Нызамның мазмуны-мәниси түсиндирилди

Жынаят ислери бойынша Шымбай районы суды имаратында, усы суд баслығы А.Успанов тәрепинен ушырасыў ѳткерилип , ушырасыўда Шымбай районы прокуратурасының тергеўшиси Б.Исмайлов, МИБ Шымбай районы бѳлими баслығы Б.Турдаков, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Шымбай районы бѳлими баслығы А.Кдырниязов, Шымбай районы ИИБ жанындағы тергеў топары баслығы А.Мурзамуратов, Шымбай районы ИИБ ҲПБ баслығы А.Низаматдинов, Шымбай районы ИИБ ҲПБ профилактика инспекторлары, Шымбай районлара Қорғаў бѳлими хызметкерлери, Шымбай районы Мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери ҳәм адвокатлар қатнасты.

 

   

Жыйналыста Ѳзбекстан Республикасының «Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериў институты жеделлестирилиўи мүнәсәбети менен Ѳзбекстан Республикасының Жынаят-процессуал кодексине ѳзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы 2023-жыл 27-сентябрь күни ѲРН-869-санлы Нызамының мазмун мәниси ҳақкында Яғный, ҳүкимлердиң, уйғарыўлардың, қарарлардың нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериўдиң улыўма шәртлери бойынша 55-бап қосылғанын;
Судтың ҳүкими, уйғарыўы үстинен қадалаў тәртибинде шағым (протест) бериў бойынша 56/2-бап қосылғанын.

Соған муўапық:

-суд ҳүкимлери, уйғарыўлары, қарарларының нызамлылығын, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин апелляция, кассация ҳәм қадағалаў тәртибинде тексерилиўи мүмкинлигин;

-жынаят исин апелляция, кассация, қадағалаў тәртибинде кѳриўде прокурор қатнасатуғынын;

-суд жынаят исин апелляция, кассация, қадағалаў тәртибинде кѳриўде шағым яки протест ўәжлери менен шегараланбайтуғынын ҳәм исти барлық маҳкумларға, атап айтқанда тийисли шағымды бермеген шахсларға яки ѳзине қарата шағым (протест) берилмеген маҳкумларға қарата ҳәм толық кѳлемде тексеретуғынын;

-судланыўшы, оның қорғаўшысы, нызамлы ўәкили, жәбрлениўши, оның ўәкили биринши инстанция судының апелляция яки кассация, тийисли қадағалаў тәртибинде кѳрип шығылған ҳүкимлери, уйғарыўлары, сондай-ақ апелляция яки кассация, тийисли қадағалаў инстанциясы судларының ҳүкимлери, уйғарыўлары үстинен тексериў тәртибинде шағым бериўге ҳақлы екенлигин;

-егер шағымда яки протестте аўыр жынаят ҳаққындағы нызамды қоллаў зәрүрлиги ҳаққындағы, жазаны күшейтириў ҳаққындағы яки маҳкумдиң аҳўалы жаманласыўына алып келетуғын басқа ѳзгерислар ҳаққындағы мәселе қойылған болса, судтың айыплаў ҳүкимин яки уйғарыўын қадағалаў тәртибинде қайта кѳрип шығыўға, сондай-ақ судтың ақлаў ҳүкимин яки исти жуўмақлаў ҳақкындағы уйғарыўын қадағалаў тәртибинде қайта кѳрип шығыўға тек ол нызамлы күшге киргенинен кейин 1 жыл ишинде жол қойылатуғынын;

-ҳүким шығарған суд жынаят иси қадағалаў инстанциясы судына жиберилгенлиги ҳаққында тийисли шахсларды 3 сутка ишинде хабардар қылатуғынлығын;

-нызам менен сондай-ақ, ҳүким үстинен апелляция шағымларын (протестлерин) бериў мүддетлери 20 суткадан 10 суткаға шекем қысқартырылатуғынын, сондай-ақ, суд ҳүкими, уйғарыўын ҳәм қарарын орынлаў барысында келип шыққан мәселелерди шешиў ҳақкындағы уйғарыў үстинен жеке шағым бериў ҳәм жеке протест билдириў тәртиби белгиленгенин, Нызам 2024-жыл 1-январдан баслап күшге киретуғынлығы ҳаққында атап ѳтти.

Күн тәртибинде жыйналыс қатнасыўшыларының қызықтырған сораўларына жуўап берилди.

 

Агзам Успанов,

жынаят ислери бойынша Шымбай районы суды баслығы