Қыйсық жолға жетелеген қыңыр ис

 

Мәмлекетимизде жаслар өзлери таңлаған қәнигелиги бойынша жоқары яки орта арнаўлы мағлыўматқа ийе болыўы ушын оқыўға тест сынақлары арқалы қабылланып атыр. Соңғы жылларда тест сынақларында бир қатар жеңилликлер де жаратылмақта. Усындай жеңилликлерден көпшилик жасларымыздың утымлы пайдаланып атырғаны олар ушын да, ата-аналары ушын да қуўанышлы, әлбетте.

 

Әттең, айырым өз перзентиниң билимине исенбеген, билиминиң төменлиги арқасында нызамсыз жолларды излей баслаған ата-аналар, ҳәттеки олардың усы сыяқлы кемшиликлеринен пайдаланып қалыўды кеўиллерине түйген заманласларымыз бүгинги күни арамызда аз болса да ушыраспақта.

 

Пайтахтымыз турғыны болған С.Валида Нөкис қаласындағы Орайлық дийқан базарындағы дүканлардың биринде саўда-сатық пенен шуғылланып жүргенинде, өзине алдыннан таныс болған пуқара Шолпан күтпегенде оннан мәсләҳәт сорап қалады. Мәсләҳәти соннан ибарат, оның еки жақын ағайинин медицина колледжине оқыўға «киргизиў» керек болады. Сонда Валида да ҳеш екиленбестен, ол жерде жақсы танысларының бар екенин, олар менен сөйлесип көрип, бул мәселени шешиўге ҳәрекет ететуғынын айтады.

 

«Нәпсим мениң бәледур, жанған отқа саладур» дегендей, усы себеп пенен ортада азы-кем пул ислеп қалыўды ойлаған Валида сол күни дәрҳал Шолпанға қоңыраў етип, оқыў орны менен сөйлескенин, сол еки ағайинин тек ғана 6 миллион сум пул менен оқыўға киргизип бере алатуғын адамды тапқанын айтып билдиреди.

 

Арадан еки күн ўақыт өткеннен кейин, өз-ара келисимге бола, Валида Шолпанға және қоңыраў етип, оқыўға кириўге разылығын сорайды ҳәм айтылған пул таяр болса базарға алып келсе болатуғынын айтып, оны өзлери алдыннан келисилген орында күтип алады. Валида өзлери ўәделескен пулды Шолпанның алып келгенине исенгеннен кейин, сол оқыў орнының хызметкери болған Сулыўханды усы мәселеде шақырып, оған 6 миллион сумды тапсырады.

 

Халқымыздағы «Бузаўдың жуўырғаны сабанханаға шекем» деген даналық гәптиң де мәниси терең екенин олар, әттең, кеш түсинди. Өйткени, нызамсыз жоллар менен қолға киргизген бул пулларды алған ўақтында ўақыя орнына прокуратура, департамент ҳәм ишки ислер уйымларының тийисли тараў хызметкерлери жетип келген еди… Демек, қыңыр иске қол урғанлар өз ўақтында қолға алынды.

 

Өзиңиз гүўасы болғаныңыздай, бул ўақыя арқалы бир заманласымыз нызам алдында жуўапкершиликке тартылып, әтираптағылардың алдында басы ийилген ҳалында уятлы болып та қалды. Солай екен, келешекте бундай қыңыр иске қол урмастан алдын терең ойланыў тийис екенин умытпайық. Сондай-ақ, балаларымызды бундай жолларға емес, керисинше, терең билим ийелеўге қуштар етип тәрбиялайық. Себеби, мәмлекетимиздиң айдын келешеги сол жаслардың қолында.

 

(Мақалада адамлардың атлары өзгертилди)

Махмут БАЙНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойьшша Нөкис қаласы судының судьясы.

  • Leave a Reply

    Your email address will not be published. Required fields are marked *

Skip to content