Ҳəкимшилик суд тараўындағы жаңалықлар

Кейинги жылларда «Жаңа Ɵзбекистан— жаңа суд» принципи шеңберинде халықтың əдил судлаўға ерисиў имкəниятларын жəнеде кеңейттириўге, инсанның қəдир-қымбаты үстинлигин тəмийинлеўге қаратылған айрықша реформалар əмелге асырылды.

Атап айтқанда, елимизде мəмлекетлик уйымлар ҳəм лаўазымлы шахсларының искерлиги үстинен нəтийжели суд бақлаўын орнатыў, сондай-ақ, пуқаралар ҳəм исбилерменлик субъектлериниң əдил судлаўға ерисиў дəрежесин асырыў, мəмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳəм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нəтийжели қорғалыўын тəмийинлеў барысында турақлы реформалар əмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, бүгинги күнде суд қарарларын қайта кɵриў институтының анализи усы институтты жетилистириў арқалы əмелдеги тəртипти қайта кɵрип шығыў зəрүрлигин кɵрсетпекте.

Ɵзбекстан Республикасының «Суд қарарларының нызамлылығы ҳəм тийкарлылығын тексериў тəртибиниң жетилистирилиўине байланыслы Ɵзбекстан Республикасының ҳəкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине ɵзгерис ҳəм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамы 2023-жыл 25-декабрь күни қабыл етилип, усы нызам менен Ɵзбекстан Республикасының ҳəкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине ислерди кɵриўдиң ɵте орайластырылыўын сапластырыў, пуқаралардың узақ аймақлардан судқа келип əўере болыўының алдын алыў мақсетинде ўəлаят судлары ҳəм оларға теңлестирилген судларда ислер апелляция ямаса кассация ҳəм ревизия тəртибинде кɵрилиўи, ислер ревизия тəртибинде Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Ҳəкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясында ҳəм айрықша жағдайларда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумында кɵрилиўин ҳəмде жоқары инстанция судлары тəрепинен ислерди жаңадан кɵриў ушын биринши инстанция судына жибериў тəртибин бийкар етиў, сондай ақ жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықлар менен байланыслы ислерди ҳəкимшилик судлар тəрепинен кɵриўде прокурор қатнасыўы шəртлигин нəзерде тутыўшы ɵзгерис ҳəм қосымшалар киритилмекте.

Усы нызам пуқаралардың Ɵзбекстан Республикасының Конституциясында нəзерде тутылған суд арқалы қорғаў ҳəм судқа шағым етиў ҳуқуқы кепилликлерин жəне де асырыўға, олардың бузылған ҳуқық ҳəм еркинликлерин, сондай-ақ нызамлы мəплерин кеңирек қорғаўға, əдил судлаўға ерисиў дəрежесин жəнеде асырыўға, ислердиң сапалы ҳəм ɵз ўақытында кɵрилиўине, суд қарарларын қайта кɵриўде орта буўын— ўəлаят судлары ҳəм оларға теңлестирилген судлар имкəниятларынан нəтийжели пайдаланыўға, сондай-ақ пуқаралардың судлардағы артықша қəрежетлериниң тежелиўине хызмет етеди.

 

 

 Жанат Аймаганбетова,

Қарақалпақстан Республикасы  ҳəкимшилик суды судьясы