Суд хызметкерлери «Жасыл мәкан» акциясында да белсендилик көрсетпекте

Мәмлекетимизде «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбарын әмелге асырыў, бул жойбар шеңберинде жылына 200 миллион түп терек ҳәм түрли нәллерди егиў белгиленген. Бундай кең көлемли басламаны әмелге асырыў арқалы қалаларымыздағы жасыл майданлар аймағын 30 процентке асырыў көзде тутылған.

Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен усы жылдың 11-октябрь күни туризм ҳәм мәденият орынлары имканиятларын толық иске салыў, «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбарының гузги мәўсимин шөлкемлестириў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында барлық аймақларда гүзги терек егиў жумысларын баслаў бойынша бир қатар тапсырмаларды берген еди.

Усы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен де әмелий жумыслар баслап жиберилди. Суд имараты алдында арнаўлы терек егиў майданшалары ажыратылып, оған шырша тереги нәллери отырғызылмақта. Бул исте Қарақалпақстан Республикасы судының барлық хызметкерлери де теңдей белсендилик көрсетип атыр. Бүгинниң өзинде он туптен артық шырша нәллери отырғызылды.

Нәл отырғызылатуғын аймақлар белгиленип, аймақтың ықлым шәраятынан келип шығып, тийкарынан суўсызлыққа ҳәм кеселликлерге шыдамлы нәллерди отырғызыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Бүгин егилген терек нәллери текғана суд имаратының шырайына шырай қосып қоймастан, ал ҳаўаның тазалығына, қалаберди, ана тәбиятымыздың жасыллығына да хызмет етеди.

 

Гүлайым Ғаниева,

Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты