МӘҲӘЛЛЕДЕ АШЫҚ КӨШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

 

 

Көпшиликтиң хабары бар, кейинги ўақытлары көшпели суд мәжилислери жынаятшылық яки ҳуқықбузарлық исленген аймақта өткерилип, сол жерде жасаўшы пуқараларға жынаятшы яки ҳуқықбузар таныстырып қойылмастан, ал алдағы ўақытлары мине усындай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў, сергекликти кушейтиў, тыныш емес шаңарақ перзентлерин қадағалаў, бир сөз бенен айтқанда ҳәр қандай қылмысқа жаза анық екенлигин түсиндириў тийкарғы мақсет етип белгиленген.

 

Усы тийкарда, Тақыятас районындағы «Нурлы келешек» мәкән пуқаралар жыйынында ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди. Онда басшылық етиўши жынаят ислери бойынша Тақыятас районы судының баслығы Л.Отегенова, район прокурорының жәрдемшиси К.Кадримбетованың қатнасыўында еки шахстың қарсысына топланған ҳәкимшилик ис материаллары көрип шығылды.

 

Сондай-ақ, район ишки ислер органлары пробация топары есабында мийнетке дүзетиў ислери жазасын өтеп атырған бир шахстың ислеген қылмысынан пушайманлығы, қатаң дүзелиў жолына өткенлиги есапқа алынып, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясына тийкар, өтелмей қалған жазасын мүддетинен алдын шәртли азат етиў бойынша районлық ишки ислер бөлими баслығы тәрепинен киргизилген илтимаснамалар да усы көшпели судта көрип шығылып, қанаатландырылды.

 

Буннан соң, суд баслығы Л.Отегенова жыйналғанларға нызамшылыққа киргизилип атырған өзгерис ҳәм жаңалықлар жөнинде кең түрде түсиник берип өтти. Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен 2024-жыл 10-июнь күни қабыл етилген «Оператив-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық,  келеси жылдың январь айынан баслап жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў дәўиринде процессуаллық қарарларға санкция бериў мәселеси жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларында өз алдына судьялар – тергеў судьялары тәрепинен көрип шығылыў тәртиби енгизиледи.

 

Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў дәўиринде тергеў судьясы тәрепинен процессуаллық қарарларға берилген санкциялар тек ғана апелляция инстанциясында Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Өзбекстан Республикасы әскерий суды тәрепинен жеке тәртипте қайта көрип шығылыў тәртиби белгиленди.

 

Илажда мине усылар жөнинде судья тәрепинен анық ҳәм толық түсиниклер берилди.