«ANTIKORRUPSIYA» телеграм каналында Хожели районындағы 21-санлы мектеп директорының суд тәрепинен жумысқа тикленгенлиги ҳаққында жәрияланған мүрәжат бойынша
«ANTIKORRUPSIYA» телеграм каналында Хожели районындағы 21-санлы мектеп директорының суд тәрепинен жумысқа тикленгенлиги ҳаққында жәрияланған мүрәжат (https://t.me/antikorruz/11715) бойынша
Анықланыўынша, пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судыныӊ 2023-жыл 29-май күнги шешиўши қарары менен даўагер П.А.ның жуўапкер Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қарата жумысқа тиклеў ҳаққындағы даўа арзасы қанаатландырылып, П.А.ны Хожели районы 21-санлы улыўма билимлендириў мектеби директоры лаўазымына тиклеў белгиленген.
Ҳәзирги күнде суд қарары үстинен тәреплердиң ҳеш биринен апелляциялық шағым яки прокурор протест келтирилмегенлиги себепли судтың шешиўши қарары нызамлы күшине кирген ҳәм орынлаўға қаратылған.
Судтың қарарында көрсетилиўинше, даўагердиң даўа талапларының суд тәрепинен қанаатландырылыўына П.А.ның ҳақыйқатта жумысын таслап кетиў қәлеўи ҳәм нийети болмастан, оның жумыстан шығыў хақкындағы арза жазыўы ҳәм келисим хатты имзалаўы интернетте тарқаған мағлыўмат пенен байланыслы тәризде жумыс бериўши қыстаўы менен алынған ҳәм бул жағдайлар суд додалаўында өз тастыйығын тапқанлығы тийкар болған. Сол себепли мүрәжатта келтирилген «пуқара 15 күнде арзасын қайтарып алыў бойынша арза жазбаса, ол жумысқа тикленбейди, пуқаралар билген нәрсени «Әдил суд билмейма?» деген астарлы сораўлар, суд қарары менен таныспаған шахс тәрепинен қойылған тийкарсыз гүман есапланады.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуаллық кодексиниң 383-статьясы, 1-бөлимине тийкар, суд қарарынан наразы тәреп яки прокурор апелляциялық шағым бериў мүддетин тиклеў ҳаққындағы илтимаснамасын қосқан ҳалда, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуаллық кодексиниң 383, 384-387-статьялары талапларын орынлаған ҳалда суд шешиўши қарары үстинен апелляциялық шағым (протест) менен пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суды арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына мүрәжат етиў ҳуқықына ийе екенлиги мәлим етиледи.