Өзбекстанда неке жасы неше жастан белгиленген?

 

Ҳәзирги күнде, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 15-статьясына көре, неке жасы ерлер ҳәм ҳаяллар ушын 18 жас етип белгиленген.

Кодекстиң алдыңғы, 2019-жыл 28-августке шекем әмелде болған редакциясында бул норма басқашарақ яғный, неке жасы ерлер ушын 18 жас, ҳаяллар ушын 17 жас деп белгиленген еди.

Ҳәммемизге белги, соңғы жылларда мәмлекетимизде Конституцияда беккемленген ҳалықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған қағыйдалары үстинлиги принципин турмысқа енгизиў бағдарында рефомалар күшейттирилмекте.

 

Яғный, биздеги алдынғы норма БМШниң 1989-жыл 20-ноябрьдеги “Бала ҳуқықлары ҳаққында”ғы Конвенциясының 1-статьясында белгиленген “18 жасқа жетпеген ҳәр қандай инсән заты бала есапланады” деген  ҳалықаралық ҳуқық қағыйдасына қайшы келер еди. Ал, Өзбекстан бул халықаралық Конвенцияға 1992-жылда қосылған.

 

Соның менен бирге алдынғы норма Өзбекстан Республикасы “Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында”ғы Нызамында белгиленген бала – “бул он сегиз жасқа толығанға, (ер жеткенге) шекем болған шахс” деп белгиленген түсиникке де қайшы келер еди.

 

Соннан келип шыққан ҳалда бүгинги күнде Шаңарақ кодексиниң неке жасына байланыслы нормасы ҳалықаралық ҳуқыққа муўапықластырылып, бул саладағы миллий  нызамышылық пенен унификацияланды.

 

Нызамшылықтағы бул өзгерислер келешек аналары болған ҳаял-қызларымыздың еркинлигин тәмийинлеўде оғада үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

 

Еркин Утениязов,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы