Судьялар тәрепинен Кегейлиде семинар өткерилди

Бүгинги күнде судлар тәрепинен салық даўлары бойынша көрилип атырған ислердиң тийкарғы категориясын салық қарыздарлығын өндириў, салық төлеўшилердиң бюджеттен пул суммаларын қайтарыў, салық уйымларының қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў, лаўазымлы шахслардың ис-ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым етиў ҳаққындағы даўлар қурамақта.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды судьялары З.Бабаджанова, С.Ниязов, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы Р.Худайбергеновалар тәрепинен Кегейли районындағы Мәмлекетлик салық инспекциясында өткерилген семинарда судларда көрип шығылып атырған салық даўларына байланыслы айырым мәселелер бойынша бирден-бир жантасыўды қәлиплестириў зәрүрлиги жүзеге келгенлиги айтылды. Мине усыннан келип шығып, Жоқарғы суд пленумының “Судлар тәрепинен салық нызамшылығын қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы қарары ислеп шығылғанлығы ҳәм оны әмелиятда ең зәрүр деп есапланған мәселелер бойынша қоллаў жүзесинен усыныслар орын алғанлығы айрықша атап өтилди.

 

 

Иләж барысында суд әмелиятынан келип шыққан ҳалда салық органлары тәрепинен салық тексериўлери нәтийжелери бойынша қарарлар қабыл етиўде жол қойылып атырған нызам бузылыў жағдайлары, салықты есаплаў, финанслық жәрийма ҳәм жеңилликлерди қоллаў ҳәм салық органларының қараралары тийкарында салықларды өндириўдеги қәтеликлерге байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша түсиниклер берилди.

 

Семинарда қатнасыўшылар қызықтырған сораўларына анық жуўаплар алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды