«Инсан ҳуқықлары – жоқары қәдирият» атамасында жаслар менен ушырасыў өткерилди

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «Өзбекстанда инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий билимлендириў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, быйылғы жылдың 20-28-февраль күнлери «Инсан ҳуқықлары ҳәптелиги» өткерилиўи белгиленген.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары тәрепинен Жаслар ислери агентлиги, прокуратура, әдиллик министрлиги ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте мәҳәллелерде «Инсан ҳуқықлары – жоқары қәдирият» атамасында cудья ҳәм жаслар ушырасыўлары, «Жаңа Өзбекстан ҳәм инсан ҳуқықлары» атамасында «Информация сааты» ҳәм «Ағартыўшылық сааты» илажлары өткерилмекте.

 

Гезектеги ушырасыў Муҳаммед ал-Хоразмий атындағы Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалы Телекоммуникация технологиялары ҳәм кәсиплик тәлим факультетинде шөлкемлестирилди.

 

Ушырасыў кешесин факультеттиң жаслар менен бирге ислесиў бойынша декан орынбасары У.Турумбетов ашты ҳәм алып барды.

 

Онда Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы Н.Абдакимов,  Нөкис қалалық ҳәкимшилик суды баслығы Б.Досымбетов,  ҚР ҳәкимшилик суды судьясы А.Салиев,  ҚР Әдиллик министрлиги үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Отеўлиев,  Жаслар ислери агентлиги ҚР басқармасы юристконсультанты Ж.Жолдасовлар ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиздеги инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

 

 

Илажда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ҳәптелик шеңбериндеги усындай илажлар басқа да орынларда даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды