МОЙНАҚТА АШЫҚ КӨШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы Ж.Кдырниязов тәрепинен райондағы 3-санлы мектеп имаратында ашық кɵшпели суд мәжилиси ɵткерилди. Онда 4 шахстың қарсысына топланған ҳәкимшилик ис материаллары кɵрип шығылды.

 

Ашық кɵшпели суд мәжилисинде 1 ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ҳаққындағы ис тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 21-2-статьясына тийкар өндиристен қысқартырылды. 2 шахсқа жәрийма жазасы, 1 шахсқа ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды. Көшпели суд мәжилиси қатнасыўшыларына ҳар қандай ҳуқықбузарлық яки қылмыс жазасыз қалмайтуғынлығы, сонлықтан тәрбияны ҳәр ким биринши нәўбетте өзинен баслаў кереклиги айтылды. Себеби, нызамларды ҳүрмет етип, ҳадал жасасаң әлбетте, жәмийеттен, өмирден ылайықлы орын таўып, абырой атаққа ерисесең, ал керисинше болса-барар мәнзилиң анық. Солай екен, әсиресе, жасларға бул турмыслық мысаллар арқалы түсиндирилип, өткерилген суд мәжилисинен дурыс жуўмақ шығарыўға шақырылды.

 

Суд мәжилисинен соң, суд баслығы тәрепинен жыйналғанларға 2024-жыл 1-февралдағы “Педагогтың ҳуқықый статусы ҳаққында”ғы Ɵзбекстан Республикасы Нызамының мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирип берилди. Атап өтилгениндей, бул нызам менен педагоглардың ҳуқықлары, миннетлемелери, искерлигиниң тийкарғы кепилликлери, мийнетине ылайықлы ҳақы төлеў, хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў принциплери белгиленгенди. Педагогтың ҳуқықлары, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик абыройы мәмлекет қорғаўы астында болады. Сондай-ақ, улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде биринши мәртебе ислеп атырған шахсқа бир оқыў жылы дәўирине устазлық етиў ушын тәжрибели педагог бириктириледи.

 

Нызамға бола, педагогты кәсиплик искерлиги менен байланыслы болмаған ислерге, атап айтқанда аймақларды абаданластырыўға ҳәм аўыл хожалығы ислерине тартыў, педагогтан оның кәсиплик миннетлемелерине тийисли болмаған есабатларды ҳәм басқа мағлыўматларды, мысалы питкерицшилердиң бәнтлиги тәмийинленгенлиги ҳаққындағы есабатларды қәлиплестириўи ҳәм усыныўды талап етиў, оларға товар ҳәм хызметлерди сатып алыў миннетлемесин жүклеў, сондай-ақ, ис ҳақыдан оның жазба разылығысыз товар ҳәм хызметлер ушын қаржы услап қалыў қатаң қадаған етиледи.

 

Илажда судья тәрепинен усы ҳәм басқада Нызамлардағы өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.

 

Жеткиншек КДЫРНИЯЗОВ,
жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы