ДАЎАГЕР ЎӘКИЛИНИҢ БИРИНШИ СУД МӘЖИЛИСИНЕ КЕЛМЕГЕНЛИГИ АҚЫБЕТЛЕРИ

 

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы аймақлық басқармасы даўагер “Банк” мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “A” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм шерик жуўапкер “B” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен солидар тәртипте 11 341 322 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 556 481 000 сом пайыз қарыздарлығын ҳәм 884 758 000 сом пеня ѳндириўди сораған.

 

Биринши инстанция судының 2023-жыл 1-декабрь күнги уйғарыўы менен даўа арза ис жүритиўге алдыннан мәмлекетлик бажы тѳлемисиз қабыл етилип, ис 2023-жыл 14-декабрь күни саат 12-00ге суд имаратына ашық суд мәжилисинде кѳрип шығыў ушын тайынланған ҳәмде уйғарыў тийисли тәртипте тәреплерге E-XSUD электрон мәлимлеме системасы арқалы гибрид почта менен жиберилген.

 

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуалық кодексиниң 128-статьясы биринши бөлимине муўапық, егер суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги туўрысында суд мәжилиси басланғанға шекем мағлыўматларға ийе болса, бул қатнасыўшы тийисли тәризде хабардар қылынған деп есапланады.

 

Уйғарыў Палатаға ҳәм даўагерге 2023-жыл 4-декабрь күни, жуўапкерге  2023-жыл 2-декабрь күни, шерик жуўапкерге болса 2023-жыл 6-декабрь күни мәнзиллерине тийисли тәртипте жеткерилген. Бул ҳаққында гибрид почта мағлыўматнамасы судқа келип түскен.

 

Сондай-ақ, Палата яки даўагер ўәкиллери суд мәжилисине келмеген болып, исти өз ўәкиллериниң қатнасыўысыз кѳрип шығыў ҳаққында арза бермеген.

 

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуалық кодексиниң 107-статьясы 6-бәнтине муўапық, даўагер биринши суд мәжилисине келмеген ҳәм исти ѳзиниң қатнасыўысыз кѳрилиўи туўрысында арза бермеген болса, суд даўа арзаны кѳрместен қалдырады.

 

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19-декабрьдеги “Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин ѳндириў әмелияты ҳаққында”ғы 36-санлы Қарарының 17-бәнтиниң төртинши хатбасысына көре, мәмлекетлик бажы тѳлеўден азат етилген мәмлекетлик органлар ҳәмде басқа шахслар юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мәпинде киритилген даўа арзалары (арзалары) кѳрместен қалдырылғанда яки ис жүритиўден қысқартылғанда мәмлекетлик бажы мәпи гѳзленип даўа киритилген даўагерлерден ѳндириледи, буннан “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамның 18-статьясына кѳре даўа кѳрместен қалдырылған яки ис жүритиў қысқартылған жағдайлар тысқары, деп түсиндирилген.

 

Сонлықтан, биринши инстанция судының 2023-жыл 14-декабрь күнги уйғарыўы менен даўа арза көрместен қалдырылған, даўагерден республика бюджетине 255 651 220 сум мәмлекетлик бажы пул өндирилген.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы