Белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыӯ мәселеси қайсы судта көриледи?

2022-жыл 16-декабрь күни «Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиӯ ҳаққында»ғы 810-санлы Өзбекстан Республикасының Нызамы Президент тәрепинен имзаланды.
Нызам менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерис ҳәм қосымшалар, яғный белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыӯ ҳаққында ис жүритиӯ тәртиби киритилди.

Нызам менен Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиӯ ҳаққындағы кодекстиң белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыӯ ҳаққындағы илтимаснамаларды көрип шығыӯға байланыслы нормаларды Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекске өткериӯ ҳәм тийисли ислерди көрип шығыӯды ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша район, қала судларына өткериӯ белгиленди.

Оған көре, Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекске белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыӯ ҳаққында ис жүритиӯ тәртиби киритилди.

Белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахстың реабилитация орайына жайластырыӯды талап қылыӯшы тийкарлар анықланғанда, ишки ишлер уйымы бундай шахс ишки ислер уйымына алып келингеннен баслап 48 саатта оны реабилитация орайына 30 суткадан көп болмаған мүддетке жайластырыӯ ҳаққында судқа илтимаснама жибериӯ ушын материалларды таярлаӯы шәрт.

Нызамға көре ендиликте белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыӯ ҳаққындағы материаллар бундай шахс анықланған жердеги яки реабилитация орайына жайласқан жердеги жынаят ислери бойынша район (қала) судына ишки ислер уйымы тәрепинен бериледи.

Илтимаснама усынылған ӯақыттан баслап 24 саат ишинде судья тәрепинен жабық суд мәжилисинде жеке тәртипте көрип шығылады.

 

Замир Бердимуратов,

Шымбай районлар аралық  экономикалық судының баслығы