КОНСТИТУЦИЯДАҒЫ НОРМАЛАР БӘРИНЕН БУРЫН ИНСАН МӘПИ УШЫН ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен факультет деканлары, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ҒХҚ ўәкиллериниң қатнасыўында салтанатлы илаж болып өтти.

Салтанатлы илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Илажды институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров басқарып барды.

    

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлепесов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары А.Өтемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Конституция – ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхы, бүгинги күни ҳәм келешегин, халықтың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши тийкарғы нызам екенлигин атап өтип, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.

Бас Нызамымызда барлық нормалар бәринен бурын инсан ҳуқықлары менен мәплерин кепилликке ала отырып, инсан-жәмийет-мәмлекет принципи тийкарында ислеп шығылған.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова Бас Нызамымызда белгиленген нормалардың турмысымызда тутқан орны, соңғы жылларда елимизде билимлендириў тараўы, соның ишинде, жаслардың жоқары мағлыўматлы болыўы ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берди. Соның менен бирге, Жоқары Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы, сондай-ақ, бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге киргизилиўи белгиленип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар атап өтилди.

Илажда институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының баслығы Е.Тилеўов, усы тәлим бағдарының студенти Е.Қасымовлар Конституцияда инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлери, олар тийкарында ислеп шығылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының Бас нызамымызда беккемлеп қойылғанлығы ҳаққында баянатлар жасады.