КӨШПЕЛИ СУД МӘЖЛИСИНДЕ 27 ШАХСТЫҢ ҚАРСЫСЫНА ТОПЛАНҒАН ҲӘКИМШИЛИК ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚ ИСЛЕРИ КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ
Жынаят ислери бойынша Тақыятас районы суды баслығы Л.Отегенова тәрепинен Тақыятас районы Ишки ислер бɵлиминде кɵшпели суд мәжилиси ɵткерилди.
Онда 27 шахсқа қарата 26 ҳәкимшилик ис материалы кɵрип шығылды. Кɵшпели суд мәжилисинде 5 ҳәкимшилик ис материалы бойынша 5 шахсқа 1 жыл 6 ай мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырыў ҳәм жəрийма жазасы, 2 шахсқа қарата ҳәкимшилик қамақ жазасы, 13 шахсқа қарата жәрийма жазасы тайынланып, 6 шахсқа қарата ис материалы қысқартылып, 2 ҳәкимшилик иси тәреплердиң жарасқанлығы мүнәсибети менен өндиристен тоқтатылды.
Буннан соң, суд баслығы жыйналғанларға крипто активларды нызамсыз сатып алыў ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленгенлиги, бул Өзбекстан Республикасының 899-санлы Нызамында айрықша белгиленип, усы нызам менен бир катап кодекслерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенлигин айтып, ҳуқықый түсиник жумысларын алып барды. Буннан тысқары, Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрдеги «Ɵзбекстан-2030» стратегияси ҳаққында”ғы ПФ-155-санлы Пәрманының мазмунын түсиндирип ɵтти.
Сондай-ақ илаж соңында жыйналғанларға дурыс жуўмақ шығарыў мақсетинде жол трансп орт ҳәдийселери менен байланыслы ҳәр қыйлы жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша видео роликлер де қойып берилди.