НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

Соңғы жылларда мәмлекетимизде ден-саўлықты сақлаў саласын түпкиликли реформалаў, оны раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў мәмлекет сиясатының алдағы бағдарларынан бирине айланды. Бирлемши медицина-санитариялық жәрдемди, қыстаўлы медициналық жәрдемди ҳәм қәнигелистирилген медициналық хызметлер тармағын өз ишине алыўшы үш басқышлы миллий медицина модели жаратылды, ҳалыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлер нәтийжелилигин, сыпатын ҳәм қолайлығын асырыў тәмийинленбекте.

Соның менен бирге, ақырғы ўақытларда наўқаслар ҳәм олардың жақын туўысқанлары тәрепинен медицина хызметкерлерине қастыянлық етиў жағдайлары көбейип бармақта. Бунда медицина хызметкерлерин наўқаслардың ден-саўлығы жаманласыўында яки өлиминде тийкарсыз айыплаў, сондай-ақ ҳеш бир себепсиз шыпакерлерге ҳәм орта медицина хызметкерлерине қастыянлықетиў жағдайлары жүз бермекте.

Усындай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў, медицина саласы хызметкерлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасының 2023 жыл 27 март сәнесиндеги ӨРН-827-санлы «Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық қылғанлық ушын жуўапкершилик белгилениўи мүнәсебети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киритиў ҳақында»ғы Нызамы  менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси төмендегише,

«Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық етиў» деген мазмундағы 1977-статья менен толықтырылды.

Оған көре, медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық қылыў яки сол мақсетте медицина хызметкерине нызамға қайшы рәўиште ҳәр қандай формада тәсир өткериў, —

пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бес есесинен жети есесине шекем, лаўазамлы шахсларға болса — жети есесинен он есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға яки он бес суткаға шекем мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.

Мен ойлайман нызамшылыққа киргизилип атырған бул өзгерислер жәмийетимизде медицина саласы хызметкерлерине қарата жүз берип атырған жоқарыдағыдай кеўилсиз жағдайлардың ҳәм олардың кәсиплик искерлигине ҳәр қандай түрде араласыўлардың алдын алыўға, медицина хызметкерлериниң ҳуқықларын қорғаўға, шыпакерлик кәсибиниң абырайын асырыўға, пуқараларымызға өз ўақтында ҳәм сапалы медициналық жәрдем көрсетилиўине хызмет етеди.

 

 

Еркин УТЕНИЯЗОВ,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы