“Меҳрибан әкеге” 23 жыл қамақ жазасы тайынланды

М.Р. 1984-жылы Д.А. менен рәсмий некеден өтпестен, турмыс қурып ерли-зайып болып жасап келеди. Сол ўақытта туўылған төрт перзентин өмирлик жолдасы Д.А.ға қалдырып, 2004-жылы жумыс ислеп пул табыў ушын Россия Федерациясына кетип, шаңарағын материаллық жақтан тәмийинлеместен ҳәм олардан хабар алмастан, 2019-жылы декабрь айында Россия Федерациясынан жасаў үйине қайтқанынан кейин де жумыс ислеп, шаңарағын материаллық жақтан тәмийинлеў иләжларын көрместен, ишиўшиликке берилип кетеди. Ҳәр күни үзликсиз спиртли ишимликлер ишип, мәс ҳалында ҳеш бир себепсиз, тез-тезден шаңарағында урыс-жәнжел шығарады.

М.Р. өмирлик жолдасы Д.А.ның атында ҳәм оған тийисли болған үйде бирге жасап, 2021-жыл 28-апрель күни саат 09:00 ларда спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында, өз үйинде турмыс жолдасы Д.А. менен арзымаған себеп үстинде урыс шығарып, келип шыққан жәнжел үстинде ҳаялы Д.А.ны қастан өлтириў мақсетинде үйдиң мийманханасында стол үстинде турған жасыл-қара реңли, пластмасса устағышлы жәми узынлығы 29,5 см., кесиўши бөлеги 18,5 см. болған асхана пышағы менен, Д.А.ниң дус келген жерине, яғный жүзине, көкрегине, бели ҳәм арқасына пышақ пенен жәми 7 мәртебе урып, 05.05.2003-жылы туўылған жас өспирим қызы А.Р.ниң көз алдында өте реҳимсизлик пенен қастан өлтиреди.

Жоқарыдағы ҳәрекетлери менен судланыўшы М.Р. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси 97-статьясы 2-бөлиминиң “ж” бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислеген.

Буннан кейин де М.Р. өзиниң жынайый ҳәрекетлерин даўам еттирип, анасы Д.А.ны әкесиниң қолынан қутқарыў ушын жәрдем бериў мақсетинде келген 05.05.2003-жылы туўылған жас өспирим қызы А.Р ны қолындағы асхана пышағы менен дус келген жерине яғный, көкирек бөлими ҳәм көкирек бөлиминиң арқа тәрепине жәми 8 мәртебе урып, тәкирәран өте реҳимсизлик пенен қастан өлтирген.

Жоқарыдағы ҳәрекетлери менен судланыўшы М.Р. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси 97-статьясы 2-бөлиминиң “г,ж,р” бәнтлеринде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислеген.

Жынаят ислери бойынша Тақыятас район судының суд қурамы, судланыўшы М.Р. ға жаза тайынлағанда, нызамлылық, инсаныйлық, әдиллик ҳәм жуўапкершиликтиң болмай қалмаўы принциплерине әмел етип, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң
97-статьясы 2-бөлиминиң “г,ж,р” бәнтлери менен 23 (жигирма үш) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасын тайынлады.

 

Арман Кощанов,

Жынаят ислери бойынша Тақыятас район судының баслығы