Мүрәжатларға анық ҳуқықый түсиник берилди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясы басшылары тәрепинен Қанлыкөл районында көшпели қабыллаў өткерилди.

Сондай-ақ, қабыллаўда районы ҳәкими, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қанлыкөл районындағы халық қабыллаўханасы баслығы, прокуратура, ишки ислер бөлими ўәкиллери де қатнасып, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат районы пуқараларының суд-ҳуқық мәселелерине байланыслы мүрәжатларын тыңлады.

 

Қабыллаў барысында пуқаралардың суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланып, қосымша үйрениў ҳәм мүддет талап ететуғынлары суд басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды. Соның менен бирге, айырым пуқараларға судқа мүрәжат етиў тәртиби ҳәм басқада мәселелер бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.

Атап айтқанда, Шоманай районы Мақтумқулы көшеси турғыны М.Айтжанов ҳаялы менен ажырасқаннан кейин ҳаялы ɵзине тийисли болған жайын сатыўға қойғанынан ҳәмде усы жай мәселеси бойынша Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық суды тәрепинен ɵзине 5.225.161 сум бажы пул салынғанынан наразы екенлигин, Қанлыкɵл районы «Бостан» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны А.Нуржанов Қанлыкɵл районы мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен суд қарары орынланбай 8 млн сум қарызы ɵндирилип берилмей атырғанлығынан наразы екенлигин билдирди. Оларға билдирген мүрәжатлары тийкарында анық ҳуқықый түсиниклер берилди.

Онда 27 пуқара қабыл етилип, олар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың тоғызы жынаят, он жетиси пуқаралық, биреўи ҳәкимшилик ислер бойынша судларға тийисли мәселелерди қурады.

 

Гулайым Ганиева, 

Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты