Неустойка ҳаққындағы келисим жазба түрде дүзилиўи керек
Даўагер “AA” жуўапкершилиги шекленген жәмийети жуўапкер Жоллардан пайдаланыӯ унитар кәрханасының аўызеки тапсырығына тийкар 4Р176 “Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир” автомагистраль жолының 110,5-114 км аралығындағы пиядалар өтиў жолында бетон қуйыӯ жумысларын ислеген. 2020 жыл 25 сентябрь күни жуўапкер даўагер жәми 1992,4 метр тротуардың бетон қуйыӯ жумысларын ислегенлиги ҳаққында дәлалатнама дүзген. Исленген жумыслардың баҳасы даўагер тәрепинен бир тәреплеме тастыйықланған есап-фактураға қарағанда 234 529 082 сўмды қураған.
Буннан соң, тәреплер ортасында 2021 жыл 6 январь күни баҳасы 2 000 000 000 сўм болған субпудрат шәртнамасы дүзилген.
Жуўапкер исленген жумыс көлемин қабыллаўдан ҳәм оның ҳақын төлеўден бас тартқанлығы себепли даўагер даўа арза менен судқа мүрәжат етип, жуўапкерден 234 529 082 сўм қарызы ҳәм 117 264 541 сўм пеня өндириўди сораған.
Биринши инстанция судының 2021 жыл 14 октябрь күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қысман қанаатландырылған, жуўапкерден даўагер пайдасына 234 529 082 сўм қарызы өндирилген, даўаның пеня өндириўди сораған талабы қанаатландырыўсыз қалдырылған.
Шешиўши қарарға наразы болып жуўапкер апелляциялық тәртипте арза берген. Апелляциялық арзасында ҳал қылыў қарарын бийкар етип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында жаңа шешим қабыллаўды сораған.
Бирақ, исти апелляция инстанциясында көриў даўамында жуўапкер даўагердиң ислеген жумыс көлемин счёт-фактура менен қабыллап алған ҳәм қарызын бир ай мүддете төлеп бериўин билдирген, бирақ унитар кәрхананың кредиторлар алдында 3 миллиардтан аслам қарызы барлығын итибарға алып пеняны өндирмеўди сораған.
Даўагер болса суд мәжлисинде бул объектте ислеп зиян көргенлиги себепли есапланған пеняны толық көлемде өндирип бериўди сораған.
Өзбекстан Республикасының Пуқарадлық кодексиниң 262-статьясына муўапық, неустойка туўрысындағы келисим жазба түрде дүзилиўи керек.
Даўагер қурылыс жумысларын жуўапкер менен жазба түрде шәртнама дүзбестен, оның аўызеки тапсырмасына тийкар орынлаған.
Жуўапкер даўагер алдында пеня төлеў миннетлемесин алмаған.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2016 жыл 23 декабрь күнги “Экономикалық судлар тәрепинен қурылыс пудраты шәртнамасынан келип шығатуғын даўларды шешиўде нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери туўрысында”ғы 306-санлы қарарының 2 ҳәм 2.3-бәндлеринде қурылыс пудраты шәртнамасы буйыртпашы ҳәм пудратшы ортасындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы тийкарғы ҳүжжет есапланатуғынлығы, қурылыс пудраты шәртнамасында әҳмийетли шәртлер көрсетилмесе шәртнама дүзилмеген деп есапланыўы, егер бундай ислердиң орынланғанлығы усынылған дәлиллер менен дәлилленсе, орынланған ислердиң баҳасын өндириў ҳаққындағы талапты қанаатландырыўсыз қалдырыўға тийкар болмаслығы, бирақ бундай қурылыс пудраты шәртнамасы шәртлери ҳәм (яки) нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жуўапкершилик шарасын (неустойка, пайызлар өндириў, зиянды қаплаў) қоллаў туўрысындағы талап қанаатландырыўсыз қалдырылатуғынлығы түсиндирилген.
Сонлықтан, биринши инстанция суды даўагердиң ислеген жумысының баҳасын өндирип, ал даўаның пеня өндириўди сораған талабын тийкарсыз деп таўып, бул талапты қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында дурыс жуўмаққа келген.
Апелляция инстанция судының қарары менен шешиўши қарары өзгериссиз қалдырылған.
Гаўҳар Зарипова
Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы