хызметкерлериниң қәнигелиги, әмелий көнликпелери ҳәм мәнаўиятын жетилистириў бойынша исши топарлар дүзилип, олардың да анық ўазыйпалары тастыйықланып, орынланыўы тәмийинленбекте. Себеби, Жол картада белгиленген ҳәр бағдардың орынланыўы тиккелей Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен қадағалап барылады.

Жол картадағы ўазыйпалардың өз ўақтында анық ҳәм сапалы орынланыўын тамийинлеў мақсетинде пуқаралық жәмийети институтлары, ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирге ислесиў бойынша келисим Меморандумлар тастыйықланды.

Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы судлары тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, прокуратура, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Әдиллик министрлиги, “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми, Өзбекстан Жаслар ислери Агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, сондай-ақ, Қарақалпақстанда ҳәрекет етип турған 4 жергиликли мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес телевидениелер менен өз-ара бирге ислесиў бойынша Меморандумлар дүзилип, ҳәзирги ўақытта бирге ислесиў жумыслары алып барылмақта.

Жол картаның биринши бөлими жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўдың нәтийжели усылларын қорғаў деп аталып, онда суд-тергеў әмелиятын еледе жетилистириў, жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыў, бул бойынша арнаўлы оқыў курслары ҳәм семинарларды шөлкемлестириў, нызам нормаларын әмелиятта қолланыўды кең түрде үгит-нәсиятлаў, илгери судланған шахслар, олардың шаңарақ ағзалары, жәмлеспеген жаслар менен сәўбетлесиў, исбилерменлик субъектлерине қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириў, судларда көрилип атырған даўлы мәселелер ҳәм қабыл етилген суд ҳүжжетлерин жеткериў, суд-тергеў әмелияты бойынша мағлыўмат бериў, ерте неке ҳәм ерте туўыўшылықтың алдын алыў, ажырасыўларды кемейтиўге ерисиў сыяқлы бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпалары белгиленген. Итибарлысы, ҳәр бир бағдарды дурыс ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў механизмлери менен бирге оған жуўапкер органлардың да анық етип белгилениўи истиң нәтийжелилигин артырыўға хызмет етпекте.

Анық мысалларға өтетуғын болсақ, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардыӊ алдын алыўға қаратылған иләжлардыӊ нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде суд-тергеў тараўында жумыс алып барып атырған хызметкерлердиӊ билим ҳәм көнликпелерин еледе беккемлеў, әмелиятта жүзеге келип атырған машқалалы мәселелерди анықлаў ҳәм олардыӊ шешимине бағдарланған оқыў семинарлары, қысқа мүддетли оқыў курслары турақлы шөлкемлестирилип атыр.

Жыл басынан берли Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниӊ тергеў органлары хызметкерлери менен биргеликте 5 мәртебе арнаўлы семинарлар өткерилген болса, 3 мәртебе аралықтан яғный «онлайн» қысқа мүддетли оқыў курслары шөлкемлестирилди. Онда сорастырыўшы ҳәм тергеўшилерге нызамларды дурыс қолланыў, бирден бир тергеў ҳәм суд әмелиятын қәлиплестириў, судлар тәрепинен жынаятлы ислерди мазмуны жағынан көрип шығылыўында тергеў уйымлары тәрепинен Жынаят-процессуал кодексине киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға қатаӊ әмел етиў сыяқлы мәселелер кеӊ түрде түсиндирип өтилди. Бул бағдарда арнаўлы реже де тастыйықланып, усы тийкарда бирге ислесиў жумыслары алып барылмақта.

Буннан тысқары жас тергеўшилердиң судларда әмелият өтеў жумыслары басланып, бүгинги күнде әмелиятты өтеў тәртиби ислеп шығылды ҳәм усы жылдың август айынан баслап тийисли режеге тийкар Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша район (қала) судларында тергеўшилер әмелият өтеп келмекте. Бундай әмелияттың жолға қойылыўы суд-тергеў сапасын жақсылаў менен бирге, белгили бир жынаятлы ис бойынша анық ҳәм әдил шешим қабыллаўға да унамлы тәсир етеди.

Судлар ҳәм тергеў органлары жумысларының ашықлығын, жәриялылығын тәмийинлеў бойынша орынларда турақлы түрде профилактика инспекторлары менен биргеликте жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Өткен есабат дәўиринде 1 426 мәртебе дөгерек сәўбетлери, семинар ҳәм ушырасыўлар өткерилип, олар кең жәмийетшиликке ғалаба хабар қураллары арқалы турақлы жарытып барылды.

Суд әмелияты обзорлары әмелдеги нызамшылықтағы бослықларды толықтыратуғын ҳәм судлар тәрепинен нызамларды сәўлелендириў ҳәм қолланыўда улыўма жантасыўларды белгилейтуғын жәрдемши ҳуқық дереги есапланады.

Суд тәрепинен ҳәр шеректе бир мәртебе суд әмелияты обзорлары ислеп шығылып, онда конкрет жынаятлы ис мысалында дәслепки тергеў ҳәм суд тәрепинен ислерди тергеў ҳәм судта көриў барысында жол қойылған қәте-кемшиликлер көрсетилип, бул обзорлар жәмленип жылына бир мәрте китапша түринде исленеди. Бүгинги күнде бул обзорларды судьялар өз хызмет бабында күнделикли қолланба сыпатында кең түрде пайдаланып келмекте.

Буннан тысқары, тергеў сапасын еледе жақсылаў мақсетинде, қала берди кейинги үш жыл даўамында судқа шекемги тергеў дәўиринде жол қойылған қәте-кемшиликлерди үйренип, нызам талапларының бузылыўын сапластырыў, келешекте усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде тергеўшилер ушын да суд обзорларын таярлап атырмыз. Бул өз нәўбетинде тергеў процессинде пуқаралардың ҳуқықларының бузылыўының алдын алыў менен бирге, тергеў сапасын арттырыў мақсетинде дәслепки тергеў уйымлары тәрепинен тийкарсыз түрде бир қылмыс ушын бир нешше статьялар менен айып жәриялаў әмелиятын сапластырыўға да хызмет етеди.

Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларды анықлаў емес, ал оларды келтирип шығарыўшы факторлар менен қатаң гүресиў баслы ўазыйпа. Солай екен, ҳәптениӊ ҳәр пийшемби күни «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни» шеӊберинде халықтыӊ ҳуқықый мәдениятын, социаллық-сиясий белсендилигин, жәмийетте тутқан орнын еледе беккемлеўге бағдарланған сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилип, аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлар жүз берген аймақларда алдағы ўақытлары бундай унамсыз жағдайларды болдырмаў ушын мәкан пуқаралар жыйынларында пуқаралар менен ушырасып, анық мақсетке бағдарланған турақлы түрде профилактикалық ҳәм ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Жыл басынан берли Қарақалпақстан Республикасындағы судлар тәрепинен 1478 мәртебе ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилген болса, дерлик олардың барлығы ғалаба хабар қураллары яғный телевидение, радио, веб-сайтлар, улыўма социаллық тармақлар арқалы кеӊ түрде жарытып барылмақта.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын жедел реформалаў арқалы көпғана әмелий нәтийжелерге ерисилип атыр. Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар, парламентке жолланған Мүрәжатнамалар ҳәм
2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажлан-дырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы бүгинги күнде Өзбекстанда әдил судлаў процессинде инсан ҳуқықларын қорғаў дәрежесин жаңа басқышқа алып шығыўда тийкарғы бағдарлама болып хызмет етпекте.

Президентимиз тәрепинен судьялар арасында гендер теңликти тәмийинлейтуғын механизмлерди енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Судьялар жоқарғы кеңесине анық ўазыйпалар белгиленген.

Усы орында атап өтиў орынлы, Жол Картаның 4-бөлими судьялар арасында гендер теңлигин тәмийинлеўге қаратылған.

Гендер теңлик, яғный ер адамлар менен ҳәм-ҳаял-қызлардың теңлиги-инсанның тийкарғы ҳуқықларынан бири болып есапланады. Алымлар тәрепинен алып барылған изертлеўлерге қарағанда, бул фактор ең жоқары дәрежедеги экономикалық, социаллық ҳәм сиясий раўажланыўдың дереги. Сондай-ақ, тек ер адамлардан ибарат жәмәәтке қарағанда 50/50 процент ер адам ҳәм ҳаял-қызлардан ибарат жәмәәт, егер олар ақылый мийнет пенен пенен бәнт болса, бир нешше есе жоқары нәтийжеге ериседи екен. Және, гендер теңлик-бул мәмлекеттиң демократиялық раўажланыў дәрежесин көрсететуғын индикатор болып табылады.

Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықлылығын тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың мәмлекет басқарыўындағы ролин күшейтиў, ҳаял-қызларды түрли басшы лаўазымларға тайынлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Басқа тараўлар сыяқлы суд системасында да бул мәселеге айрықша итибар қаратылған.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы судларында 68 судья хызмет көрсетип атырған болса соннан 17 и яғный 25 процентин ҳаял-қызлар қурайды.

Судьялар арасында гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери де баслы итибарда болып, гендер теңлик принципине әмел етиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында жумыс алып барып атырған юрист ҳаял-қызлардың дизими қәлиплестирилген. Сондай-ақ, юридикалық билим дәргайлары питкериўши қызларында суд системасында ислеўге, судьялық кәсибине меҳир ҳәм қызығыўшылығын оятыў бойынша турақлы түрде дөгерек сәўбетлери өткерилип барылады.

Жыл басынан берли усы бағдарда 13 мәртебе ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы судларында жумыс ислеп атырған, жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған ҳаял-қызларды судьялыққа таярлаў бойынша да анық мәнзилли жумыслар алып барылмақта. Бундай иләжлар тийкарынан судья болыў нийетиндеги ҳаял-қызлар қатарын кеңейтиў менен бирге, жәмийетимизде олардың еледе белсендилигин арттырыўда әҳмийетли.

Илгери көпшилик судты жабық мәкеме сыпатында таныған болса, бүгин ол шын мәнисинде пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғайтуғын уйымға айланды. Судлар ҳәм тергеў уйымлары искерлигиниң ашықлығы, жәриялылығын еледе жетилистириў бағдарында судьялар тәрепинен өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте орынларда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға бағдарланған үгит-насият жумыслары алып барылмақта.

Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың судлар искерлигине байланыслы мағлыўматларды өз ўақтында алыўға болған ҳуқықларын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 24-июль 2020-жылғы “Судлар искерлигин еледе жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша иләжлар хаққында”ғы қарарының 4-бәнти “б” киши бәнтин орынлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы судында жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бойынша бас консультант лаўазымы енгизилди. Соның менен бирге Қарақалпақстан Республикасы судларының рәсмий телеграмм каналы t.me/QRSUDI ҳәм веб-сайты qoraqalpogiston.sud.uz шөлкемлестирилди.

Ашық суд процесслерин әлбетте тәреплердиң разылығы менен видео, аудио ҳәм туўрыдан туўры трансляция етиў мүмкиншилиги берилди. Сондай-ақ, тараў жумысларының ашықлығын тәмийинлеў ҳәм пуқараларды тийкарлы мағлыўматлар менен таныстырыў мақсетинде «Судлар искерлигиниң ашықлығы, жәриялылығын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы судлары баслықларының ғалаба хабар қураллары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери ушын ҳәр айда бир мәртебе онлайн брифинглер өткериў әмелияты жолға қойылды. Бул өз гезегинде пуқараларды судларда әмелге асырылып атырған жумыслар және суд органларын «Әдалат қорғаны»на айландырыў бағдарындағы реформалардың нәтийжелери менен жақыннан таныстырыў мүмкиншилигин береди.

Бүгинги күнде тастыйықланған реже тийкарында ҳәр бир суд баслығы ҳәр айда бир мәртебе брифинг өткерип, ислеген жумыслары бойынша мағлыўмат берип бармақта. Усы күнге шекем судлардың баслықлары тәрепинен 12 мәртебе брифинг ҳәм пресс-конференциялар шөлкемлестирилди. Бул иләжлар турақлы түрде жергиликли телевидениелер яғный Қарақалпақстан телеканалы, AMU-TV, ЭТВ ҳәм веб-сайтлар арқалы кең түрде жарытылмақта. Буннан тысқары суд баслықларының туўрыдан-туўры “Ашық микрофон” көрсетиўи арқалы тиккелей эфирде пуқара мүрәжатына жуўап бериўи де жолға қойылған болып, онда тиккелей суд баслықларының қатнасыўы тәмийинленген.

Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша район (қала) судлары тәрепинен жәмийетте улыўма резонансқа себеп болған жынаятлы ислер ҳаққындағы мағлыўматларды ғалаба хабар қураллары, судлардың веб-сайты ҳәм социаллық тармақлар арқалы өз ўақытында кең жәмийетшиликке жеткериў бойынша да нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Әлбетте, резонансқа себеп болған жынаятлы ислер көрип тамамланған ҳәм нызамлы күшке киргеннен кейинғана бул ҳаққындағы мағлыўматлар кең жәмийетшиликке таныстырылмақта. Буның ушын Қарақалпақстан Республикасы судының рәсмий веб-сайты ҳәм телеграмм тармағында «Қарақалпақстан Республикасы судлары» рәсмий каналы турақлы ислеп тур.

Халықтың ҳуқықый билимлерин арттырыў, оларға суд-тергеў искерлигиндеги мағлыўматларды жеткериў мақсетинде Қарақалпақстан телеканалы менен биргеликте судлардың искерлигин жарытыўға қаратылған «Әдалат қорғаны» көрсетиўи таярланып, ҳәр айда бир мәртебе эфирге берилип келинбекте. Онда суд-ҳуқық тараўындағы өзгерис ҳәм жаңалықлар, әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери менен бирге, көрип тамамланған ҳәм нызамлы күшке кирген ислер бойынша мағлыўмат, материаллар, судьялар тәрепинен ҳуқықый түсиниклер берип барылмақта.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы телерадио-компаниясы менен биргеликте арнаўлы реже тастыйықланып, тиккелей судьялардың қатнасыўында “Ҳуқықый мәсләҳәт” көрсетиўи жолға қойылды. Онда судьялар белгили бир әҳмийетли мәселе бойынша интервью береди. Жәнеде, судлар искерлигине байланыслы теле ҳәм видеороликлер турақлы түрде Қарақалпақстан Республикасы судларының рәсмий телеграмм каналына жайластырылып барылмақта.

Жедел раўажланыў жолына анық бағдар алған мәмлекетимизде пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин толық тәмийинлеў баслы ўазыйпа етип белгиленип, Президентимиз тәрепинен миллий нызамшылық арқалы бул ўазыйпаны әмелге асырыў бағдарлары ҳуқықый жақтан беккемленбекте.

Бунда әлбетте, пуқаралардың хуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин тәмийинлеўде судлар искерлиги айрықша орында турады. Дүньяның раўажланған мәмлекетлери қатарынан ылайықлы орын ийелеўди мақсет еткен елимизде басқа тараўлар сыяқлы суд системасы да нәтийжели реформаланып атыр. Әсиресе, суд системасында заманагөй мәлимлеме-коммуникациялар инфрасистемасын жаратыў, мәлимлеме ресурслары ҳәм информация системаларын ислеп шығыў, электрон ҳүжжет айланыў системасын енгизиў, және суд органлары веб-сайтлары арқалы пуқараларға интерактив хызметлерди көрсетиў суд органларында әмелге асырылып атырған инновациялардың тийкарын қурайды.

Жол картаның 6-бөлиминде де судлар искерлигине заманагөй мәлимлеме коммуникация технологияларын енгизиў ўазыйпалары белгиленген.

