Бийзарылық ҳәрекетлерин ислеген шахсқа бес сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

 

Жынаят ислери бойынша Елликқала район суды имаратында видеоконференция байланыс режиминде  ашық суд мәжлисинде пиротехника қуралларынан пайдаланып той мәресиминде бийзарылық ҳәрекетлерин ислеген шахсқа бес сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

 

Пуқара И.Н. 2022-жыл 12-декабрь күни Елликқала районы «Қўшқора» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Боғибек ота” тойханасында болып атырған той мәресиминде пуқаралардың тынышлығын бузып, жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын қастан менсинбестен бузып, тәртипке шақырған тойхана ис бақарыўшысының ескертиўине қарамастан, қарсылық көрсетип, тойхана ишинде жас өспирим танысы  И.Х. менен бирге темеки өнимлерин шегип, өзи менен алып келген бир дана пиротехника қуралын атып, бийзарылық ҳәрекетлерин ислеген.

 

Мәмлекетимизде пиротехника қуралларын республикамызға алып кириў, сатыў ҳәм сақлаў, сондай-ақ, оннан пайдаланыў қадаған етилген ҳәм бундай ҳәрекетлер ислеген шахсқа ҳәкимшилик жаза шаралары белгиленген.

 

Күнделикли өмиримиздиң тынышлығы тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, қәдир-қымбатын тәмийинлеў ҳәр биримиздиң Конституцияда белгиленген ўазыйпаларымыздан бири екенлигин умытпаўымыз лазым.

 

Оразбай Мауленов

Жынаят ислери бойынша Елликқала район суды баслығы