Экономикалық судлары тәрепинен мәмлекетлик бажы пулды өндириў  тәртиби ҳәм тийкарлары  

Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамы (кейинги орынларда-Нызам деп жүритиледи) 2020-жыл 7-январьдан баслап әмелге киритилип, Нызам  бажы пул ставкаларын туўрыдан-туўры тәртипке салыўға қаратылған  бирден-бир ҳүжжет болып есапланады. Бул Нызам мәмлекетлик бажыларды өндириўди тәртипке салыўшы 38 норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орнына ислеп шығылды. Нызам 5-бап, 31-статьядан ибарат.

Нызамға муўапық, мәмлекетлик бажы  бул– әмелге асырылған бир қатар хызметлер, атап айтқанда, суд тәрепинен даўа арзалары ҳәм басқа ҳүжжетлердиң қабыл қылыныўы, пуқаралық ҳалаты актлерин жүргизиў, бир қатар ҳүжжетлерди бериў, сондай-ақ, арнаўлы ҳуқықты бергенлиги ушын өндирилетуғын төлем.

Нызамның 4-статьясына муўапық, ўәкилликли шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахсларға мүражат қылып ҳәм өзине қарата юридикалық әҳмийетке ийе ҳәрекет ҳәм ҳүжжетлер бериўди әмелге асыратуғын юридикалық ҳәм физикалық шахслар мәмлекетлик бажы төлеўшилери болып есапланады.

Нызамныӊ 5-статьясының 2-бәнтине муўапық, экономикалық судлар тәрепинен мәмлекетлик бажы төмендеги жағдайларда өндириледи:

-экономикалық судларға берилетуғын даўа арзалардан, мекемелерди ҳәм пуқараларды банкрот деп табыў ҳаққындағы даўа арзалардан, даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылыўшы үшинши шахс сыпатында иске қатнасыў ҳаққындағы арзалардан, экономика тараўында юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң ҳуқықлары жүзеге келиўи, өзгериўи яки бийкарлаў ушын әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў ҳаққындағы арзалардан, экономикалық судтың ҳал қылыў қарарлары, ис жүритиўди тоқтатыў ҳаққындағы даўаны көрместен қалдырыў ҳаққындағы, суд жәриймаларын салыў ҳаққындағы уйғарыўлар үстинен берилетуғын апелляция, кассация шағымларынан, төрешилик судының ҳал қылыў қарарлары бойынша даўы ҳаққында, төрешилик судының ҳал қылыў қарарларын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хат бериў ҳаққындағы ислер бойынша экономикалық суд уйғарыўының үстинен берилетуғын апелляция, кассация шағымларынан, шет ел судының (арбитражының) ҳал қылыў қарарын тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыў ҳаққындағы ислер бойынша суд уйғарыўлары үстинен берилетуғын апелляция, кассация шағымларынан, экономикалық судлар тәрепинен ҳүжжетлердиң дубликатларын ҳәм көширме нусқаларын бергенлиги ушын.

Нызамның қосымшасына муўапық, экономикалық судларға берилетуғын  даўа арза, арзалар, шағымларға төленетуғын мәмлекетлик бажы ставкалары белгиленди. Оған көре,  мүлкий түрдеги даўа арзалардан даўа баҳасының 2 пайызы, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда, мүлкий болмаған даўа арзалардан базалық есаплаў муғдарының 10 есеси, шөлкемлерди ҳәм пуқараларды банкрот деп  табыў ҳаққындағы арзалардан базалық есаплаў муғдарының  3 есеси, хожалық шәртнамаларын дүзиў, өзгертиў яки бийкар ҳаққындағы даўа арзалардан базалық есаплаў муғдарының 10 есеси (киши бизнес субъектлерине усы көрсетилген ставкалардың 50 пайызы муғдарында), апелляциялық, кассациялық арзалардан биринши инстанция судында көрип шығыў ушын берилгенде төленетуғын ставканың 50 пайызы муғдарында, суд ҳүжжетлериниң дубликатларын ҳәмде тәреплер ҳәмде исте қатнасыўшы басқа  шахслардың илтимасына көре экономикалық суды тәрепинен басқа ҳүжжетлериниң көширме нусқаларын бергенлик ушын ҳүжжеттиң ҳәр бир бети ушын базалық есаплаў муғдарының 2 пайызы, төрешилик судының ҳал қылыў қарарлары жүзесинен даўласыў ҳаққындағы, сондай-ақ төрешилик судларының ҳал қылыў қарарларын мәжбүрий орынлаў ушын  орынлаў хат бериў ҳаққындағы арзалардан  базалық есаплаў муғдарының 2 есеси, шет ел судлары ҳәм арбитражларының қарарларын тән алыў ҳәм орынлаў хат бериў ҳақққындағы арзалардан  базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында  мәмлекетлик бажы төленеди.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 114-статьясына  муўапық даўаның баҳасы төмендегише анықланады:

1) пул қаржыларын өндириў ҳаққындағы даўа  арзалар бойынша-өндирилетуғын суммадан келип шыққан ҳалда;

2) мал-мүлкке болған мүлк ҳуқықын тән алыў ҳаққындағы даўалар бойынша-мал-мүлктиң баҳасынан келип шыққан ҳалда;

3)орынлаў ҳүжжетин яки өндириў сөзсиз (акцептсиз) тәртипте әмелге асырылатуғын басқа ҳүжжетти орынлаў мүмкин емес деп табыў ҳаққындағы даўалар бойынша-даўласып атырған суммадан келип шықққан ҳалда;

4) мал-мүлкти талап етип алыў ҳаққындағы даўалар бойынша-усы мал-мүлктиң баҳасынан келип шыққан ҳалда;

5) жер участкасын талап етип алыў ҳаққындағы даўалар бойынша- жер участкасының белгиленген баҳасынан келип шыққан ҳалда, баҳасы болмағанда базар баҳасына көре анықланады.

Даўаның баҳасына  даўа арзада көрсетилген неустойка суммалары да киргизиледи.

Бир неше талаптан ибарат даўаның баҳасы барлық талаплардың  суммасы менен анықланады.

Көрсетилген талаплар менен экономикалық судларына даўа арза берилгенде даўа баҳасы жоқарыда көрсетилген тәртипте анықланып, анықланған сумманың 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарынан кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы пул төлениўи лазым.

Нызамның 19-статьясына муўапық, пул қаржысы болмаған ҳәм бул хызмет көрсетиўши банк тәрепинен тастыйықланған жағдайда, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўшы юридик ҳәм физикалық шахсларға судтың уйғарыўына тийкар мәмлекетлик бажыны төлеўге рухсат берилиўи мүмкин. Банктиң мағлыўматнамасында судқа мүрәжат етилген сәнеден көби менен үш күн алдынғы сәне көрсетилген болыўы мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң талапларына тийкар белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда мәмлекетлик бажы пул төленбегенлиги берилген даўа арза, апелляциялық яки кассациялық арзаны қайтарыў ушын тийкар болады.

Мысалы,  “ALTIBAY ORAZIMBETOV” фермер хожалығы Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2021 жыл 19 февраль күнги ҳал қылыў қарарына наразы болып апелляциялық тәртипте  арза берген. Фермер хожалық банк есап бетинде пул қаржысы жоқлығы себепли апелляциялық арзасын мәмлекетлик бажы пул төлемисиз қабыллаўды сораған.

Фермер хожалығының банктеги есап бетинде пул қаржысы жоқлығы ҳүжжетлер менен тастыйықланбағанлығы себепли судтың 2021 жыл 26 март күнги уйғарыўы менен  апелляциялық арза қайтарылған.

Сондай-ақ, Нызам менен шет ел валютада белгиленген мәмлекетлик бажы ставкалары қайта көрип шығылып, базалық есаплаў муғдарынан келип шығып, оларды сўм эквивалентинде өндириў тәртиби  енгизилди.

Усы күнге шекем мәмлекетлик бажыны қайтарыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленип, бирақ оны қайтарыў мүддетлери, тәртиби ҳәм қайсы органлар арқалы әмелге асырылыўы  анық көрсетилмеген еди. Ендиликте, мәмлекет тәрепинен мәмлекетлик бажы суммаларын қайтарыў бажы пул төлеўшиниң жазба арзасына көре яки судтың ҳал қылыў қарары тийкарында әмелге асырылады. Мәмлекетлик бажыны өндирген мәмлекетлик орган  яки шөлкемниң баслығы  оны қайтарыўдың нызамлылығын тастыйықлаған жағдайда, мәмлекетлик орган яки шөлкем  ҳәм мәмлекетлик бажының басқа алыўшылары алдын өз есап бетлерине өткерилген мәмлекетлик бажы суммаларының тийисли бөлимин  төлеўшиниң жазба арзасын алған күннен баслап бес күн ишинде яки суд ҳүжжетлери тийкарында қайтарады.

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының экономикалық ислери бойынша

судлаў қурамының судьясы                            Гаўхар Зарипова