Усы тийкарда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 30 август 2017-жылы қабыл етилген “Судлар искерлигине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўди еледе жетилистириў иләжлары ҳаққында”ғы қарары судлар искерлигинде мәлимлеме-коммуникация технологияларын қолланыў менен байланыслы мәселелерди жаңа басқышқа көтериўге тийкар жаратты. Мысалы, судларға аралықтан турып мүрәжат етиў, видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланыў арқалы суд мәжилисинде қатнасыў, судлар тәрепинен көрилетуғын ислерди судьялар арасында автомат бөлистириў, судтың жуўмақлаўшы шешимлерин интернет тармағы арқалы кең жәмийетшилик итибарына усыныў ҳәм орынлаў ҳүжжетлерин мәлимлеме технология қуралларынан пайдаланып электрон көринисте жибериў усылар катарында.

Буннан тысқары, Президент карары менен 2020-2023-жылларда суд ҳәкимияты органлары искерлигин санластырыў бағдарламасы да тастыйықланды.

Оған бола, 2021-жылдың 1-январынан баслап судларда суд мәжилислерин тәреплердиң илтимаснамасы ҳәм басшылық етиўшиниң разылығы менен аудиожазыўдан (аудиофиксация) пайдаланған ҳалда жүритиў ҳәм суд мәжилиси баяннамаларын усы системадан пайдаланған ҳалда қәлиплестириў, апелляция инстанциясы судларында ислерди судьялар арасында автомат тәризде бөлистириў, усы жылдың 1-октябринен баслап барлық қатнасыўшыларды суд мәжилислериниң ўақыты ҳәм орны ҳаққында SMS хабар арқалы бийпул түрде хабарландырыў әмелияты жолға қойылды.

Судларды заманагөй мәлимлеме коммуникация технологиялары менен тәмийинлеў, инсан факторын кемейтиў мақсетинде Республикадағы судларға жәми 24 дана Инфокиоск үскенелери орнатылды.

Судлар тәрепинен пуқаралар ҳәм исбилерменлерге 12 түрдеги интерактив хызметлер көрсетилиўи де жолға қойылды. Бул интерактив хызметлерден қалайынша пайдаланыў кереклиги бойынша арнаўлы видеороликлер де таярланып, социаллық тармақлар, ғалаба хабар қуралларында турақлы жәрияланып барылыўы менен бирге, ҳәр бир суд имаратындағы арнаўлы таблоларға да электрон көринисте жайластырылған.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, судлардың мәлимлеме системаларын мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары менен интеграция етиў бойынша да анық мәнзилли жумыслар алып барылып, жақын 3 жылдың ишинде тараўға заманагөй интерактив хызмет ҳәм технологиялардың басқышпа-басқыш енгизилиўи әдил судлаў искерлигиниң нәтийжелилигин асырыў менен бирге, судқа мүрәжат еткен пуқараларға бир қатар қолайлықларды жаратары сөзсиз.

Пуқаралардың «аўырын жеңил, мүшкилин аңсат етиў» мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы судлары ҳәм район (қала) судлары имаратларында “Халыққа бийпул ҳуқықый жәрдем” ханалары шөлкемлестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы судлары, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен мине усы бағдарда арнаўлы график реже тастыйықланып, усыған тийкар юридикалық ҳәм физикалық шахсларға “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы аймақлық ўәкиллери хызметкерлери ҳәм Әдиллик бөлими қанигелери тәрепинен хуқықый жәрдем көрсетилип келинбекте.

Анық мысаллар менен айтатуғын болсақ, Қарақалпақстан Республикасы район (қала) ҳәм районлараралық судларында шөлкемлестирилген “Халыққа бийпул ҳуқықый жәрдем” ханаларында жыл басынан берли “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми тәрепинен 1480, район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен 301 физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерине бийпул ҳуқықый жәрдем ҳәм мәсләҳәтлер берилди.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханаларында “Суд мүйешлери” шөлкемлестирилген болып, олар зәрүр мағлыўматлар менен тәмийинленген. Атап айтқанда, судқа мүрәжат етиў тәртиби, судлаўға тийислилик, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм тағы басқалар.

