Исбилерменлик искерлигин ҳәм бәсеки орталығын жәнеде раўажландырыў, тутыныўшылар ҳуқықларын исенимли қорғаў бойынша нызамшылықтағы жаңалықлар

Соңғы жылларда мәмлекетимизде исбилерменлик искерлигин ҳәм бәсеки орталығын жәнеде раўажландырыўға, тутыныўшылар ҳуқықларының исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге ҳәмде исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, бәсеки орталығын раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў, исбилерменлик субъектлерине мәмлекет тәрепинен берилген ҳәмде өз мүддетинде қайтарылмаған кредит қаржыларын өндириў мәселелерине байланыслы даўалар, арзалар ҳәм шығымлар менен судларға мүрәжат етиў ўақтында тийисли мәмлекетлик уйымларды мәмлекетлик бажыдан азат етиў зәрүраты пайда болды.
Сонлықтан, Өзбекстан Республикасының 2023 жыл 13 июль күнги ӨРН-855-санлы Нызамына тийкар Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамының 8-статьясы биринши бөлиминиң 29-бәнти, 9-статьясы биринши бөлиминиң 9-бәнти, 10-статьясы биринши бөлиминиң 10-1(прим)-бәнти жаңа редакцияда баян етилип, оған көре Өзбекстан Республикасы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети ҳәмде оның аймақлық органлары өз ўәкиллигине жүклетилген ўәкилликлерине муўапық судларға көрип шығыў ушын берилетуғын даўалар, арзалар ҳәм шағымлар бойынша мәмлекетлик бажыдан азат етилди.

Буннан тысқары, Нызамның 8-статьясы биринши бөлими 44-бәнт пенен, 9-статьясы биринши бөлими 28-бәнт пенен, 10-статьясы биринши бөлими 18-бәнт пенен толықтырылып, оған көре Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры өз ҳуқықлары ҳәмде нызамлы мәплерин қорғаў бойынша арзалар ҳәм шағымлар менен судқа мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажыдан азат етилди.

Бул мәмлекетлик бажыдан азат етилиўи нәтийжесинде мәмлекетлик органларға судларға мүрәжат етиў ушын ажыратылған мәмлекетлик бажы төлеминен үнемленген қаржыларды исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлик субъектлериниң ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықлары жәнеде исенимли қорғалыўын тәмийинлеў ушын бағдарлаўға хызмет етиўине имкәният жаратылды.

 

Спартак Ниязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы