КОНСТИТУЦИЯДАҒЫ ТИЙКАРҒЫ ПРИНЦИПЛЕР – ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕРИМИЗ ТИЙКАРЫ

8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Конституциясы  қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен илаж болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Е.Қайыпбергенов, профессор-оқытыўшылар,  студент-жаслар қатнасты. Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Илажды университет ректоры, академик А.Реймов алып барды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, университет жәмәәтин Өзбекстан Республикасы Конституциясының  қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы менен қызғын қутлықлап, елимиздиң дүнья сиясий майданында ғәрезсиз мәмлекет сыпатында өз орнына ийе болыўы, раўажланыў жолын белгилеп, жылдан-жылға абырайының артып барыўы, сондай-ақ, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде – Конституцияның орны ҳәм әҳмийети жоқары екенлигин атап өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Е.Қайыпбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Конституция мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳәр бир мәмлекеттиң келешеги усы ҳүжжетте өз сәўлелениўин тапқанлығын атап өтип, бүгин елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў, пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў жолында ерисип атырған жетискенликлеримиздиң барлығы Конституцияда көрсетилген тийкарғы принциплердиң турмысқа толық енгизилиўи менен байланыслы екенлигин өз баянатларында келтирип өтти.

Атап өтилгениндей, Конституцияның мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеўдеги орны, жәмийет раўажланыўындағы әҳмийети жоқары. Онда белгиленген тийкарғы принциплер, ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўдеги роли айрықша. Байрамға бағышланған илажлар орынларда даўам етпекте.