Жәмийетимизде гендер теңлигин тәмийинлеўдиң ҳаял-қызларға қарсы зорлық ҳәм күш ислетиўлердиң алдын алыўдағы әҳмийети

Бир неше жыллардан бери Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ)ниң бәрше күши «Турақлы раўажланыўдың мақсетлери»не толық жетисиўге бағдарланған.

Халық-аралық көлемде БМШниң Турақлы раўажланыў мақсетлери – басқа бир қатар мәселелер менен бир қатарда гендер теңлиги, ҳаял-қызлар имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, социаллық теңлик мәселелерин қамтып алған. Ал, оның 5 мақсети әйне Гендер теңлигин тәмийнлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм имканияталарын кеңетиўден ибарат.

БМШниң Турақлы раўажланыў мақсетлерине көре, сиясатта ҳәм жәмийет турмысының бәрше салаларында ҳаял-қызлардың толық ҳәм тең қатнасыўын тәмийинлеў раўажланыў ушын оғада әҳмийетли.

Соңғы жылларда мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўы саласында алып барылып атырған илимий-изертлеўлер – социаллық турмыс келешегине унамсыз тәсир көрсетиўши ҳәдийселерден болған ерлер ҳәм ҳаял-қызлардың тең ҳуқық ҳәм имканиятлары машқалаларын өз ўақтында сапластырыў, басшы ҳәм хызметкерлердиң менежмент саласында жумыс алып барыўдың ең алдыңғы усыллары ҳәмде билим ҳәм компетенцияларын өзлестириўине байланыслы екенлигин көрсетеди.

Жаңаланып атырған Өзбекстанның реформалары қатарында инсан ҳуқық ҳәм мәплериниң үстинлиги, атап айтқанда ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ҳуқықларының қорғалыўы, жәмийетте ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәмде имканиятларына итибар мәселеси кең орын алған.

Өзбекстан Республикасы ҳаял-қызларға қарата кемситиўдиң анық түсинигин ашып бериўши БМШниң «Ҳаял-қызларға қарата кемситиўлердиң бәрше түрлерин сапластырыў ҳаққында»ғы Конвенциясы (сала қәнийгелери ортасында бул Конвенцияны «Ҳаял-қызлар ҳуқықлары бойынша Халқаралық Билл» деп те атайды)на 1995 жылдан бери ағза есапланады ҳәмде ўақты-ўақты менен БМШниң тийисли Комитетине бул салада мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған иләжлар ҳаққында өз есабат-баянатларын усынып келеди. Мәселен, 2019 жылда алтыншы баянат усынылған.

Комитет тәрепинен бундай баянатлардың кең түрдеги додаланыўы нәтийжелерине көре, Комитет ағза-мәмлекетлерге өзиниң жуўмақлаўшы усынысларын берип келеди.

Комитеттиң соңғы жыллардағы Өзбекстан берген жуўмақлаўшы усыныслары қатарында Өзбекстанда гендер статистикасын жүритиў ҳәм гендер индикаторларын енгизиў мәселелери бойынша бир қатар сын пикирлер билдирип келинер еди.

Бүгинги күнде гендер теңлиги мәселелери миллий нызамшылығымызда да мүнәсип орын алды.

Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәртебе Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамы 2019 жыл 2 сентябрь сәнесинде қабыл етилип, турмысқа енгизилди.

Бул нызам ҳәзирги күнде мәмлекетимизде гендер теңлигин тәмийинлеўге қаратылған тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет болып табылады.

Бул Нызамға көре, гендер бул – ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ортасындағы мүнәсебетлердиң жәмийет турмысы ҳәм искерлигиниң бәрше салаларында, сол қатары сиясат, экономика, ҳуқық, идеология ҳәм мәденият, билимлендириў ҳәмде илим-пән салаларында сәўлеленетуғын социаллық тәрепи.

Нызамда ҳаял қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятларды тәмийинлеў саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, бул саладағы мәмлекетлик басқарыў механизмлери белгилеп берилди.

Нызамға муўапық, мәмлекет ҳаял-қызлар ҳәм ерлерге жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларды әмелге асырыў барысында тең ҳуқықлылықты кепиллейди.

Нызамның 8-статьясына итибар қарататуғын болсақ, онда әйне жоқарыдағы БМШи Комитетиниң жуўмақлаўшы усынысларында орын алған мәселе яғный, гендер статистикасын қәлиплестириў мәселеси нызамшылық дәрежесинде белгилеп берилгенин көриў мүмкин.

Оған көре, мәмлекетлик статистика органлары гендер көрсеткишлери тийкарында жәмийет турмысының барлық салаларында ҳаял-қызлар ҳәм ерлердиң жағдайын сәўлелендириўши статистикалық мәлимлемени жыйнаўды, оған ислеў бериўди, оны топлаўды, сақлаўды, анализлеўди ҳәм жәриялаўды әмелге асырады.

Буннан тысқары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019 жыл 7 марттағы 4235-санлы қарары менен 54 Гендер индикаторлары енгизилген болып, соннан 4 ўи әдил сўдлаўға тийисли.

Яғный, ҳәзирше булар – ҳаял судьялар саны, Ишки ислер уйымларында ҳаял-қызлар саны, өзлерине жақын яки басқа шахслар тәрепинен физикалық яки басқа зорлық-зомбылыққа дуўшар болған ҳаял-қызлар саны ҳәм
15 жастан жоқары болған басқа шахс тәрепинен жынысый зорлыққа дуўшар болған ҳаял-қызлар саны көрсеткишлери бойынша жүритиледи.

Мәселен, бул индикаторларға көре, 2022 жыл ҳалатына Өзбекстан Республикасында судьялардың 16 пайыздан көбиреги ҳаял-қызлардан ибарат болған болса, Жоқарғы судта бул көрсеткиш 21,1 пайызды қураған. Ал, улыўма мәмлекетлик органларда басқарыўшылық тараўында ҳаял-қызлар саны 27 пайызды қураған.

Яки 2020 жыл мағлыўматларына көре, 14 774 ҳаял-қызлар зорлық-зомбылықтан қорғаныў ордерлерин алған болып, солардан 11 000 өзлериниң өмирлик жолдасларынан қорғаныўға мүтәж болған.

Мине усындай мағлыўматларды топлаў, оларды анализлеў арқалы жәмийетимизде гендер теңлиги машқалаларын өз ўақтында сапластырып барыў мүмкин болады.

Қалаберсе, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын яғный, аналық, үй-руўзыгершилик жумыслары ҳ.т.б. есапқа алған ҳалда олардың жәмийет турмысының барлық салаларында өзлериниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин, өзлериниң уқып ҳәм имканияларын жүзеге шығарыўда ҳаял-қызларға ерлер менен теңдей имканиятлар жаратыў мәселесин үйренип барыў әҳмийетли болып қала береди.

Мен ойлайман жоқарыдағы нызам ҳәмде инсан ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеў бағдарында, солар қатары әдил судлаў саласында алып барылып атырған реформалар мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм ерлердиң тең ҳуқықлығының ҳәмде тең имканиятларының еледе кеңирек тәмийинлениўине, бул арқалы жәмийетимизде социаллық теңлик принципиниң терең қәлиплесиўине ҳәм оның раўажланыўына хызмет етеди.

 

Утениязов Еркин Жаббарович,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы