Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының имараты реконструкцияланып, пайдаланыўға тапсырылды

Суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар шеңберинде судлардың материаллық техникалық базасын беккемлеў, судья ҳәм суд хызметкерлери ушын мүнәсип жумыс шәраятларын жаратыў мәселесине айрықша итибар қаратылған. Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының имараты реконструкцияланып пайдаланыўға тапсырылды. Итибарлы тәрепи, 1,6 млрд сум қаржы есабынан қурылыс оңлаў жумыслары алып барылған бул имаратта тараў қәнигелери ҳәм пуқаралар ушын қолайлы шәраятлар жаратылған.

   

 

Суд имаратының ашылыў салтанатында Қарақалпақтан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары Атабек Давлетов шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен судларға қаратылып атырған жоқары итибар әдил судлаўды әмелге асырыўда әҳмийетли фактор болып атырғанлын айрықша атап өтип, тараў ўәкиллерине судьялық искерлигин әмелге асырыўда ең баслысы инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўде әдил қарарлар қабыл етиўде табыслар тиледи. Буннан сон, сөзге шыққанлар, мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар процессинде судларды ҳақыйқый әдалат қорғанына айландырыў бағдарында кең көлемли жумыслардың алып барылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

 

 

 

 

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды  баслығы ў.ў.а  К.Тарихов Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашевқа суд системасының материаллық тәмийнатын жақсылаўға қосқан баҳалы үлеси ушын миннетдаршылығын билдирди ҳәм имәраттың өз мүддетинде сыпатлы реконструкциясын тәмийнлеген «Сапсан Авто Транс» ЖШЖ баслығы М.Абдаметовке өз миннедаршылығын билдирди.

 

   

1,6 млрд сум қаржы есабынан қурылыс реконструкция жумыслары алып барылған бул суд имаратында судлар ушын белгиленген тәртип бойынша ҳәкимшилик бөлмелери, суд заллары, прокурор бөлмеси, архив, сондай-ақ, хызметкерлер ушын да имканиятлар жаратылған. Имаратта видеоконференция тәризинде байланысыў мүмкиншилиги де бар. Бул болса аралықтан турып суд ислерин алып барыўда жүдә қолайлы. Мийманлар имаратта жаратылған имканиятлар, суд процесслерине енгизилип атырған заманагөй технологиялар ҳәм олардан пайдаланыў имканиятлары менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, суд имаратында орнатылған инфокиоск арқалы пуқаралар шағым арзаларын киргизиўи, суд ҳүкмлеринен нусқа алыўы ҳәм усы сыяқлы басқа имканиятлардан еркин пайдаланыўы, белгиленген суд мәжлислериниң өткерилиў ўақытларын билип алыўы мүмкин. Итибарлы тәрепи, суд қабыллаўханасы шөлкемлестирилип, ол зәрүр заманагөй үскенелер менен тәмийинленген. Бул жерде пуқаралардың мүрәжатларын қабыллаў ушын да шәраятлар жаратылған.

 

Дурысында да, бүгин судлардың материаллық–техникалық базасын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин, судлардың ашық ҳәм жәриялылығын тәмийинлеўге хызмет етип атыр. Мағлыўмат орнында айтыў керек, 2023-2025-жыллар даўамында және 15 суд имаратын капитал реконструкциялаў, 2 суд имаратын жаңадан қурыў режелестирилген.