Конституциялық судқа байланыслы нызамшылықтағы жаңалықлар

Бәршемизге мәлим болғанындай мәмлекетимизде 2023-жыл  30-апрель күни өткерилген Өзбекстан Республикасы референдумында улыўма халықлық даўыс бериў жолы арқалы жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилди. Жаңаланған Конституция Жаңа Өзбекстан стратегиясын әмелге асырыўдың сиясий-ҳуқықый тийкарларын жаратып, миллий мәмлекетшилик раўажланыўының тарийхый әҳмийетли басқышында мәмлекет ҳәм жәмийетти жәнеде раўажландырыўдың баслы бағдарларын белгилеп берди.

Жаңаланған Конституция менен Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына ҳәмде оның ўәкилликлерине байланыслы жаңа нормалар белгиленди.

Сонлықтан, жаңаланған Конституция нормаларына тийкарланып «Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамына Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 12-январьдағы ӨРН-895-санлы Конституциялық нызамы менен өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Киритилген өзгерислерге көре, Конституциялық суд ўәкилликлерине Өзбекстан Республикасының Президенти тәрепинен имзаланғанға шекем – Өзбекстан Республикасы конституциялық нызамларының, ратификация қылыў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы нызамлары, Өзбекстан Республикасының Президенти тәрепинен имзаланғанға шекем – Өзбекстан Республикасы халық аралық шәртнамаларының Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығын анықлаў, Өзбекстан Республикасы референдумына шығарылып атырған мәселелердиң Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққында жуўмақ бериў, сондай-ақ, өз ўәкилликлери қатарына киритилген мәселелер бойынша нызамшылық басламасы ҳуқықы берилиўи бойынша өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

Буннан тысқары, алдын Нызамға муўапық Конституциялық суд судьялары биринши мәрте бес жыллық мүддетке, нәўбеттеги мүддетке он жыллық мүддетке, лекин еки мәртеден артық болмаған мүддетке сайланыўы белгиленген болса, ендиликте нызамға киргизилген өзгерислерге көре Конституциялық судтың судьялары қайта сайланыў ҳуқықысыз он жыллық мүддетке сайланады.

 

 

Спартак Ниязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы