Айыбы ушын алты айға еркинен айырылды

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районы судының баслығы М.Бекимбетовтың басшылығында ашық суд мажлиси өткерилди. Онда дәслепки тергеў уйымы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 122-статьясы 1-бөлими менен айыпланған Б.Т.ның қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.

 

Суд мәжилисинде судланыўшы, жәбиркеш, мәмлекетлик айыплаўшы, қорғаўшы ҳәм адвокаттың жарыс сөзлери, судланыўшының қорғаў ҳәм ақырғы сөзи тыңланып, исте топланған материаллар изертленип, оларға баҳа берилди.

Судта анықланғанындай, судланыўшы Т.Б.дан Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық судының 2022-жыл 14-февральдағы суд буйрығына тийкарланып, өндириўши М.З.ның тәрбиясындағы 2006, 2010, 2012-жылларда туўылған перзентлериниң тәмийнаты ушын ҳәр айдағы мийнет ҳақысы ҳәм басқа да табысларының екиден бир бөлеги муғдарында, олар 18 жасқа толғанға шекем 2022-жыл 11-февральдан баслап алимент өндирилиўи белгиленген. Сондай-ақ, ѳндирилетуғын алимент муғдары нызам ҳүжжетлеринде кѳрсетилген мийнетке ҳақы тѳлеўдиң ең кем муғдарының 26,5 процентинен аз болмаўы кереклиги белгиленген.

Жынаят ислери бойынша Шоманай район судының 2022-жыл 14-апрельдеги қарарына муўапық, Т.Б. 2022-жыл 11-февральдан 1-майға шекем үш ер жетпеген перзенти ушын 4 миллион 165 мың 874 сум алимент пулларын тѳлемегени  ушын Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 474-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислегенликте айыплы деп табылған. Ол 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылғанлығына ҳәм мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен ескертиўлер берилгенине қарамастан, 2022-жылдың 1-май күнинен 2023-жылдың 1-январына шекем шекем үш ер жетпеген перзенти ушын тѳлениўи лазым болған, жәми 14 миллион 140 мың 232 сум муғдарындағы алимент пулларын төлеўден бас тартып келген.

Солай етип, Б.Т.ның алименттен улыўма қарыздарлығы 18 миллион 306 мың 106 сумды қураған.

Суд мәжилисинде судланыўшы Т.Б. өзине жәрияланған айыпты толық мойынлап, пуқара З.М. менен турмыс қурғанын, араларында үш перзенти бар екенин, өз-ара келиспеўшилик нәтийжесинде ажырасып кеткенин, өзи ҳәр жерде қол ушы талап ислеп жүргенин, бирақ алимент пулларын төлей алмағанын, көп жерлерден жумыс излегенин, бирақ, жумыс табылмағанын, егерде өзин жумысқа орналастырыўда жәрдем көрсетилсе, алимент бойынша қарыздарлығынан қутылатуғынын билдирип, кеширим сорады.

Суд судланыўшы Т.Б.ға жаза тайынлағанда, жынаяттың жағдайын ҳәм қәўиплилик дәрежесин, қылмыс себебин ҳәм ақыбетлерин, яғный келтирилген материаллық зыян муғдарын ҳәм оның қапланбағанын, судланыўшының шахсын, жазаны жеңиллестириўши жағдайлар қатарына оның айыбына толық ықрарлығын, айыбын аўырластырыўшы ҳалатлар жоқ екенлигин итибарға алды. ЖКниң 122-статьясы 1-бөлими менен санкция шеңберинде көрсетилген еркинен айырыў жазасын тайынлаўды ҳәм тилхат бас шарасын бийкар етип бас шарасын суд залынан қамаққа алыўды, ЖКниң 50-статьясы 7-бөлими «а» бәнтине тийкарланып, тайынланған еркинен айырыў жазасын мәнзил колонияларда өтеўди, ис бойынша судланыўшы Т.Б.дан жәбирлениўши З.М.ның пайдасына жәми 18 миллион 306 мың 106 сум алимент пуллары өндириўди лазым тапты.

Солай етип, судланыўшы Б.Т. айыплы деп табылып, оған алты ай мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

Тайынланған еркинен айырыў жазасын мәнзил колонияларда өтеў белгиленди.

Судланыўшы Т.Б.дан жәбирлениўши З.М.ның пайдасына жәми 18 миллион 306 мың 106 сум сумлық алимент пулларын өндириў белгиленди.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

  • Leave a Reply

    Your email address will not be published. Required fields are marked *

Skip to content