Мийрас ҳуқықы бойынша әмелий қолланбаның презентациясы


Қарақалпақстан Республикасы судында республикамызда ҳәрекет етип турған жеке әмелиятшы нотариуслар ҳәм кадастр тараўы ўәкиллериниң қатнасыўында «Мийрас ҳуқықы бойынша әмелий қолланба»ның презентациясы өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары К.Тарихов барлық қатнасыўшыларға бул қолланбаның әҳмийети ҳәм онда келтирилген мәселелер бойынша қ   ысқаша түсиник берди. Буннан соң, қолланбаның мазмуны-әҳмийети бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Е.Утениязов баянат жасады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 36-статьясында көрсетилгениндей, ҳəр бир шахс мүлкдар болыўға ҳақылы, оның мийрас ҳукықы болса нызам менен кепилленеди. Мийрас ҳуқықы пуқаралардың мүлкке болған ҳукық ҳәм мәплерин қорғаўға байланыслы, олардың өз мүлкине ийелик етиў ҳуқықын тек тири ўақтында ғана емес, сондай-ақ өлгеннен кейинде әмелге асырылыўын тәмийинлейди.

Өзбекстан Республикасының пуқаралық нызамшылығына көре мийрас ҳуқықы -мийрастың ашылыўы, оны қорғаў, мийрас алыў ҳуқықына ийе болған шахслар, мийрастың қурамы ҳәм оларды сақлаў, басқарыў, қорғаў ҳәм ийелеп алыў, мийрасхорларға өтиў тәртиби ҳәм шәртлерин белгилеўши ҳуқықый нормалардың жыйындысынан ибарат.

 

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 1112-статьясына муўапық мийрасхорлық еки тийкарда жүзеге келеди. Бириншиден, нызам бойынша ҳәм екиншиден, ўәсият бойынша.

Мүлк ийеси өзине тийисли болған жеке меншиктиң тәғдирин ўәсият бойынша шешпеген ҳәм өзи қайтыс болғаннан кейин оның белгили бир шахс тәрепинен ийелеп алыныўын белгилемеген жағдайда нызам бойынша мийрасхорлық жүзеге келеди.

Буннан басқа нызам бойынша мийрасхорлық бириншиден, ўәсиятнаманың бир бөлеги ямаса пүткиллей ҳақыйқый емес деп табылған жағдайларда, мийрас мүлкиниң барлығы ўәсият етилместен қалған жағдайларда, ўәсият етилмеген бөлегине; екиншиден, ўәсият бойынша мийрасхор мийрас ашылғаннан кейин мийрасты қабыл етип алмастан қайтыс болған болса, ўәсият бойынша мийрасхор мийрасты алыўдан бас тартқан жағдайларда жүзеге келеди.

Нызам бойынша мийрасхор мийрас қалдырыўшы менен туўысқанлық тамырлары менен байланысқан, яғный мийрас қалдырыўшының әўладлары, шаңарақ ағзалары, мийнетке қәбилетсиз, оның қарамағында болған, шаңарақ ағзалары болмаған шахслар болыўлары мүмкин.

Әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм пуқараларымыздың мийрасқа болған конституциялық ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў суд органлары менен бирге нотариусларымыздың, басқа да ўәкилликли органлардың баслы ўазыйпасы болып қалады,-деп жуўмақлады өз баянатын судья Е.Утениязов.

Иләжда бул жаңа қолланба нотариуслар ҳәм кадастр тараўында мийрас ҳуқықы менен байланыслы мәселелерге толық жуўап болатуғынлығы да айрықша атап өтилди.

 

Еркин Утениязов,  

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы