ҲƏКИМШИЛИК СУДЛАРДА ФОТО СУЎРЕТКЕ АЛЫЎ ҲƏМДЕ ВИДЕО ЖАЗЫЎҒА АЛЫЎ ТƏРТИБИ

 

Ɵзбекстан Республикасы Ҳəкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы Кодекстың 143-статьясына муўапық, ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў қатнасыўшылары ҳәм суд мәжилиси залында қатнасыўшылар жазба жазыўлар жүргизиў, стенограмма жүргизиў ҳәм даўыс жазып алыў ҳуқықына ийе. Суд мәжилисиниң фото сүўретине, видеожазыўына, сондай-ақ радио ҳәм телевидение арқалы трансляция қылыныўына исти көрип атырған судтың руқсаты менен жол қойылады.

 

Суд додалаўының ашықлығын, судлар искерлигине байланыслы мəлимлеме алыў ҳуқықын əмелге асырылыўының, сондай ақ, судлар тəрепинен усы мəселеге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң бирдей қолланылыўын тəмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары суды пленумы тəрепинен 2020-жыл 21-февраль күни 4-санлы «Суд додалаўының ашықлығын ҳәм судлардың искерлигине байланыслы мәлимлеме алыў ҳуқықын тәмийинлеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, қарардың 14-бəнтине кɵре, нызамға муўапық:

 

а) ашық суд мәжилисин фотосүўретке түсириў, видеожазыўға алыў, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларында трансляция етиўге төмендеги тәртипте жол қойылады:

 

пуқаралық исин көриў ўақтында – суд мәжилисинде басшылық етиўшиниң тәреплердиң разылығы алынғаннан кейин берген руқсаты менен;

 

жынаят, ҳәкимшилик, экономикалық исти ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы исти көриў ўақтында – суд мәжилисинде басшылық етиўшиниң тәреплердиң пикирин тыңлағаннан кейин берген руқсаты менен;

 

б) ашық суд мәжилисинде аудиожазыўды әмелге асырыўға төмендеги тәртипте жол қойылады:

 

пуқаралық исин көриў ўақтында – суд мәжилисинде басшылық етиўшиниң тәреплердиң разылығы алынғаннан кейин берилген руқсаты менен;

 

жынаят иси ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы исти көриў ўақтында – суд мәжилисинде басшылық етиўшиниң тәреплердиң пикирин тыңлағаннан кейин берген руқсаты менен.

 

Судлардың итибары суд мәжилиси залында қатнасып атырғанлар ҳәр қандай ис бойынша еркин түрде жазба жазыўлар жүргизиўи, стенограмма жүргизиўи, экономикалық ис ямаса ҳәкимшилик ҳуқықый қатнасықлардан келип шыққан ис көрилип атырғанда болса, сондай-ақ, аудиожазыў жүргизиўи мүмкин екенлигине қаратыў лазымлығы ҳаққында түсиндирмелер берилген.

 

Процесс қатнасыўшыларының илтимаснамаларын, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң мүрәжатларын қанаатландырыў ямаса қанаатландырмастан қалдырыў ҳаққында суд орнында уйғарыў шығарады ҳәм суд мәжилисиниң баяннамасына киргизеди.

 

Суд ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин тарқатылып атырған хабардың дурыслығы, ҳақыйқатлылығы, қалыслығы ҳәм исенимлилиги ушын жуўапкершилик ҳаққында ескертеди ҳәм бул ҳаққында суд мәжилисиниң баяннамасына жазып қойылады.

 

Суд мәжилисиниң барысын нызамда жол қойылған көринисте жазып алыныўын әмелге асырып атырған шахслардың ҳәрекети суд мәжилиси тәртибине кесент етпеўи керек.

 

Суд мәжилисинде қатнасып атырған ҳәм оның барысын жазып алыў ҳуқықынан пайдаланып атырған шахслар тәрепинен бул ҳуқықтың пайдаланыўы суд мәжилиси тәртибиниң бузылыўы болып табылады. Бундай жағдайда суд айыпдар шахсларға процессуал нызамда нәзерде тутылған тәсир илажларын қолланыўға ҳақылы.

 

 

Жанат АЙМАГАНБЕТОВА,

 Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик суды судьясы