ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

 

Бердақ атындағы Қарақалпақк мәмлекетлик университетинде тийисли тараў қәнигелериниң қатнасыўында «Коррупция-қәўипли иллет» атамасында илаж шөлкемлестирилди.

 

Онда Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының судьясы М.Байниязов, Ишки ислер министрлигиниң тергеў басқармасы тергеўшиси А.Сарыбаев, Әдиллик министрлигиниң бас мәсләҳәтшиси Н.Бердиниязова, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметинен ўәкиллер сондай-ақ, университеттиң барлық проректорлары, факультет деканлары, кафедра баслықлары ҳәм студент жаслары қатнасты.

 

 

 

Ҳәр қандай раўажланыўдың тамырына балта уратуғын иллетлердиң бири коррупция болып есапланады. Елимизде усындай иллетлерге қарсы гүресиў, олардың алдын алыў мәселесине айырықша итибар қаратылып, бул бағдардағы нызамшылық базасы да жетилистирилмекте. Булар тийкарында пуқаралардың жуўапкершилиги де арттырылмақта.

 

Усындай илажлар алып барылыўына қарамастан, елимиздеги көпшилик тараўларда, соның ишинде, жоқары билимлендириў системасында коррупциялық жағдайлардың ушырасып турғаны бар ҳақыйқат.

 

 

Илажда атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларында коррупциялық жағдайлар тийкарынан студентлер қатарына қабыллаў, оқыў процесинде тапсырылатуғын ҳәр қыйлы тапсырмалар,  сондай-ақ, студентлердиң оқыў орнын көшириў, оқыў бағдарын өзгертиў және оқыўға қайта тиклеўде коррупциялық жағдайлар бақланбақта.

 

 

Бундай унамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде тиккелей Президентимиз басламасы менен барлық жоқары оқыў орынларында профессор-оқытыўшылардың мийнет ҳақы муғдарлары көбейтилди. Ҳәр бир оқыў жылы даўамында оқытыўшылар, студентлер арасында үгит-нәсият ҳәм профилактикалық жумыслар алып барылмақта.

 

Системада коррупциялық жағдайларға қарсы гүресиў, алдын алыў бойынша унамлы нәтийжелерге ерисиў ушын өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.

 

Илаж өз ара пикир алмасыў ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.