Бажыхана төлемлерин төлеў бойынша миннетлеме

Даўагер Бажыхана басқармасы судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер ЖШЖ түриндеги қоспа кәрханадан 425 479 580,24 сўм бажыхана төлемлерин өндириўди сораған.

Биринши инстанция судының 2021 жыл 12 октябрь күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қанаатландырылған.

Ҳал қылыў қарарына наразы болып қоспа кәрхана апелляция тәртибинде арза берген.

Истеги анықланған жағдайларға қарағанда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019 жыл 15 февраль күнги “Боян тамыр ҳәм басқа дәрилик өсимликлерин жетистириў ҳәмде санаат усылында қайта ислеўди нәтийжели шөлкемлестириў менен байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 138-санлы қарарының 9-бәндине тийкар боян тамыр ҳәм басқа дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў шөлкемлери бирлеспесиниң ағзаларына өзлериниң ислеп шығарыў мүтәжликлери ушын республикада ислеп шығарылмайтуғын ҳәм алып келинетуғын технологик үскенелер, арнаўлы аўыл хожалығы техникалары, олардың комплектлеўши буйымлары ҳәм аўысық бөлеклери, шийки затлар, материаллар, соның ишинде қурылыс материаллары, боян тамыр ҳәм басқа дәрилик өсимликлер туқымлары ҳәм нәллери, сондай-ақ ушыўсысыз ушыў аппаратлары ушын 2024 жыл 1 январьға шекем болған мүддетке бажыхана төлемлеринен (қосылған қун салығы ҳәм бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилген.

Қоспа кәрхана тәрепинен Қытай Халық Республикасында жайласқан “SHANDONG SHIFENG (GROUP) CO., LTDдан импортқа алып келинген, фактура баҳасы 36440 АҚШ доллары болған 3 дөңгелекли, өзи аўдарыўшы (самосвал), модели Shifeng 7YP-1750D-6 болған 8 дана транспорт қуралларын бажыхана жүк декларациясына тийкар рәсмийлестирип, бажыхана төлемлеринен азат етилген ҳалда “Еркин айланысқа шығарыў” (Импорт) бажыхана режимине рәсмийлестирген.

Бажыхана басқармасы тәрепинен товарлар шығарылып жиберилгенинен кейинги бажыхана бақлаўы өткерилгенде сырт елден алып келинген товарлар 138-санлы қарарда белгиленген талапларға жуўап бермеслиги, атап айтқанда товарлар арнаўлы аўыл-хожалығы техникасы болып есапланбайтуғынлығы анықланған.

Қоспа кәрхана  алып келинген товарлар арнаўлы аўыл-хожалығы техникасы категориясына жатауғынлығын, бул ислеп шығарыўшының қолланбасында көрсетилгенлигин тийкар етип, есапланған бажыхана төлемлерин төлеўден  бас тартқан.

Бирақ, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги қасындағы Х.Сулайманова атындағы Республика суд экспертиза орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң берген экспертиза жуўмағы менен “7YP-1750D-6” маркалы үш дөңгелекли өзи аўдарыўшы техникалар мототранспорт қуралларына тийисли L5 категориядағы трицикл болып, транспорт техникаларында арнаўлы функцияларды орынлайтуғын қурылмалар жоқлығы себепли арнаўлы аўыл хожалығы техникасы болып есапланбайтуғынлығы анықланған.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросаноат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының мағлыўматнамасында көрсетилген транспортлар “Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросаноат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы тәрепинен қадағаланатуғын ҳәм техникалық көрикке тартылатуғын аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол-қурылыс техникалары, оңлаў ҳәм сервис әсбап-үскенелери түрлери”ниң дизиминде жоқ екенлиги, сондай-ақ аўыл хожалығы техникасы, тракторлар, өзи жүрер машиналар яки арнаўлы техникалар маркасына киритилмегенлиги ҳәмде инспекцияда мәмлекетлик дизимге алынбағанлығы көрсетилген.

Сонлықтан, биринши инстанция суды қоспа кәрхана  бажыхана төлемлеринен жеңилликке ийе емес деп тапқан ҳәм бажыхана төлемлерин өндириў ҳаққында қарар қабыллаған. Апелляция инстанция судының қарары менен ҳал қылыў қарары өзгериссиз қалдырылған.

 

 

Гаўҳар Зарипова,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы