ЖОЛ ҲӘРЕКЕТИ ҚАҒЫЙДАСЫНА ӘМЕЛ ЕТПЕЎ 5 АДАМНЫҢ ӨМИРДЕН КӨЗ ЖУМЫЎЫНА СЕБЕП БОЛДЫ

 

Пүткил дүнья жүзи бойлап белгиленген арнаўлы стандарт бойынша жол ҳәрекети қағыйдалары ислеп шығылған болып, бул қағыйдалар инсан өмири ҳәм ден-саўлығы, сондай-ақ жол ҳәрекетин тәртипке салып турыў ушын ислеп шығылған.

 

Транспорт басқарыўшыларының автотранспортларды жолларда жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпей басқарып жүриўлери тек ғана өзлерине емес, ал басқада жол ҳәрекети қатнасыўшылырының өмирине ҳәм ден-саўлығына қәўип туўдырады. Бул ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы тез-тезден көрсетиўлер, үгит-нәсият жумыслары ҳәм ўақыя орынларынан репортажлар таярланып көрсетилиўине қарамастан бизиң ўақыямыз қаҳарманы жол ҳәрекети қағыйдасына әмел етпеген.

 

Судланыўшы Даврон 2023-жыл 14-май күни саат 02:30 да өз басқарыўындағы пуқара Мадетке тийисли ақ реңли «Кобальт» маркалы мәмлекетлик белгиси 95/М965ЕА болған автомашинасын А-380 «Гузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолы менен «Даўыт-ата» бажыхана шегара посты тәрептен Қоңырат районы орайына қарай басқарып баратырып, усы асфальт жолдың 892-893 километрине келгенинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-апрель күнги 172-санлы қарары менен тастыйықланған ҳәм 2022-жыл 01-май күнинен баслап әмелде болған «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 12-бәнти 1-киши бәнтинде, «айдаўшыларға транспорт қуралын ҳәр қандай мәс ҳалында, сезгирликти ҳәм итибарды төменлетиўши дәри-дәрмақлар тәсиринде, жол-ҳәрекети қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын дәрежедеги шаршағанлық ҳәм бийтаплықта басқарыў қадаған етиледи”, 77-бәнтинде, «айдаўшы ҳәрекеттиң көп екенлигин, транспорт қуралы ҳәм жүктиң өзгешелиги ҳәмде жағдайын, жол ҳәм ҳаўа-райы шараятын, сондай-ақ, ҳәрекет етиў бағытындағы көринисти есапқа алған жағдайда транспорт қуралын белгиленген тезликтен асырмай басқарыўы керек; тезлик айдаўшыға қағыйдалардыӊ талапларын орынлаў ушын транспорт қуралының ҳәрекетин турақлы қадағалап барыў мүмкиншилигин бериўи керек; ҳәрекет етиў ўақтында айдаўшы анықлай алыў мүмкиншилиги болған қәўип пайда болса, ол транспорт қуралының тезлигин толық тоқтата алатуғын дәрежеде пәсейтиў яки тосқынлықты басқа ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қәўип туўдырмаған ҳалда айланып өтиў иләжларын көриўи керек» деп көрсетилген талапларды бузып, жолға сезгирлик ҳәм итибар менен қарамастан, автомашинасының басқарыўын жойтып, асфальт жолдан шығып кетип, жолдың қубла тәрепки шетиндеги қумлық жерге аўдарылған. Нәтийжеде, усы автомашинаның жолаўшылары 04.05.1977-жыл туўылған пуқара Жумабай, 17.06.1984-жыл туўылған пуқара Айжан, оның 20.01.2018-жыл туўылған жас өспирим перзенти Нурбек, 13.01.1982-жыл туўылған пуқара Жансая, 03.02.1976-жыл туўылған пуқара Қыятлар аўыр дене жарақатын алып, қайтыс болған.

 

Судланыўшы Даврон жоқарыдағы жынайый ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 266-статьясы 3-бөлиминиӊ «а» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислеген.

 

Суд мәжилисинде, судланыўшы Даврон айыбын толық мойынлап қылған исинен шын кеўилден пушайман болып, жәбирлениўшилердиң нызамлы ўәкиллеринен кеширим сорады, оған усы статья менен 3 (үш) жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылып, 8 (сегиз) жыл мүддетке еркинен айырыу жазасы тайынланды.

 

Судланыўшы Даврон жол ҳәрекети қағыйдасына әмел етпегенлиги ақыбетинде 5 инсан өмирден ерте көз жумды.

Сонлықтанда, жолға шыққан ҳәр бир инсан әсиресе, автомобиль басқарыўшылары жүда сергек ҳәм жуўапкершиликли болыўы керек. Өйткени, олар өзлери менен бирге сол автомобилинде алып баратырған жолаўшылардың да өмири ҳәм денсаўлығына жуўапкер. Жолларда қырағы ҳәм сергек болыў дәўирдиң талабы. Сени шаңарағыңда ата-анаң, өмирлик жолдасың, перзентлериң күтип отырғанын умытпа!

 

Берик АЙМУРАТОВ,

жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды судьясы