Үй-жай тартысларын тәртипке салыў ҳаққында  

«Өз үйиң – өлең төсегиң «, дейди дана халқымыз. Әлбетте, Үй-жай инсан  турмысының ажыралмас бир бөлеги есапланады.. Инсан тек ғана өз үйинде арқайын болады, дүнья тәшўишлерин умытады ҳәм тек ғана усы қорғанда ҳақыйқый бахытты сезеди, сондай-ақ үй-жайлар жәмийетте еркин турмыс кешириўдиң гиреўи есапланады. Сондай екен, үй-жайларға қарата жеке меншик ҳуқықының белгилениўи жүдә әҳмийетли есапланады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 53-статьясына муўапық жеке мүлкке қол қатылмайды ҳәм оны мәмлекет қорғайды.

Үй-жай нызамшылығы нормаларына әмел етиў пуқаралар, сондай-ақ, үй-жай фондын есапқа алыў, сақлаў, пайдаланыў ҳәм оңлаўды тәмийинлеў ўәкиллиги жүклетилген мәмлекетлик уйымлары, кәрханалар, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң үй-жайға болған ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўдың әҳмийетли шәртлеринен бири есапланады.

Үй-жайға болған жеке меншик ҳуқық ҳаққындағы тартыслар бойынша ислер судлар тәрепинен көрилип атырғанда нызам ҳүжжетлериниң дурыс қолланылыўы пуқаралардың жеке меншикке болған конституциялық ҳуқықы қорғалыўын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бүгинги күнде мәмлекетимизде социаллық тараўды раўажландырыўға қаратылған даўамлы ис-иләжлар әҳмийетли бөлими социаллық үй-жайлар қурылысын кеңейттририў есапланады. Атап айтқанда, қала ҳәм аўылларда үлгили ҳәм көп қабатлы үй-жайлар қурылмақта. Ҳәзир үй-жай қурылысы көлеми 2015 жылдағыға қарағанда бир неше есе асты. Бул процессте үй-жайға болған ҳуқықлардың нәтийжели қорғалыўы үлкен әҳмийетке ийе. Үй-жайға болған жеке меншик ҳуқық ҳаққындағы тартысларға байланыслы ислер суд тәрепинен көрилип атырғанда нызам ҳүжжетлериниң дурыс қолланылыўы  пуқаралардың жеке мүлкине болған конститутциялық ҳуқықын қорғаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан Республикасы нызамшылығында турақ жайға байланыслы қатнасықлар Өзбекстан Республикасының Конституциясы, Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси, Үй-жай  кодекси, “Мәмлекетлик Үй-жай фондын меншиклестириў ҳақкынрда”ғы Нызам, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1993 жыл 1 марттағы 114-санлы “Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик үй-жай фондын меншиклестириўди даўам еттириў ҳаққында”ғы қарары, 1994 жыл 4 апрель күнги 180-санлы қарары менен тастыйықланған “Меншиклестирилген квартиралар (квартиралардың бир бөлими), үйлер (үйлардиң бир бөлими) басқаларға бериў ҳәм мийрас етип қалдырыўда меншик ҳуқықының өтиўи ҳаққындағы шәртнамаларды рәсмийлестириў тәртиби ҳақкындағы”ғы Реже, “Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги үй-жай фондын меншиклестириў тәртиби ҳаққында”ғы Режелер ҳәм басқа нызам ҳүжжетлери менен тәртипке салынады.

Оларға тийкар үй-жайға қарата жеке меншик ҳуқықы төмендегилер нәтийжесинде жүзеге келеди:

жеке тәртипте үй-жай қурыў;

жеке тәртипте қурыўшылардың ширкетлери тәрепинен үй-жай қурыў;

үй-жай облигацияларын алыў;

үй-жай қурыў ҳәм үй-жай кооперативлеринде қатнасыў;

алды-сатты, саўға ҳәм алмасыў;

өмирлик тәмийинлеў шәрти менен үйди (квартираны) басқа шахсқа бериў;

мийрас алыў;

меншиклестириў.

Үй-жай ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери пуқаралар, юридикалық шахслар, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли  мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларынын төмендеги мәселелер бойынша қатнасықларын тәртипке салады:

турақ жайларға жеке меншик ҳуқықы, ийелик етиў ҳәм пайдаланыў ҳуқықының жүзеге келиўи, әмелге асырылыўы, өзгериўи  ҳәмде бийкар болыўы;

үй-жай фондын есапқа алыў;

үй-жай фондын сақлаў, қараў ҳәм оңлаўды тәмийинлеў;

пуқаралардың үй-жай ҳуқықларына әмел етилиўи ҳәм үй-жай фондынан мақсетли пайдаланыў үстинен қадағалаў.

Жоқарыда аталған нызам нормаларын суд әмелиятына енгизиў, үй-жайларға байланыслы тартысларды дурыс ҳәм әдил шешиў ҳәмде келип шығып атрыған машқалаларды сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2001 жыл 14 сентябрдеги «Үй-жай тартыслары бойынша суд әмелияты ҳақкында»ғы 2-санлы қарары қабыл етили. Усы қарарға Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2004 жыл 21 майдағы 18-санлы, 2018 жыл 30 ноябрьдеги 34-санлы қарарларына муўапық өзгерислер киргизилди.

Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодексиниң 11-статьясы, 3-бөлимине көре, турақ жайға болған меншик ҳуқықы мүддетсиз болып, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың, мәмлекеттиң ҳуқықларын ҳәм де нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаған ҳалда шахстың өзине тийисли турақ жайға өз қәлеўи ҳәм мәплерине көре ийелик етиў, оннан пайдаланыў, сондай-ақ өзиниң меншик ҳуқықы бузылыўын сапластырыўды талап етиў ҳуқықынан ибарат.

Суд әмелиятынан мысал:

талапкер П.Жиенбаев жуўапкер К.Реймовқа (адам атлары ҳәм турақ жай мәнзиллери  өзгертилген) қарата турақ жайдан мәжбүрий шығарыў ҳәм өзин турақ жайға киргизиў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен.

Районлар аралық пуқаралық судының 2021 жыл 14 январьдағы бийлиги менен даўа қанаатландырылып, К.Реймовты шаңарақ ағзалары менен бирге Нөкис қаласы, Жипек жолы көшеси, 46-жайдан мәжбүрий шығарыў, талапкер П.Жиенбаеты усы жайға киргизиў белгиленген.

Жуўапкер К.Реймов суд бийлигинен наразы болып, апелляциялық шағым берген.

Ис бойынша анықланған ҳалатларға қарағанда, талапкер П.Жиенбаев ҳәм жуўапкер К.Реймов ортасындағы Нөкис қаласы, Жипек жолы  көшеси, 46-жай алды-сатты шәртнамасы 2020 жыл 27 октябрь күни нотариал тәртипте тастыйықланған ҳәм П.Жиенбаевтың турақ жайға болған жеке меншик ҳуқықы 2020 жыл 29 октябрьде мәмлекетлик дизимге алынған.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының “Үй-жай тартыслары бойынша суд тәжирийбеси ҳақкында”ғы 2001 жыл 14 сентябрь күнги 22-санлы Қарарының 5-бәнтине көре, нотариал тәртипте дүзилген үй-жай шәртнамасында сатыўшы ҳәм оның шаңарақ ағзаларының турақ-жай дизиминен шығып кетиў мүддети көрсетилген болса, сол мүддет тамамланған күннен, мүддет көрсетилмеген болса шәртнама дүзилген күннен баслап олар турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп есапланады.

Ал, 2020 жыл 27 октябрь күнги алды-сатты шәртнамасының  8-бәнтинде алды-сатты исленип атырған турақ жайда шәртнама тастыйықланғаннан соң жайдан пайдаланыў ҳуқықын өзинде сақлап қалыўшы шахслар жоқ екенлиги көрсетилген.

Талапкер П.Жиенбаев Нөкис қаласы, Жипек жолы 46-жайдың меншик ийеси есапланады.

Сонлықтан, апелляция инстанция судыныӊ 2021 жыл 15 февраль күнги уйғарыўы менен биринши инстанция судыныӊ бийлиги өзгериссиз қалдырылған.

Жуўмақлап айтқанда, үй-жай тартыслары менен байланыслы ислердиң материаллық ҳәм процессуаллық нызам нормаларына әмел еткен ҳалда көрилиўи пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Абдимурат Керимбаев,  

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы