КОНСТИТУЦИЯМЫЗДЫҢ ЖАСЛАР ТУРМЫСЫНДАҒЫ ӘҲМИЙЕТИ

9-апрель-Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилген күн. Буннан 31 жыл бурын қабылланған бул ҳуқықый ҳүжжет халқымыздың ерк-ықрарын көрсетиўши ҳәм жәмийетимиздиң раўажланыўына жол ашып бериўши республикамыздың тийкарғы нызамы болып табылады.

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында 9-апрель-Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығына бағышланған салтанатлы байрам кешеси болып өтти.

Филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасқан байрам кешесинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы П.Айтниязов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы Е.Утениязов, филиал директорының биринши орынбасары Р.Хайдаровлар шығып сөйлеп, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясының қабыл етилиў тарийхы, ондағы бөлим, бап, статьяларды таярлаўда ислеген қәнигелер ҳәм ҳүжжетлерди қабыл етиў процеси, Конституцияның кең жәмийетшилик турмысындағы атқарып атырған хызметлерине жоқары баҳа берди.



Сондай-ақ, кешеде Конституцияда жаслардың билим алыўы ҳәм кәсип өнер ийелеўи ушын жаратылған шараятлар ҳәм имканиятларға да кең түрде тоқтап өтилди. Соның ишинде, филиал студенти Зайнаб Дайыбекова ҳәм басқа да жаслардың соңғы жыллары ерискен табыслары мақтаныш пенен сөз етилди.

Кешеде студентлер тәрепинен баянатшыларға сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар берилди.