ОЙЛАМАЙ БАСЫЛҒАН ҚӘДЕМ

 

Бүгинги күнде илим ҳәм техниканың раўажланыўы, жетилистирилиўи менен, алдаўшылық жынаятының да түрли көринислери көбейип кетти. Әсиресе, кейинги ўақытта көпшиликти тәшўишке салып атырган кибер жынаятшылық ақыбетинде қаншадан қанша адамлар, алданып, бул жынаят қурбанына айланбақта. Сонлықтанда, әтирапта болып атырған ўакыя ҳәдийселерге бийпәрўа болмастан, ҳәр кимниң “Сениң исиңди питкерип беремен, яки болмаса банкте, жоқары турыўшы уйымларда танысларым бар, саған кредит алып беремен, жумысқа киргиземен, мениң аўҳалым дым төмен қарыз берип тур…” Қулласы, бундай сылтаў мысаллардың изин үзбей еле даўам ете бериў мүмкин. Бирақ, өзгелердиң исенимине кирип, түрли ғарезли мәксетлер жолында оннан пайдаланыў, шахсқа материаллық зыян жеткериў -ҳәзирги күнде алдаўшылық жынаятының көриниси. Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллеясында өткерилген нәўбеттеги ашық суд мәжилиси де усындай алдаўшылық жынаяты менен байланыслы.

 

Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен ашық суд мәжилисинде төмендеги курамда басшылық етиўши усы судтың судьясы Аметов, коллегия агзалары судьялар Давлетмуратов ҳәмда Разов, судья жәрдемшиси Отарбаев хаткерлигинде, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы прокуроры, судланыўшы, оның қорғаўшысы, адвокатының қатнасыўында, жынаят иси апелляция тәртибинде көрип шығылды.

 

Ықлас 2001-жыл Қанлыкөл районында туўылған, миллети қарақалпақ, мағлыўматы орта. Ол белгили бир кәсип-өнер ийелеўдиң орнына шуғыл иске қол урып, жаслайынан “судланған” деген тамға алды. Оның менен теңдей-қурбы қурдаслары, дослары кими жоқары оқыў орнында оқып атырған болса, кими усташылық өнерин ийелеп, ата-анасына хожалықта жақын көмекши болып жүр. Ал, Ықлас ше!? Я оқыўды, я жумысты келистире алмаған ол, өзи сыяқлы “бийталап” дос таўып, адамлардын исенимине кирип, өзин пулға мүтәж “бийшара” көрсетип, бир нешше пуқаралардың атларына мобиль телефондағы банклердиң қосымшалары арқалы ҳәр қыйлы муғдарда кредит пулларын шығартып алып, өзиниң мәслиги жолында ислетип жибереди.

 

Атап айтқанда, Ықлас өзгениң мүлкин ямаса мүлкке болған ҳуқықын мәлимлеме технологияларынан пайдаланып, алдаўшылық жолы менен өзлестириў арқалы жынайый жоллар менен материаллық байлық арттырыў мақсетин гөзлеп, өзиниң жынайый шериги “Т” исимли шахс пенен 2022-жылы декабрь айында пуқара “Ш”ға пул керек болып тур, сениң атыңа 3 млн 500 мың сом кредит алайық, ҳәр ай өзим төлемеймен деп, оны алдап пуқара “Ш”ның телефонына коммерциялық банктың қосымшасы арқалы оған барлық мағлыўматларды жүклеп 14 млн 210 мың сом мугдарында кредит шығарыўга ерисип, бул пулларды Хорезм ўәлаятындағы бир фирманың есап бетине өткерип, сол фирма ис жүритиўшисинен бул пуллардан 12 млн 800 мың сомын нақлап алыўга ериседи ҳәм өз мәпи жолында ислетип жиберип, кредит пулларын төлемей, сондай-ақ, пуқара “Ш”ға да бир сом берместен оның исениминен пайдаланып, оған 14 млн 210 мың сом муғдарында материаллық зыян жеткереди.

 

Судланыўшы өзиниң жынайый шериги “Т” исимли шахс пенен және алдаў жолы арқалы пуқара “Ш” дан басқа 3 адамға усындай онлайн кредит алып турайын деген бәне пенен атына кредит алып, оны төлеместен, өз мәпи жолында ислетип жибереди.

 

Солай етип, судланыўшы Ықлас жоқарыдағы өзиниң ис-ҳәрекети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлиминиң «б,г» бәнтлеринде көрсетилген жынаятты қасттан ислегенликте айыплы деп табылған.

 

Ис бойынша судланыўшы өзиниң шаңарақлық жағдайын, алдын судланбағанын, жас шаңарақ екенлигин, жеткерилген зыянлар толық қапланғанлығын итибарға алып жеңиллик қолланыўды сорап, судқа апелляциялық шағым арзасын жазады.

 

Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы ис бойынша топланған дәлиллерди тексерип, оларға баҳа берип суд ҳүкминиң судланыўшы Ықласқа қараған тәрепине өзгерис киритиўди лазым тапты ҳәм уйғарды.

 

Судланыўшы Ықлас Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлиминиң «б,г» бәнтлеринде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, оған ис ҳақысының 10 пайызын мәмлекет пайдасына услап қалған ҳалда 3 жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланып, суд залынан азат етилди.

 

Ықластың жазасы жеңилрегине алмастырылғанлығы бул оны жуўапкершиликтен толық азат етилди дегени емес, ал жәмийеттен айырып тасламаған ҳалда мийнетке дүзетиў, дурыс жолды таңлап, ҳадал жасаўына және бир мүмкиншилик.

 

Солай екен, ойланбай басылған ҳәр бир қәдем келешек ушын қәўипли тосық болыўы мүмкин. Жынаятқа жаза бар екенлигин умытпаң!

 

Алишер АМЕТОВ,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы