Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине суд ҳүжжетлерин ревизия тәртибинде қайта кѳриў бойынша киргизилген ѳзгерислер ҳаққында

Атап айтқанда, суд-ҳуқық системасын және де жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў шараларын күшейтириў, әдил судлаўды сыпатлы тәмийинлеў бойынша изшил ислер алып барылды. Алып барылған ислер нәтийжесинде әдил судлаўды әмелге асырыў процессинде шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа шықты.

Соның менен бирге, бүгинги күнде суд қарарларын қайта кѳриў институтының анализи усы институтты жетилистириў арқалы әмелдеги тәртипти қайта кѳрип шығыў зәрүрлигин кѳрсетти.

Сол себепли Ѳзбекстан Республикасының 2023-жыл 25- декабрьдеги Нызамы менен Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине бир қанша ѳзгерислер киритилди.
Атап айтқанда, Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине жаңадан 36-бап киргизилип, оған муўапық районлар аралық, район, қала судлары тәрепинен судларда биринши инстанция судында кѳрилген ислер ўәлаят судларында ҳәм оларға теңлестирилген судларда апелляция яки кассация тәртибинде, ўәлаят судлары ҳәм оларға теңлестирилген судлар тәрепинен апелляция яки кассация тәртибинде кѳрилген ислер усы судларда ревизия тәртибинде, ўәлаят судлары ҳәм оларға теңлестирилген судлар тәрепинен ревизия тәртибинде кѳрилген ислер Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясында ревизия тәртибинде қайта кѳрилиўи, айырым жағдайларда Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен кѳрилген ислер Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумында ревизия тәртибинде қайта кѳрилиўи бойынша нормалар киргизилди.

Соның менен бирге, Экономикалық процессуал кодексиниң  309-статьясына муўапық ревизия тәртибинде шағым (протест) келтириў тәртиби белгиленип оған муўапық ревизия тәртибинде шағым (протест) исти ревизия тәртибинде кѳретуғын Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судлары атына жолланады, бирақ, шешиўши қарары қабыл қылған судқа бериледи.
Шешиўши қарарын қабыл қылған суд ревизия тәртибиндеги шағым (протест) келип түскен күннен баслап бес күнлик мүддетте оны ревизия тәртибинде кѳретуғын Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судларына ис пенен бирге жибериўи шәрт.

Усы Кодекс 307-статьясының екинши ҳәм үшинши бѳлимлеринде кѳрсетилген суд ҳүжжетлери үстинен ревизия тәртибиндеги шағым (протест) тиккелей Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судына бериледи.

Экономикалық процессуал кодексиниң 310-статьясына муўапық ревизия тәртибинде шағым (протест) биринши инстанция судының шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары нызамлы күшине кирген күннен баслап бир жыл ишинде бериледи.

Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судларына ревизия тәртибиндеги шағым (протест) бериў мүддети кассация инстанциясы суды тәрепинен қарар қабыл қылынғанға шекем ѳткен болса, ревизия тәртибиндеги шағым (протест) кассация инстанциясы суды қарар қабыл қылған күннен баслап үш ай ишинде берилиўи мүмкин.
Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясына ревизия тәртибинде шағым (протест) бериў мүддети Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судлары тәрепинен исти ревизия тәртибинде кѳриў нәтийжелери бойынша қарар қабыл қылынғанға шекем ѳткен болса, ревизия тәртибиндеги шағым (протест) усы судлар тәрепинен исти кѳриў нәтийжелери бойынша қарар қабыл қылынған күннен баслап үш ай ишинде берилиўи мүмкин.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумына Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының, Бас прокурордың протести усы Кодекс 307-статьясының биринши бѳлиминиң екинши ҳәм үшинши хатбасыларында кѳрсетилген шахслардың мүрәжаты келип түскен күннен баслап үш ай ишинде, лекин Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен исти ревизия тәртибинде кѳриў нәтийжелери бойынша қарар қабыл қылынған күннен баслап алты айдан артық болмаған мүддетте киргизилиўи мүмкин.

Ревизия тәртибиндеги шағым (протест) бериўдиң ѳткерилип жиберилген мүддети ревизия тәртибинде шағым (протест) берген шахстың илтимаснамасы бойынша суд тәрепинен, егер илтимаснама шағымды (протестти) бериў мүддети ѳткен күннен баслап үш айдан кешиктирмей берилген ҳәм ревизия тәртибинде шағымды (протестти) бериў мүдддети ѳткерип жиберилиўиниң себеплери суд тәрепинен кеширимли деп таўылған болса, тиклениўи мүмкин.

 

Алишер Аяпов,

Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислери бойынша судьясы