“Адамлардың қайғы-тәшўишлерин ойлап жасаў-адамгершиликтиң ең жоқары өлшеми”, “Халқымыз өз турмысындағы унамлы өзгерислерди ертең емес, узақ келешекте емес, ал бүгин көриўи керек” деген Президентимиздиң халықшыл пикири бүгин ҳәр бир басшының күнделикли жумыс тәрзиниң бир бөлегине айланды десем асыра айтқан болмайман. Усы тийкарда халықтың мүрәжатлары менен ислесиў бағдарында пүткиллей жаңа система, жаңа механизмниң енгизилиўи бул ҳақыйқаттың жүзеге шығыўына хызмет етпекте.

Усы тийкарда, Қарақалпақстан Республикасындағы судлардың баслықлары тәрепинен тийисли бирге ислесиўши уйымлар менен биргеликте турақлы түрде халық арасында көшпели ҳәм онлайн қабыллаўлар өткерилип барылмақта. Әсиресе, қабыллаўларды ҳәр бир суд баслығының “мәҳәллелер кесиминде” өткериўи жергиликли турғынлар ушын жүдә қолайлы болмақта. Бул адамлардың ҳәм ўақтын, ҳәм қаржысын тежеў мүмкиншилигин де бермекте. Мысалы, бирғана март ҳәм сентябрь айлары аралығында Нөкис қаласынан баслап Мойнақтың ең шетки аўылларында жәми 97 мәртебе көшпели қабыллаўлар өткерилип, онда 405 пуқараның суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары қабыл етилди. 9 мүрәжат орнында унамлы шешимин тапты.

Сондай-ақ, қабыллаўға келген пуқаралардың арзаларын таярлаў ҳәм зәрүр қосымша мағлыўматларды жыйнаўда “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми ҳәм әдиллик бөлимлери хызметкерлериниң жәрдеминен кең пайдаланылмақта.

Итибарлы тәрепи, суд органларының онлайн қабыллаўы да жолға қойылған болып, онда тиккелей Қарақалпақстан Республикасы судларының баслықлары, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги ҳәм прокуратура басшылары пуқараларды орынлардағы Президент халық қабыллаўханаларында онлайн қабыллайды. Бул тәжрийбе пуқаралардың узағын жақын етиў менен бирге, қабыллаўға кириў ушын нәўбет күтип, есикпе есик жүриўи, ең баслысы артықша қағазбазлық ҳәм әўерегершиликтиң алдын алады. Бүгинги күнде ҳәр айда бир мәртебе онлайн қабыллаўлар турақлы түрде өткерилип барылмақта.

Халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын еледе жетилистириўге қаратылған және бир жаңалық. Европа юридикалық жоқары оқыў орынларының оқыў стандарты тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факультетинде қәнигелестирилген аудитория яғный – оқыў “Суд залы” шөлкемлестирилди. Буннан гөзленген мақсет-жаңа әўлад юристлерин таярлаўда оқыў ҳәм илимий процессти әмелий шынығыўлар менен бирлестириў. Зал барлық стандартларға жуўап береди – герб, судланыўшы, прокурор ҳәм қорғаўшы ушын столлар менен тәмийинленген.

Болажақ юристлер суд процессин симуляция, моделлестириў керек. Ҳәзирги ўақытта жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен көрилип атырған ислер көрилип атыр. Бул  студентлерде процессуал ҳүжжетлер менен ислеў көнликпелерин раўажландырыў менен бирге, суд ислерин жүргизиўдиң айырым басқышларының қәсийетлерин үйрениў, суд ислериниң айырым турлерин көрип шығыў ҳәм шешиў, суд риторикаси көнликпелерин раўажландырыў, судта өз мәплерин қорғаў, жәмийетшилик алдында сөйлеў, логикалық ойлаў, жуўмақлар етиўге үйретеди. Басқаша етип айтқанда, болажақ юристлер теориялық билимлерин университеттен шықпастан әмелиятта беккемлейди. Енди биз алдағы ўақытлары пуқаралық, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик суд ислерин де усы университеттеги суд залында шөлкемлестириўди режелестирип отырмыз.

