Жынаятқа жаза тайын

«Бирди көрип шүкир кыл, бирди көрип пикир қыл» деген даналықтың турмыста көп тастыйығын көрип атырған болсақьа, бүгин негедур және еследим. Турмыстың өзине жараса аўыр «мушы» бар, оған шыдам берип, сабыр етсең, мийнет етип, шаңарағына, перзентлериңе ҳадал нан жегизсең, ўақыт өтип әлбетте оның сыйлығын аласаң, рәҳәтин көресең. Ал керисинше болса, әлбетте ислеген қылмысыңа жараса сазайыңды, жазаңды аласаң.

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының баслығы Ш.Шамамбетовтың басшылығында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студент жаслар ҳәм кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында өткерилген көшпели ашық суд мәжилиси де жокарыдағы пикиримиздиң тастыйығы.

   

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды төмендеги курамда, басшылық етиўши суд баслығы Ш.Шамамбетов, судья жәрдемшиси Р.Джуманиязованың хаткерлигинде, тәреплерден – мәмлекетлик айыплаўшы – Нөкис қаласы прокурорының жәрдемшиси А.Асенбаева, судланыўшы Ш.К оның қорғаўшысы адвокат М.Бабаназаров, жәбиркешлер Б.У, Г.К, пуқаралық даўагер Р.Хлардың қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими «а» бәнти менен айыпланған К.Ш қарсысындағы жынаят иси көрип шығылды. 1984-жыл Шымбай районында туўылған, шаңарақлы үш перзенттиң әкеси К.Ш турақлы пайдалы жумыс пенен шуғылланбастан, қол ушы талап ислеп, ишиўшиликке берилип кетеди. Ал, аўылда қалған бала-шағасы болса оны «қалада хожалығы ушын тынбай жумыс ислеп атыр, бизлерди бағаман деп» ойлап үйинде күтип отыр.

Ол жаз айларында пайтахт көшелерин аралап, есиги ашық турған уй болса кирип, көздиң тасасын таўып, қолына илинген затты алып кете берди. Ол ҳаяллар кофтасыма, сумкасы ма… қулласы қолға илинип араққа пул тапқандай болса болды…

   

Дәслепки урлаған буйым ҳәм кийим-кеншеклери менен пуқара Г.Т. ға жәми 1.000.000 сум муғдарында материаллық зыян жеткерилген болса, судланыўшы К.Ш бул ҳәрекетлери менен шекленип қалмастан, тәкирар урлық яғный өзгениң мал-мүлкин жасырын рәўиште тәкирар талан-тараж етиў мақсетинде спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында 2023-жыл 05-сентябрь күни саат 06:00ларда Нөкис каласы Ж.Сейтов көшесиндеги жайдың дәрўазасының ашық қулыпланбастан турғанлығынан пайдаланып, усы дәрўазадан кирген жеринде турған пуқара У.Бға тийисли болған орташа базар баҳасы 3.500.000 сум болған бир дана көк реңли темир тачкасын жасырын рәўиште талан-тараж етип, ўақыя орнынан жасырынған. Жәнеде өзиниң урлығын жасырыў мақсетинде темир-терсек базарына апарып, көтерген баҳасына сатып жиберген.

   

Буннан басқада, усындай түрли кийим-кеншек ҳәм буйымларды урлап, сатып тапқанына арақ ишип кун өткерип жүрген К.Шның қылмысы тез арада ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен анықланды.

Көшпели ашық суд мәжилисинде судья судланыўшының, жәбиркешлердиң көрсетпелерин, мәмлекетлик айыплаўшының ҳәм адвокаттың пикирлерин, судланыўшының жарыс ҳәм ақырғы сөзлерин тыңлап, ис материаллары менен бирге салыстырып, тексерип шығып ҳүким етти. Суд ҳүкими менен К.Ш Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими «а» бәнти менен айыплы деп табылып, 3 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

   

Судланыўшы К.Ш ның бул қылмысы саналы ҳәр бир адамды ойландырмай қалмайды. Себеби, өзиниң күш-жигерге толы, әйне перзентлерине аталық меҳир ҳәм тәрбияны беретуғын дәўирин енди темир тор артында өткереди. Бәлким, бул оған сабақ болып, ислеген қылмысынан дурыс жуўмақ шығарып, дурыс жолға, жаңа ҳадал өмирге қайтыўына тийкар болса тәжийп емес.

 

Шарапат Шамамбетов,
Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының баслығы