«Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Конституциялық нызамы

 Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың негизинде – инсан ҳуқықлары қорғалыўының үстинлиги жатады.

Бәршемизге белгили 2021 жыл 27 апрельде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Конституциялық нызамының қабыл етилиўи – Мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли демократиялық реформалардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде нызамшылықты либералластырыў ҳәм де Конституцияда беккемленген инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўдың изшил даўамы болып есапланады.

Атап айтқанда қабыл етилген жаңа Нызамның 28-статьясында Конституциялық судта ислерди көриў тийкарлары белгиленип, оған көре Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болған мәмлекетлик уйымларының ҳәм лаўазымлы шахслардың мүрәжаты, сондай-ақ пуқаралардың ҳәм юридикалық шахслардың шағымлары Конституциялық судта ислерди көриў ушын тийкар болыўы белигиленген.

Конституциялық суд мәжилисинде көрилетуғын ислер бойынша берилген мүрәжатлар әлбетте усы Нызамның 4-статьясында белгиленген Конституциялық суд ўәкиллиги шеңберине киритилген мәселелер ҳаққында болыўы шәрт.

Усы жаңа Нызамда Конституциялық судқа мәселелер киритиў ҳуқықына ийе болған субъектлер шеңбери кеңейтирилип, субъектлер қатарына киритилген – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) орынбасары – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳәм Нызамның 27-статьясының 2-бөлиминде белгиленген пуқаралар ҳәм юридикалық шахсларға тек ғана белгили бир исте қолланған нызам менен олардың конституциялық ҳуқықлары бузылғанлығы бойынша шағым менен Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықы берилди.

Берилип атырған мүрәжат жазба яки электрон формада жиберилиўи лазым. Электрон формада жиберилген мүрәжат электрон ҳүжжет айланысы ҳаққындағы нызамшылық талапларына муўапық болыўы керек. Коллегиялық уйымның Конституциялық судқа берилген мүрәжатына усы уйымның тийисли қарары қосымша етиледи.

Конституциялық судқа жиберилген мүрәжатта Конституцияға муўапықлығы тексерилиўи лазым болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетттиң атамасы, рақамы, қабыл етилген сәнеси, жәрияланған дереги, Конституция ҳәм нызамның түсиндирме берилиўи лазым болған қағыйдалары, мүрәжатты судта көриўдиң ҳуқықый тийкарлары, қойылған мәселе бойынша мүрәжат етиўшиниң көз қарасы ҳәм мүрәжатты Конституцияның тийисли нормаларына силтеме етилген ҳалдағы ҳуқықый тийкарландырыўы лазым.

Буннан тысқары, мүрәжат етиўшиниң фамилиясы, аты, әкесиниң аты, жайласқан жери, почта мәнзили яки  жасаў орны, егер исте ўәкил қатнасып атырған болса оның ўәкилликлери ҳақкындағы зәрүр мағлыўматлар ҳәм қосымша етилип атырған ҳүжжетлер дизими көрсетилген болыўы керек.

Пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың шағымларында ис судта көрип шығылғанлығы ҳәм судта қорғаўдың барлық түрлеринен пайдаланылғанлығы, сондай-ақ исти шешиў ушын зәрүр деп есапланған басқа мағлыўматлар берилиўи керек.

Конституциялық судқа келип түскен мүрәжатлар дизимнен өткизиледи ҳәм бунда шешилиўи Конституциялық суд ўәкилликлерине кирмейтуғын мәселелер бойынша мүрәжатлар Конституциялық суд тәрепинен «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамда белгиленген тәртипте, қойылған мәселелерди шешиў ўәкиллигине киритилген тийисли мәмлекетлик уйымларға, шөлкемлерге яки лаўазымлы шахсларға бес күнлик мүддеттен кешиктирмей жибереди.

Егер мүрәжат Конституциялық судқа тийисли болса, мүрәжат алынған күннен баслап жети күннен кешиктирмей оны үйрениўге кириседи. Бунда Конституциялық судтың баслығы келип түскен мүрәжатты Нызамда қойылған талапларға муўапықлығы көз қарастан дәслепки тәризде үйрениў нәтийжелери бойынша жуўмақ таярлаўды Конституциялық судтың бир яки бир неше судьясына тапсырыўы мүмкин.

Мүрәжатты көрип шығыў ушын қабыл етиў яки қабыл етиўден бас тартыў ҳаққында Конституциялық суд уйғарыўы қабыл етилип, егерде исти суд мәжилисинде көриў ушын қабыл етилген жағдайда уйғарыўда ис бойынша баянатшы судья, исти көриў сәнеси, сондай-ақ исти көриў ушын таярлаў менен байланыслы басқа мәселелер көрсетиледи. Қабыл етилген уйғарыў ҳаққында Конституциялық суд ислерин жүргизиў қатнасыўшылары үш күнлик мүддетте жазба формада хабардар етиледи.

Конституциялық суд Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм басқа нызамлары менен өз ўәкиллигине киритилген ислерди суд мәжилислеринде көреди ҳәм шешеди.

Конституциялық суд коллегиялық уйым есапланады ҳәм ол ислерди суд мәжилисинде көриўде барлық судьялар қатнасыўын талап етеди, лекин Конституциялық судтың кеминде бес судьясы қатнасқан жағдайда ол ўәкилликли болып, ислерди көриўи мүмкин.

Конституциялық судтың судьясы көрип шығыў предмети болған ҳүжжетти таярлаўда илгери хызмет ўазыйпасы себепли қатнасқан болса, исте қатнасып атырған тәреплердиң яки басқа шахстың туўысқаны болса, истиң көрилиўи нәтийжесинен шахсан, туўрыдан яки шеттен мәпдар болса ямаса оның қалыслығына гүман туўдыратуғын басқа ҳалатлар бар болса шетлестирилиўи мүмкин.

Конституциялық нызамның 39-статьясының 1-бөлиминде көрсетилген ҳалатлар бар болған жағдайда Конституциялық судтың судьясы исти еситиў басланыўына шекем өзин өзи шетлетиў ҳаққында арза бериўи шәрт.

Исти судта көриў процессинде Конституциялық нызамға киритилген процессуаллық нормаларга әмел етилген ҳалда суд мәжилиси алып барылып, барлық процессуаллық ҳәрекетлер әлбетте суд мәжилиси баянламасына жазылады.

Суд исти көриў жуўмағына көре мәсләҳәтханаға кирип, ол жерде көпшилик даўыс пенен қабыл етилген қарарын оқып еситтиреди.

Жуўмақ сыпатында айтып өтиў лазым, мәмлекетимизде унамлы тәризде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар жәнеде жеделлесиўге қарай жүз тутып, инсанлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин күшейттириў, әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў, жәмийет ҳәм мәмлекеттеги барлық тараўларды еркинлестириў жедел көринисте даўам етпекте.

Өйткени, бул жаңа Нызам менен пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар нызам олардың Конституциялық  ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин бузып атыр деп есапласа ҳәм де судта көрилиўи тамамланған белгили бир исте қолланылған болса ҳәм судта қорғаўдың барлық басқа түрлеринен пайдаланып болынған болса, нызамның  Конституцияға муўапықлығын тексериў ҳаққындағы шағым менен Конституциялық судқа мүрәжат етиў имаканиятын жаратып береди.

 

 

 

Абатбай Аяпов

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы