Пәрман ҳәм стратегия пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплериниң суд арқалы нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди

θзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-январьдағы әдил судлаўға ерисиў имканиятларын жәнеде кеңейттириў ҳәм судлар искерлигининиң нәтийжелигин асырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққындағы 11-санлы Пәрманы менен 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли СТРАТЕГИЯСЫ тастыйықланды.
СТРАТЕГИЯ ның улыўма қағыйдаларында, 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стартегиясы суд-ҳуқық системасының жедел реформа қылыныўын тәмийенлеў, сондай-ақ халықтың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин жәнеде асырыў мақсетинде ислеп шығылған.
Стратегия θзбекстан Республикасында суд ҳәкимиятын раўажландырыўдың стратегик мақсетлери, үстин жөнелислери ҳәмде келешектеги ең тийкарғы ўазыйпаларды белгилейди.
Стратегияда, “Инсан қәдири ушын” идеясы тийкарында әдил суд системасын дүзиў ҳәмде оның хызметин халық мәпи ҳәм инсан қәдир-қымбатын нәтийжели қорғаўға жөнелтириў;
Әдалатлы суд қарарлары қабыл етилиўине ерисиў арқалы халықтың, исбилерменлердиң суд системасына болған исенимин беккемлеў, ҳәр бир шахс суд ҳәм судьялар көринисинде өзиниң исенимли қорғаўшысын көриўге ерисиў;
Пуқаралар ҳәм исбилерменлерге өз ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин судларда қорғаўы ушын бәрше имкәниятларды жаратыў, суд ислерин жүритиўде тәреплердиң тартысыўы ҳәм тең ҳуқықлылығы процесдураларын толық жүзеге шығарыў, судлардың қалыслығын әмелде тәмийенлеўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў;
Судлар искерлигин толық санластырыў, жасалма интелект технологияларын енгизиў, мәкемелер аралық електрон мағлыўмат алмасыўын жақсылаў, суд мәжлисилерине аралықтан турып қатнасыў имкәниятларын кеңейттириў;
Судьялардың ғәрезсизлиги ҳәм қол қатылмаслығы кепилликлерин күшейттириў, судқа ҳүрметсизлик қылыў ҳәм суд исине араласыў жағдайларының алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў;
Мәмлекет атынан суд қарарларын қабыл етип атырған судлар ҳәм судьяларға, сондай-ақ олардың қарарларына қарата ҳәр бир пуқараға сол қатарда бәрше дәрежедеги лаўазымлы шахсларда ҳүрмет руўхын қәлиплестириў;
Суд қарарларының қатаң орынланыўын тәмийинлеў, бул бойынша мәмлекетлик органлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин асырыў шараларын көриў;
Судьялар ҳәм суд хызметкерлеринде жоқары қатнас мәдениятын қәлиплестириў арқалы судқа мүрәжат қылған ҳәр бир пуқара ҳәм исбилерменлерге судтан, негизинде болса мәмлекеттен разылық сезимин оятыў тийкарғы ўазыйпалары көрсетилген.
Стратегияда, инсан қәдирин уллылаўға қаратылған нызамшылықты жетилистириў, әдил судлаў сыпатын түптен асырыў, суд ҳәкимияты ғәрезсизлиги кепилликлерин еледе күшейттриў, судьялар корпусын кәлиплестириў, судьяларды танлаў, лаўазымға тайынлаў, оқытыў ҳәм олардың тәжрийбесин асырыў системасын жетилистириў, суд процесслери ҳәм суд қарарлары жүзесинен жәмийетшилик арасында дурыс ҳәм қалыс пикирди қәлиплестириў, суд ҳүжжетлери орынланыўын тәмийинлеў, судларда хабар-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм хабар қәўипсизлигин тәмийинлеў, судларда коррупцияға қарсы гүресиў, халықаралық бирге ислесиў ҳәм суд ҳәкимиятын материаллық-техникалық жағынан тәмийинлеў тийкарғы жөнелислери көрсетилген.
Бул ўазыйпалар ҳәм жөнелислер пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплери суд арқалы нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Қайрат Қыпшақбаев,

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы