Суд системасына киргизилген ѳзгерислер – жаңа мазмундағы нызамның ѳзгешеликлери ҳәм әҳмийети

Мǝмлекетимиз турмысыныӊ барлық тараўлары, соныӊ менен бирге инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплериниӊ кепиллиги сыпатында алып барылып атырған изшил реформалар суд-ҳуқық системасыныӊ  мазмун-мǝнисин түптен өзгертпекте.

Судлар-пуқаралар ҳуқық ҳǝм еркинликлериниӊ исенимли қорғаўшысы есапланады.

Себеби, бийғǝрез, ǝдил суд ҳǝкимияты қарар тапқанлығы, суд-ҳуқық реформалары мǝмлекет сиясатыныӊ үстин бағдарына айланғаны ҳǝм бул жумыслар Президентимиздиӊ турақлы итибар орайында болып киятырғанлығыныӊ дереги болып есапланады.

Ѳзбекстан Республикасының “Судлар туўрысында”ғы Нызамының жаңа редакцияда қабыл етилиўи суд-ҳуқық тараўында алып барылып атырған реформалардың ҳақыйқый мәнистеги даўамы болып есапланады.

Бул Нызам алдыңғы редакциясындағы Нызамға қарағанда бирқанша жетилистирилген ҳалда қабыл етилгенлиги итибарға ылайық болып, тек ғана судьялардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў менен шекленип қалмастан суд иси жүритилиўинде қатнасыўшы тәреплердиң нызам менен қорғалатуғын ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға қаратылған нормалар менен байытылған.

Атап айтқанда, Нызамның 12-статьясының биринши бѳлиминде барлық ислер ашық суд мәжилисинде кѳрилиўи, ислерди жабық суд мәжилисинде кѳрип шығыўға тек ғана нызамда белгиленген жағдайларда жол қойылыўы белгиленген болса, усы статьяның екинши бѳлиминде болса суд мәжилиси залында болған шахслар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери суд мәжилиси залында нызамда белгиленген тәртипте фотосүўретке алыўы, видео ҳәм аудио жазыўды әмелге асырыўы мүмкинлиги белгиленди.

Сондай-ақ, Нызамның 15-статьясында әдил судлаўды әмелге асырыўда ҳәр бир адамға квалификациялық юридикалық жәрдем алыў ҳуқықы кепилликлениўи, гүман қылыныўшыға, айыпланыўшыға, судланыўшыға суд ислерин жүритиўдиң ҳәр қандай басқышында қорғаныў ҳуқықы тәмийинлениўи, нызамда белгиленген жағдайларда болса мәмлекет бийпул квалификациялық юридикалық жәрдем кѳрсетилиўин тәмийинлеўи нәзерде тутылды.

Жаңа Нызамның 61-статьясында судьялардың ҳуқықлары алдыңғы Нызам редакциясына қарағанда кеңейтирилген болып, әдил судлаўды әмелге асырыў ушын зәрүр болған мағлыўматларды мәмлекет органларының ҳәм басқа шѳлкемлердиң мағлыўматлар дизимлеринен бийпул тийкарда алыў ҳәмде шахсқа байланыслы мағлыўматлар бар болған мағлыўматлар дизимлеринен пайдаланыў, соның ишинде аралықтан турып пайдаланыў, мәмлекет органларының, сондай-ақ, басқа шѳлкемлердиң мағлыўматлар дизимлеринен әдил судлаўды әмелге асырыў ушын зәрүр болған шахсқа байланыслы мағлыўматларды пуқаралардың жазба разылығысыз бийпул тийкарда алыў ҳуқықларын ийе екенлиги беккемленген.

Соның менен бирге, Нызамның 62-статьясына муўапық судьяларды миннетлемелери дизими де бирқанша жаңа нормалар киритилди.

Атап айтқанда, судья коррупцияның ҳәр қандай кѳринислерине ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша искерлигине нызамсыз араласыўға урыныўларқа қарсылық кѳрсетиўи ҳәмде бундай жағдайлар анықланған жағдайда бул ҳаққында Ѳзбекстан Республикасы Судьялар Жоқарғы Кеңесине хабар қылыўы, суд процесси қатнасыўшыларын ҳүрмет қылыўы, ѳз билимин судьялық ўәкилликлерин орынлаў ушын зәрүр дәрежеде сақлап турыўы, мәплер (тоқнасыўы) жүзеге келген жағдайда ѳз-ѳзин рад қылыўы ҳәм суд процесси қатнасыўшыларын хабардар қылыўы шәртлиги белгиленген болса, сиясий партия ағзасы болыўға, оны материаллық тәрептен қоллап-қуўатлаўға, сиясий партиялардың иләжларында қатнасыўға, басқа сиясий искерлик пенен шуғылланыўға, шахсан яки исенимли шахс арқалы исбилерменлик искерлиги менен шуғылланыўға, соның ишинде, хожалық жүритиўши субъектти басқарыўда, оның шѳлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасына қарамастан қатнасыўға, Ѳзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыда жайласқан шет ел банклеринде есапбетлер (аманатлар) ашыўға ҳәм оларға ийе болыўға, нақ пул қаржыларын ҳәмде қымбат баҳалықларды сақлаўға ҳақылы емеслиги, бундай шеклеў судьяның ѳмирлик жолдасына ҳәм ер жетпеген перзентлерине де әмел қылыўы ҳаққындағы нормалар да киритилген.

Буннан тысқары усы статьяда судьялар физикалық шахс яки юридикалық шахслардың ислери бойынша судта ўәкили болыўға (нызамлы ўәкиллик буннан тысқары), судта кѳрип шығылып атырған мәселе бойынша суд ҳүжжети нызамлы күшине киргенге шекем әшкара пикирлер билдириўге, нызамға муўапық сыр мағлыўматлар қатарына киритилген, судьялық ўәкилликлерин әмелге асырыў мүнәсибети менен ѳзине мәлим болып қалған мағлыўматларды судьялық ўәкилликлерин әмелге асырыў менен байланыслы болмаған мақсетлерде әшкар қылыўға яки пайдаланыўға ҳақылы емеслиги белгилеп қойылды.

Жаңа Нызамның судьялардың қол қатылмаслығына бағышланған 64-статьясынада алдыңғы редакциядағы Нызамда болмаған айрым жаңа нормалар киритилди.

Атап айтқанда, Ѳзбекстан Республикасы  Судьялар Жоқарғы кеңеси баслығының судьялар қол қатылмаслығын бузғанлық ҳәм олардың әдил судлаўды әмелге асырыў барысындағы искерлигине араласқанлық фактлери туўрысындағы усынысы прокуратура органлары тәрепинен бир ай мүддет ишинде корип шығылыўы, Ѳзбекстан Республикасы Бас прокуроры кѳрсетилген фактлер бойынша жынаят ис қозғатылғанлығы яки қозғатылыўы бас тартылғанлығы ҳаққында Ѳзбекстан Республикасы  Судьялар Жоқарғы кеңесине хабар бериўи белгиленди.

Сондай-ақ, судьяны ҳуқық қорғаў органларына гүўа яки гүмандар сыпатында сораў алыў ушын шақырыўға тек ғана судьялар квалификалық коллегиясының разылығы менен жол қойылыўы, судьяның қарсысына қамаққа алыў тәризинде шарасы тек ғана оның қарсысына жүдә аўыр жынаят яки адам ѳлимине себеп болған қастан басқа жынаят ислегенликте айып қойылған жағдайларда қолланылыўы мүмкинлиги, усы қағыйда судья сыпатында ислеген дәўиринде усындай жынаят ислегенликте айыпланып атырған бурынғы судьяға да қолланылыўы, судья ҳуқықбузарлық ислегенликте гүман қылынып усылап турылған жағдайда, бул ҳаққында услап турыў тийкар болған ҳүжжетлер кѳширме нусқалары қосымша қылынған ҳалда Ѳзбекстан Республикасы  Судьялар Жоқарғы кеңесине ол усланған пайыттан баслап үш сааттан кешиктирместен хабар берилиўи шәртлиги белгиленди.

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы судының

экономикалық ислери бойынша судьясы            Гүлистан Ешназарова