«Инсан ҳуқықлары ҳәптелиги» шеңбериндеги ушырасыў  

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 7-февраль күнги “Өзбекстанда инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий билимлендириў бағларламасын тастыйықлаў ҳаққында”ғы ПҚ-46-санлы қарарына муўапық, усы жылдың 20-28-февраль күнлери “Инсан ҳуқықлары ҳәптелиги” өткерилиўи белгиленди.

 

Усы қарарға муўапық, Жаслар ислери агентлиги, судлар, прокуратура, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа бирге ислесиўши мекеме, шөлкемлер менен бирге орынларда “Инсан ҳуқықлары – жоқары қәдрият” атамасында судья ҳәм жаслар ушырасыўлары, “Жаңа Өзбекстан ҳәм инсан ҳуқықлары” атамасында “Информация сааты” ҳәм “Ағартыўшылық сааты” илажлары өткерилмекте.

 

 

Нәўбеттеги ушырасыў Хожели районы педагогика коллежинде өткерилди.

 

Ушырасыўда жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов, Хожели районы прокурорының аға жәрдемшиси А.Ниязымбетов, Хожели районы Әдиллик бөлими баслығы А.Шабатов, Жаслар ислери агентлиги Хожели районы бөлими ўәкили Б.Мырзамуратов елимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз етти.

 

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, қорғаў ҳәм оған бойсыныў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағларларынан есапланады. Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясы шеңберинде жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларды тәмийинлеў бойынша мақсетли илажлар әмелге асырылмақта.

 

2020-2024-жылларда инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳан билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышы әмелге асырылмақта. Усы басқыш жасларды теңлик, инсан ҳуқықларына әмел етиў ҳәм кемситпеў руўхында тәрбиялаў ҳәм инклюзив, тыныш жәмийетти жаратыўға мүмкиншилик бериўши билим бериўге қаратылған.

 

Атап өтилген Президент қарары тийкарында Миллий билимлендириў бағдарламасы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша “Жол карта” тастыйықланды.

 

Буннан мақсет – БМШтың Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққындағы Декларациясының қағыйдалары ҳәм инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәхан билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў, сондай-ақ бул ҳаққында халықты хабардар етиўден ибарат.

 

 

Ушырасыў қызғын даўам етип, илаж қатнасыўшылары тараў ўәкиллеринен инсан ҳуқықларын исенимли қорғаў ҳәм суд-ҳуқық тараўы менен байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

 

 Ибрайым Алланиязов,

Жынаят ислери бойынша

Хожели районы судының баслығы