Биз тек халықтың ҳуқықый мәдениятын, санасын жетилистириўге итибар берип қоймастан, суд системасында ислеп атырған судья ҳәм суд хызметкерлериниң де ҳадал, өз антына садық тараў пидайысы болып жетилисиўине айрықша итибар қаратамыз.

Көпшиликке белгили, бүгинги күнде коррупция-жәмийеттиң жемирилиўине алып келетуғын иллет сыпатында қаралып атырған бир ўақытта, бизиң суд системамызда да коррупцияға қарсы мүнәсибетти қәлиплестириў, оған имканият туўдыратуғын факторларды өз ўақтында анықлаў ҳәм шек қойыў бойынша анық ис-иләжларды алып бармақтамыз.

Коррупцияның ҳәр қандай көриниси инсан ҳуқықларының бузылыўына алып келиўи менен бирге, турмысымызға және адамлардың қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын уйымласқан жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа да унамсыз иллетлер тамыр жайып, оның раўажланыўы ушын шәраят жаратады. Усы көз-қарастан коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы маўасасыз гүресиўдиң алдыңғы халықаралық стандартларына тийкарланған системаны енгизиў бойынша избе-из иләжлар көрилмекте. Санлы технологиялардың имканиятларынан пайдаланған ҳалда нәтийжели механизмлер енгизилмекте.

Жол картаның 68-бәнтинде биринши мәртебе судьялық лаўазымына тайынланған судьялар ҳәм суд хызметкерлери, олардың шаңарақ ағзалары, жақын туўысқанларының қатнасыўында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм бундай иллетке қатаң гүресиў, белгиленген тәртип ҳәм қағыйдаларға әмел етиў, судьяның искерлигине араласпаў, оған нызамға қайшы келетуғын ислерди усыныс етпеў ҳәм жумысына кери тәсир ететуғын басқада ҳәрекетлерге басламаў бойынша ушырасыў, семинар ҳәм конференцияларды өткериў белгиленген болып, бул бағдарда 4 мәртебе усындай үгит-нәсият иләжлары шөлкемлестирилди. Әйне бул иләжлардың система хызметкерлериниң шаңарақ ағзалары менен бирге өткериўдиң де өзине жараса терең мәнис-мазмуны бар. Себеби, ҳәр бир инсанның өмиринде шаңарақтың тутқан орны айрықша.

Сонлықтан да бул иллеттиң ҳәр қандай көринисине маўасасыз қарсы гүресиўде ең дәслеп ҳәр бир судьяда ҳадаллық иммунитетин арттырыў, мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған шараятларға бәрше өзиниң Ўатанға садықлығы, ҳадал ҳәм пәк мийнети менен жуўап қайтарыўы керек.

Улыўмаластырып айтатуғын болсақ, Жол Карта 2020-жылдың ноябрь айында тастыйықланып, оның орынланыўы бойынша жумыслар басланған болса, мине арадан саррас бир жыл ўақыт өтип, яғный 2021-жылдың ноябрь айында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў мүддети өз жуўмағына жетти.

Жол картада көрсетилген ўазыйпалардың нәтийжелери қандай екенлиги көпшиликти қызықтырары тәбийий. Бир жыл қысқа ўақыт деген менен биз, усы жол карта ҳәм онда белгиленген ўазыйпалар тийкарында өзимиздиң алдағы искерлигимиз ушын анық бағдар алдық. Бул тәжрийбе суд ҳәкимияты органларында тийкарғы ҳуқықый бағдарлама болыў менен бирге, пуқаралардың әдил судлаўға болған исенимин арттырып, судларды ҳақыйқый әдалат қорғанына айландырыўға хызмет етеди. Солай екен, Жол картаның орынланыў мүддети жуўмақланғаны менен биз алдымызға белгилеп алған бағдар ҳәм ўазыйпалардың орынланыўы еле даўам етеди. Бул жолда биз судьялар бар билим ҳәм тәжрийбемизди аямай жумсаўға таярмыз!

 

 

Гулнара Базарбаева,

Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы