Турақлы жасаў орны болмаған пуқараларды реабилитация орайына жайластырыў тәртиби өзгерди

«Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгертиў ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы ӨРН-810 санлы Өзбекстан Республикасының Нызамы 2022-жыл
16-декабрь күни күшке кирди.

 

Усы ўақытқа шекем турақлы жасаў орны болмаған пуқараларды реабилитация орайына жайластырыў Ҳәкимшилик судлары тәрепинен әмелге асырылып келинген болса, қабыл етилген Нызамға көре бундай ўәкиллик Ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша район (қала) судлары ўәкиллигине берилди.

 

Жаңадан белгиленген тәртипке көре, турақлы жасаў орны болмаған пуқаралардың реабилитация орайына жайластырылыўын талап етиўши тийкарлар анықланған жағдайда ишки ислер органы бундай шахс ишки ислер органына келтирилген ўақыттан баслап 48 саат ишинде оны реабилитация орайына 30 суткадан кем болмаған мүддетке жайластырыў ҳаққында судқа илтимаснама жибериў ушын материалларды таярлаўы шәрт.

 

Турақлы жасаў орны болмаған пуқараларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы материаллар бундай шахс анықланған жердеги яки реабилитация орайы жайласқан жердеги жынаят ислери бойынша район (қала) судына ишки ислер органы тәрепинен бериледи.

 

Илтимаснама усынылған ўақыттан баслап 24 саат ишинде судья тәрепинен жабық суд мәжилисинде жеке тәртипте көрип шығылады.

 

Нызам күшке киргенинен көп узамай, яғный 2023-жылдың январь айында Хожели районы ишки ислер бөлими баслығы тәрепинен үй-жайсыз суўық күнлерде баспанасыз қалған бир пуқараға қарата жынаят ислери бойынша Хожели районы судына киритилген илтимаснама жабық суд мәжилисинде көрип шығылып, қанаатландырылды.

 

Ибрайым Алланиязов

Жынаят ислери бойынша

Хожели районы судының баслығы