“Facebook”ТАҒЫ ТАНЫСЫ АЛДАДЫ

 

Шымбай районында туӯылған, шаңарақлы Қошшыбай Бегжанов (базы исим-фамилиялар ѳзгертилди) ѳзиниң отыз еки жасына шекем қол урған алдаӯшылық жынаятлары ушын жынаят ислери бойынша Шымбай ҳәм Қараѳзек районлары судлары тәрепинен үш мәрте судланып, нызамлы жазаға тартылған еди. Бирақ, ол ѳзине қолланылған жазалардан тийисли жуӯмақ шығармады.

 

Қошшыбай ѳзине белгиленген мийнетте дүзетиӯ менен байланыслы жаза мүддетин ѳтеп жүрип, және жынаят иследи. Ол усы жылдың январь айында “Facebook” социаллық тармағы арқалы Гѳззал Айтжанова исимли қыз бенен танысады. Қызға ѳзин “Камалов Азамат” деп таныстырған ол ѳзиниң Қараөзекте жасайтуғынын, елеге шекем үйленбегенлигин, Миллий қәӯипсизлик хызметинде ислейтуғынын, егер қандай да бир “ѳтиниш”лери болса, ҳеш қандай машқалаларсыз питкерип беретуғынын, соның менен бирге, оған үйлениӯ нийетиниң барлығын  айтып, оны алдайды.

 

Усындай күнлердиң биринде гәп арасы Гѳззалға “егер қәлесең, танысларыма айтып, университетке оқытыӯшы етип жумысқа киргизип беремен” деп   исендиреди ҳәм оннан буның ушын 1000 АҚШ доллары муғдарында пул талап етеди. Жигит ѳзиниң жалғанына исенген Г.Айтжановадан талап еткен пулдан 3 млн. 600 мың сум пулын алыӯға ериседи.

 

Қ.Бегжанов буннан кейин де ѳзиниң жынайый ҳәрекетлерин даӯам еттиреди. Бул сапары ол Гѳззалдың Зульфия Айтжнова исимли туӯысқан қыз апасын балаӊды университетке тьюторлық лаўазымына жумысқа орналастырып беремен”  деп алдайды. Оннан усы “хызмет”и ушын 13 млн. сум пул талап етеди ҳәм оның 7 млн. сумын алдаӯшылық жолы менен қолға киргизиӯге ериседи. Арадан ӯақыт ѳтип З.Айтжанованыӊ және 5 млн. сум пулларын ѳзиниң атына ашылған пластик картасына өткизип алып, қолға киргизилген пулларды өз мәпине ислетип жибереди. Солай етип, қәӯипли рецидивист Қ.Бегжанов алдаӯшылық жолы менен пуқараларға материаллық зыян жеткереди…

 

Суд мәжилисинде судланыўшы Қ.Бегжанов ѳзине жǝрияланған айыпты толық мойнына алды ҳәм ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын билдирди. Суд судланыӯшыға пуқараларға келтирилген материаллық зыянды қаплаӯ менен бирге нызамда кѳрсетилген тийисли жаза шарасын тайынлады.

 

 

Раиса БЕКМУРАТОВА,

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы