ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНЫҢ 31 ЖЫЛЛЫҒЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ

Быйыл Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 31 жыл толды. Конституция мəмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳəр бир мəмлекеттиң келбети ҳəм келешегин белгилейди. 1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы мəмлекетимиздиң ең жоқары юридикалық күшке ийе бол­ған Тийкарғы нызам есапланады.

Сәне мүнәсибети Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында ушырасыў болып өтти. Оған жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты. Илажды Филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм басқарып барды.

Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының аға жәрдемшиси А.Джумамуратов­ҳәм Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары Б.Қтайбеков ҳәм филиал оқытыўшысы М.Шамуратовалар шығып сөйлеп, Конституциямыздың халқымыз турмысындағы әҳмийети, мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, жаслар сиясаты ҳәм басқа да әҳмийетли өзгерислерди жүргизиўдиң тийкарғы ҳуқықый таянышы екенлигин атап өтти.

Конституция елимиз пуқараларының ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе бол­ған Бас нызам есапланады.

– Ҳәр бир пуқараның нызамлы мәплери ҳәм еркинлигин тәмийнлеўде Конституция баслы ҳуқықый ҳүжжет болып табылады, – дейди Жаслар менен ислесиў, Руўхый әм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары А.Отепбергенов. – Келешек ийелери болған жасларды ана Ўатанға садық руўхында тәрбиялаўда ҳәм олардың ҳуқықый санасын асырыўда Конституциямыздың мазмун-әҳмийетин жасар қәлбине сиңдириўдеги ийгиликли жумысларымызды еле де тереңирек даўам еттириўимиз лазым.

Илаж студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.